Келмедиң сүйгеним умыттың бизди
Буннан артық жаза барма дүняда?
Бәрине қайылман суўытпа изди.
Не ушын? не ушын? қыйнайды саўал
Ўақтыңда қәдириң биле алмадым.
Бәлким болған шығар менменге заўал,
Мухаббаттың кийесине ушрадым.
Бәри алтын емес жылтырағанның,
Дегениңде неге қулақ салмадым.
Билмедим мухаббат зарын тартарым,
Тек өзиң едиң ғой кеўилим де барым,
Сүйдим сүйгенимди жасырар едим,
Еледе көбирек жалынсын дейип,
Бүлбиллердиң санын арттырар едим.
Қызғанып жанымнан шықпасын дейип.
Билмедим шыдамның шегиниң барын,
Қасты қояман деп көзди шығардым.
Айралықтың тартып аўыр азабын
Көзлерим жолыңда кеўилимде барым.
Гөззал Ибраймова.
Мухаббат дәрти
Жаслығымның гөззал бир кешесинде. Ушраттым кеўилим аңсаған қызды Қарап көзлерине көзим түскенде Жүрегим үзилип кеткендей болды...
Жуўапсыз мухаббат
Мен сизди сүйемен сүйгеним рас Сиз мени ҳеш қашан сүймесеңизде Күте-күте көзлерим талыпты бираз, Бул дүняға қайта келмесеңизде....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Иләҳий сезим
Мухаббат бул-иләҳий сезим, Қашан келер буны билмейсең, Қыялыңды жаўлаған жигит, Сөз салғанда көзге илмейсен....
Кешир мени
Кеширалсаң кешир мени сүйгеним, Тағдир сынар екен буны билмедим. Ерип душпанымның жалған сөзине, Тойымызға разылық бермедим....