Жеке исбилермен, миллий саз әсбарларын кәмине келтирип ислейтуғын Азатбай Отарбаевты республикамызда көпшилик таныйды. Себеби, өнерли уста қарақалпақ миллий саз әспабларын шертип және оларды кәмине келтирип соғып Өзбекстан, дүнья жүзиндеги көргизбелер менен жарысларда елин танытып жүрген пидайы адамлардың бири.
Ҳағынан келетуғын болсақ, ата-бабаларымыздың арасында қолынан өнери тамып, дуўым журт таныйтуғын усталар шәкирт таярлаўда, өз өнерин көпшиликке үйретиўди онша хош көрмеген, буны ырымға жойып, ең тил алғыш, келешекте усы кәсипти меңгерип кетеди аў деген шәкиртлерине пәтиясын берип, өнерин мийрас етип қалдырған.
Лекин, биз сөз етип отырған Азатбай Отарбаев, керисинше ески ата-бабаларамыздан мийрас болып қалған миллий саз әспабларымызды соғыўды көпшиликке үйретиўге бел байлаған. Бундағы мақсети, бул өнерди кеўлинде интасы, усташылықтан хабары бар шәкиртлерге үйретип барыў арқалы, ата-бабаларымыздан шынжырма-шынжыр байланысып киятырған миллий саз әспабларды соғыўды даўам етиў, соның менен бирге бул әспаблардың өмирин узайтып, келешек әўладқа жоқ етпестен жеткериў еди. Азатбай Отарбаев Нөкис көркем-өнер колледжинде оқыўшыларға миллий саз-әспаблардың жаралыў сырын үйретиў менен бирге, өз үйинде миллий саз әспабларды соғып барыў ушын жеке исбилерменлик пенен де шуғылланып келмекте.
Өнермент ағамыз өз мийнети, тил алғышлығы, қарақалпақ халқының дәстүрлерине деген ҳүрметиниң арқасында көп ғана табысларды қолға киргизди. Ол 2010-жылы Өзбекстан көлеминде өткерилген «Ташаббус» таңлаўында ең жақсы өнермент шаңарақ номинациясы жеңимпазы болған болса, 2013-жылы усы таңлаўда үшинши орынды алды. Оның мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен де жоқары баҳаланды. 2008-жылы «Шухрат» медалы менен сыйлықланған болса, өткен 2013-жылы өнерментлер арасында биринши болып Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен көркем-өнер ғайраткери атақларын алды.
Үрип-әдетлермизди сақлап қалыў, миллий саз әспабларымызды жыйнаў, оны соғыўды үйрениўге болған интасын көрип халқымыз арасында усындай инсанлардың көбейе бериўине тилеклес болып қалғың келеди. Оның мына гәплери де бизиң пикиримизди дәлиллеп турғандай. – Ең дәслеп музыка училищесинде оқып жүрген гезлеримде устазымыз Қурбанбай Ещановтан дуўтар соғыўдың сырын үйрендим. Кейин ала болса устаздың үйинде жатып дуўтар соғыўды үйрене басладым. Қобыз, гиржек, қамыс най, баламан ислеўди де үйрендим. 25 түрли саз әспаб соғып көрдим. Халқымыздың арасында ата-бабаларымыз той-мерекелерде шертип кеўил көтерген саз әспабларды соғыўды үйрениў ушын республикамыздың бир қатар районларында болдым. Шоманайда болғанымда бир апамыздың еске түсириўи менен ғартық деген саз әспабты соғыўды үйренип алдым. Тахтакөпирде болып өткен таңлаўда миллий саз әспабымыздың сегиз түрин шертип шыққанымда ҳәмме ҳайран қалып, биринши орынға миясар болған едим. Әсиресе, бизиң саз әспабларымызға шет еллилер қатты қызығады, шертип көргиси келеди. 2012-жылы 3-15-июнь аралығында Қытайдың Пекин қаласында болып өткен көргизбеде өз мийнетлерим менен қатнастым. Сонда жергиликли халықта, басқа еллерден келген мийманларда бизиң саз әспабларды шертип көриўге ҳәрекет етип, апарған затларымыздың барлығын сатып алып қалды. Мениң пикиримше,саз әспабларымыз бенен миллий әспаб үскенелерди соғыўды жасларымызға кеңнен үйретип барыўымыз керек. Сонда ғана оларды сақлап қаламыз ҳәм келешек әўладқа жеткере аламыз, - дейди Азатбай Отарбаев өз пикирин төгип салып.
