Жас жетип, камалға толды,
Бағымдағы бир қарыс нәлше,
Үлкен терек мийўалы болды.
Бул дегени өтпекте ўақыт,
Өтип атыр әзийз өмиримиз,
Оннан мудам табыўға бахыт,
Жетер екен қылдай сабырымыз.
Қанша бизлер арқайын болсақ,
Ўақыт өтип барабереди,
Өмирдеги бахытсыз күнлер,
Бәри артта қалабереди.
Бәршесиниң даўасы ўақыт,
Умытамыз тәшўишлерди де,
Отырсақ биз ҳәсиретке батып,
Үлгермеймиз ҳеш бир ислерге.
Ашынбайық өткен ўақытқа,
Келешектиң ғамын шегейик,
Жасайық биз умтылып алға,
Саўаплы ис қылып кетейик.
Халқым мениң қайда барсада,
Өмиринде таўып жасасын бахыт,
Салмада суў ақпай қалсада,
Ҳеш тоқтамай өтеди ўақыт.
Бийбисара Худайназарова.
Көзлериң жас төкпесин!
Қыял еткен арзыўларың әрман болса, Жас кеўилиң ҳәсиретлерге толған болса, Сен исенген ҳақыйқат-ол жалған болса, Өтинемен, көзлериң жас...
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Жаңа жыл
Ғәрезсизлик басланғанлы елимде Еркинлик сезими жасар кеўилде. Мине бүгин жигирмаға толмақта Жаңа жылым бахыт берсин ҳәр үйге....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....