Бизиң регионымызда суўдың қәдири Арал теңизиниң қурыўы менен бир нешше есе артты.
Әсиресе, Қарақалпақстанның суў менен тәминлениўине тиккелей тәсир ететуғын Әмиўдәрья суўының төменлеп кетиўи регионда экологиялық машақала менен бирге экономикалық машқалаларды да пайда етти. Республикамыздың экономикалық дәрежеси аўыл хожалығынан алынатуғын өнимниң жоқары яки төмен болыўына да байланыслы. Себеби аўыл хожалығы толығы менен суўғармалы дийханшылық пенен жумыс алып барады. Демек, суўдың қәдири, баҳасы аймақ халқы ушын қанша дәрежеде әҳмийетли екени өз-өзинен белгили.
Кейинги жыллары суўғарылып егилетуғын дийханшылықтан алынатуғын өнимниң муғдары кемейип кетиўи егислик майданлардың шорланыўы дәресиниң жоқарылаўы тәсиринен болып атырғанлығын илимпазларымыз атап өтпекте. Жердиң шорланыў дәрежесин кемейтиў, шорланған майданда агротехникалық қәделерди туўры алып барыў менен өнимдарлықты арттырыў республикамызда бирлемши бағдар сыпатында қаралмақта.
Әсиресе, мәмлекетимиз президенти И.Кәримовтың 2007-жыл, 29-декабринде қабыл еткен «Жерлердиң мелиоратив жағдайын жақсылаў системасын түп-тийкарынан такомиллаштириш илажлары ҳаққындағы» Пәрманы ҳәм Өзбекстан республикасы Министрлер Кабинетиниң «Суў ресурларын есапқа алыў, ақылға уғрас пайдаланыў, оннан үнемлеў ҳәм нәтийжели пайдаланыў» мәселери бойынша қарарлары суўдан үнемли пайдаланыўдың жаңа технологияларын дийқаншылыққа енгизиўге тийкар жаратып берди.
Дийханшылықта шорды шайып суўғарыў, ғаўашаны муғдардан зыят суўғарыў жердиң өнимдарлығының кемейиўине алып келеди. Бул жағдайды республикамыздың бир қатар аймақларында гүзетиўимизге болады. Бизиң илимпазларамыз тәрепинен ПРООН-ГЭФ жойбары тийкарында топырақта жүз беретуғын тәбийий процесслерди жеделлестириў арқалы заманагөй технологиялары енгизилип атыр. Бул технология жерге нолик ислеў бериў деп аталады. Жойбар тийкарынан республикамыздың Қанлыкөл районында әмелге асырылған. Бул жойбарды әмелге асырыў ушын бразилиядан арнаўлы SA-11500 сеялкасы алып келинген. Сеялка жәрдеминде сүрилетуғын топарыққа лазер планировка ислеў мүмкин.
- Жердиң тегис болыўы ушын сүрместен алдын лазер жобаластырғышы арқалы жобаластырып алыў лазым. Бундай жобаластырыў бир тегис нәл алыў ҳәм суўды үнемлеўге тәсирин тийгизеди. Буннан соң болса үлкен биоаўырлыққа ийе өсимликти таңлаў лазым. Себеби, өним жыйнап алынғаннан соң биоаўырлық яғный бийдай сабаны атызда қалады. Сабаннан пайда болған қатлам жердеги ығаллықты сақлап қалады. Бундай технологияны қолланыў ушын қыслық бийдай қолайлы келеди. Жобаластырыўдан соң таңлап алынған майданға SA-11500 сеялкасы жәрдеминде бийдан тухымы себиледи,-дейди усы жойбардың ағзасы Аман Мәмбетназаров.
Жойбарды әмелге асырыўда илимпазлар ең алды менен бул технологияның экономикалық нәтийжелилиги менен бирге жерди суўғарыўға жумсалатуғын суўдың муғдарының үнемлениўине итибар қаратты. Себеби, бизиң шараятымызда бир грамм үнемленген суў алтын менен тең. Ноллик жерге ислеў бериўдиң нәтийжелилигин жойбар ағзасы А.Мәмбетназаров үш бағдар тийкарында көрсетип берди: «Бириншиден, қурғақ климаттың үстемлиги артып баратырған ўақытта жердиң ығаллығын сақлап қалып, суўғарыў ушын жумсалатуғын суўды үнемлеп қалыў, бул суў там-тарыслығы шәраятында жүдә әҳмийетли есапланады. Екиншиден, бүгинги күндеги жерге ислеў бериў технологиясы жердиң эррозияға ушырап, өнимдарлықтың кемейиўине алып келеди. Топырақ өнимдарлығының төменлеўи топыраққа органикалық масса есапланған өсимликтиң қалдығы арқалы тикленеди ҳәм топырақтың биологиялық көп түрлилиги сақлап қалынады. Үшиншиден, өсимлик қалдығы топырақтың өсимликтиң тамыры жайласатуғын қабатының шорланыўын кемейтеди, жер асты суўының пуўланыўының алдын алады. Төртиншиден, фермерлер ушын ең әҳмийетли факторлардың бири, бул технологияның қолланылыўы топырақты ислеў ушын пайдаланылатуғын шығынды кемейтеди. Бул өз гезегинде аўыл хожалық өниминиң өзине түсер баҳасын төменлетеди, пайда мол болады. Жойбар тийкарында алып барылған нәтийжелер соны көрсетти, топарықтың бетинде бийдай сабанының сақланыўы, бийдай сабаны жыйнап алынған жерге салыстырғанда дуздың муғдары 1,6-4 есе кем болады,-дейди ол.
Бизиң жергиликли фермерлер ушын суўдан үнемли пайдаланыў жүдә әҳмийетли. Себеби, кейинги жыллары тез-тез қайталанып турған суўдың там-тарыслығы дийқанларымызды ата-бабаларымыздың қолланған усылларын жерди ислеўде, өнимди егиўде пайдаланыўға мәжбүр етпекте. Лекин, атап өтилген жойбар тийкарында алып барылған жумыслар илимий тәжирийбелер тийкарында дәлилленген. Әсиресе, жерге ноллик ислеў бериўде 1 гектар жерден алынатуғын бийдайдың муғдары 23,3 центнерден 23,9 центнерге артқаны тәжирийбелердиң нәтийже бергенинен дәрек береди.
Атап өтилген жойбардың нәтийжеси Қарақалпақстандағы фермер хожалықлары тәрепинен пайдаланылса суў там-тарыслығы жағдайында өнимдарлықты жоқары қөрсеткиште сақлап қалыў ушын имканият жаратады. Әмиўдәрьяның аяғында жайласқан республикамызда бундай технологиялардың кең түрде қолланылыўы халқымыз арасында суўға болған ҳүрметти және де арттырады.
Хурмет Атажанов.
Журналист
Сүўретте: Тәжирийбе майданынан көринис
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Туўылған жерим
Тек сенде туўылдым, камалға келдим, Ашық аспаныңды көрди бул көзим, Топырағыңда қалды дәслепки изим, Бийбаҳамсаң,анамсаң туўылған жерим,...