Туўры өнермент ағамыздың айтканы бирден әмелге аспады. Себеби, көп шәкирт таярлап, өнер үйретиў ушын үйиндеги устаханасы тарлық етти. Лекин, ағамыздың ҳақ нийети 2012-жылы әмелге асты. Сол жылы халықаралық ЮНЕСКО шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасының гранты тийкарында барлық қолайлықларға ийе устахана қурып берилди. ЮНЕСКО ның баслы талабы болса, миллий саз әспабларды соғыўды үйретиў бойынша тренинг шөлкемлестириў ҳәм оны алып барыў Азатбай Отарбаевқа тапсырылған еди. Усы мақсетте, ЮНЕСКО ның Өзбекстандағы ўәкилханасы ҳәм «Тадбиркор аёл» Өзбекстан исбилермен ҳаял-қызлары ассоциациясының бирге ислесиўдеги «Дәстүрий саз әспаблары» деген атамада тренинг шөлкемлестирилди. Бир ҳәпте даўам еткен тренингте республикамыз районларынан 12 адам қатнасты.
- Тренинг даўамында дуўтар соғыў сырын ЮНЕСКО тәрепинен берилген үскенелердиң, оқыў қуралларының жәрдеминде үйретип бардым. Тийкарынан тренингте усташылық өнери менен шуғылланып жүрген жаслар қатнасты, дейди Азатбай Отарбаев.
Устаның гәпинен сол тренингте қатнасқан оқыўшылардың көпшилигинде дуўтар соғыўға болған интасы артқанын аңладық. Еки шәкирти дуўтар соғып алып келип көрсеткенин де жасырмады.
- Мен бурын дуўтар соғып көрмеген едим. Тренингте қатнасқаннан соң миллий саз әспабларды соғыўға деген интам артты. Бир соғып алып келип Азатбай ағаға көрсеттим. Ол соққан дуўтарымды мақуллады. Тренинг питкеннен соң да ағамызға келип мәсләҳәт алып турамыз. Мәсләҳәт бериўден ҳеш жалықпайды, дейди мойнақлы Мурат Сағыйдуллаев.
- Тренинг мениң ушында әҳмийетли болды. Миллий саз әспабларымызды соғыўға деген интамды және де арттырды. Сол жылы Өзбекстан либерал демократиялық партиясы тәрепинен шөлкемлестирилген «исбилермен оқыўшы стипендия» сын жеңип алдым. «Камалат» жаслар жәмийетли ҳәрекетиниң бир қатар таңлаўларында қатнасып жеңимпаз болдым, - дейди нөкисли Бахрам Отарбаев.
Буннан соң болса, Азатбай Отарбаев «Тадбиркор аёл» Өзбекстан исбилермен ҳаял-қызлары ассоциациясы тәрепинен республикамыздың Шоманай, Қанлыкөл, Хожели районынан келген жас усталарға шөлкемлестирген бир ҳәптелик семинар-тренингинде миллий саз әспабларымыздың сувенир түрин ислеўди үйреткен.
Азатбай Отарбаев пенен ушырасыўымыз қыстаўлы жағдайда өткен болса да, ондағы миллий саз әспабларымызды соғыўдың сырларын жасларға үйретип барыў арқалы оларды сақлап қалып, келешек әўладқа жеткериўге болған мақсети пидайылық деп санасақ болады.
Ҳүрмет Атажанов,
Журналист.
Сүўретлерде: Азатбай Отарбаев жумыс пайытында.
Шәкирти Бахрам Отарбаев.
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...