Қазақ эстрадасындағы өткен жылдың ең табыскер көркем-өнер хызметкерлери дизимин “Муззон” сайты менен “Форбс” журналы жәриялады. Демек бул дизимнен орын алған ең табыскер қазақ естрада жулдызларының рейтинги менен таныстырамыз.
Қайрат Нуртас
Бул Қазақстандағы ең табыскер қосықшы болып табылады. Ол 2015 жылы 2,5 миллион доллар табыс тапқан. Табысының ярымы гастроллик сапарлардан, әсиресе Қазақстан халық артисти Мақпал Жүнисова менен өткерген концерт бағдарламасынан түскен. Сондай-ақ кийим-кеншек сататуғын дүканыда табысына табыс қосқан.
Баян Есентаева
Қазақстандағы ең табыслы продюссер. Оның көплеген жобалары ҳәм дүзген музыкалы топарлары бар. Оның бир жыллық пайдасы – 1 млн доллар. Ол басқаратуғын бир ғана «Кешью» топарының өзинен бир жылда 500 мың доллар табыс табады екен. Сондай-ақ ол телесериал түсириў бизнеси мененде шуғылланады.
Бүркит ҳәм Аиша
Бул еки ерли-зайыплы қосықшылар бир жылда 1 млн ға шамалас пайда тапқан.
Асхат Тарғынов
2015 жыл Асхат ушын ең табыслы жыл болды. Бир ғана “Мария Магдалена” қосығы қосықшыға 960 мың доллар табыс алып келди. Оның қосығын көбинесе телефон пайдаланыўшылары еситкен. Әсиресе, усы қосық арқалы тойлардан көп пайда көрди.
Айқын Төлепберген
Ол 2015 жылы Қытайда да он еки рет концерт бағдарламасын берген. Оның бир жыллық табысы 600 мың долларды қурайды.
Серик Ибрагимов
Сахнада жүргенине бар жоғы үш жыл болса да, бул жас қосықшы шоу-бизнесте үлкен жетискенликке еристи. Бир жылда – 300 мың доллар пайда көрген.
Мақпал Исабекова
Мақпалдың бир жыллық табысы да 300 мың доллар. Ол баслы табысын актёрлик хызмети арқалы тапқан. Актриса ретинде көплеген фильмлерде бас рөллерде ойнаған.
Әли Оқапов
Әлидиң де бир жыллық табысы 300 мың долллар. Ол қосық айтыў менен бир қатарда режиссерлық тараўдан да өзин сынап көрмекте.
Дерек: вк сайтынан.
Өз тилинди умытпа!
Ана тил-қатнасық, молшылық табыс, Ана тил-қанаат ар менен намыс, Ана тил-сын сыпат, мисли бир нағыс, Қайда болсаң, өз тилиңди умытпа....
Төлемли социяллық тармақ ашылады
Интернет тармағында пайдаланыўшылар ушын төлемли социяллық тармақ ашылады. Бул тармақтан дизимнен өтиў 9000 АҚШ долларды қурайды. Ал социяллық тармақтың аты...
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Қарақалпақстаным
Қ-ушағыңда туўылып камалға келдим, А-на сүтин емип тәрбия көрдим, Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы, А-лла көз тиймесин бахтыма мениң....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....