Австралия (Океания менен бирге) –Жер шарындағы ең киши материк. Оның майданы 8,89 млн км2. Халқының саны 19 млн.
Амазонка дәрясы - дүньядағы ең суўы мол дәрья. Қубла Америкада жайласқан.
Анд таўлары - дүньядағы ең узын ҳәм ең бәлент таў. Оның узынлығы шама менен 9000 км, ал бәлентлиги болса 6960 метр. Ени 800 км Ге шекем жетеди. Қубла Американы узынлығы менен батыс тәрепин орап турыпты.
Анхел сарқырамасы - дүньядағы ең бәлент ҳәм ең белгили сарқырамалардың бир. Оның бәлентлиги 1054 метр. Қубла Америкада жайласқан.
Анаксимандр - Ең биринши болып шама менен милоддан алдынғы 611-545-жылларда космостың геоцентрик моделин, географик картасын дүзген Юнон философы.
Антарктида - планетамыздағы ең бәлент материк. Оның отраша бәлентлиги 2200 метрден зыят.
Археоптерикс (ең бириши қус)- Қуслардың жер жүзиндеги ең қәдимги (мезазой эрасының юра дәўири ақырларында пайда болған) қырылып кеткен түри. Оның бүгинги күнде Зағизған үлкенлигиндеги бир түри ғана бизге белгили.
Байкал - дүньядағы ең терең көл. Оның ең терең жери 1620 метрге шекем жетеди. Ол Россия мәмлекетиниң Шығыс Сибирдиң қубла бөлиминде жайласқан. Оның майданы 31,5 мың кв. км. Болып, суўы жүдә ашшы.
Бетелгейзе - Космоста көринип турған ең жақты жулдызлардан бири. Жерден 300 жақтылық жылы (9 х 41012 км) узақлықта жайласқан. Ол қуяштан 360 мәрте үлкен, реңи қызыл.
Экзосфера - атмосфераның ең сийрек сыртқы қатламы. 450-800 км бәлентликтен басланады. Бул жерде тийкарынан жердиң радиацион бөлими жайласқан.
Эратосфен - «География» терминин пәнге биринши болып кириткен, математик. Соның менен бир қатарда Жер жүзиниң абат бөлиминиң (ойкумена) картасын сызған грек алымы.
Гренландия - дүньядағы ең үлкен атаў. Арқа Американың арқа-шығысында, Арқа Муз океаны ҳәм Атлантика океаны аралығында жайласқан. Дания мәмлекетине қараслы. Оның майданы 2166,1 мың кв.км.
Гималай таўлары - Жер шарындағы ең бәлент таў дизими. Ҳиндистан, Қытай, Непал, Бутан, Пакистан жереринде, арқада Тибет таўлары менен, қублада Ҳинд-Ганг тегислиги аралығында жайласқан. Оның узынлығы 2400 кмден аслам, ени боса 35- кмге шекем жетеди. Ең бәлент шоққысы Эверест болып, оның бәлентлиги 8848 метр.
Колибри - Жер жүзиндеги қуслардың ең кишиси. Айырымларының үлкенлиги ҳәррелердикиндей болады. Тез ушады. Аўырлығы 20 грамм. Таў, тегислик, тоғай, бағ ҳәм ҳәттеки шөллерде де жасайды. Жерде жүре алмайды. Тийкарынан Орайлық ҳәм Қубла Амеркиада, айырымлары Арқа Америкада тарқалған.
Есемуратова Сахибжамал
ҚМУ, журналистика тәлим бағдарының студенти
11.05.2013
Жалған сезимлер
Жасайсаң көзлеримниң қарасында Сенде мени еслейсеңбе арасында? Жүрегимди қыйнап, күйип-жанарман, Сен берген муҳаббаттың азабында....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....
Туўылған жерим
Тек сенде туўылдым, камалға келдим, Ашық аспаныңды көрди бул көзим, Топырағыңда қалды дәслепки изим, Бийбаҳамсаң,анамсаң туўылған жерим,...
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...