Усы жылдың 15 июнь күни атақлы қосықшы Жанна Фриске Москва қаласында қайтыс болды деп хабарлайды Super порталына силтеме берип www.megaline.uz сайты. 40 жаслы Жанна қәўипли мий аўырыўы менен кеселленип, қайтыс болған.
Жаннаға операция ислеўге болмайтуғын мий кеселлиги (онкологиялық кеселлик) диагнозы бир ярым жыл бурын қойылған еди. Сол ўақыттан берли Жаннаның ағайынлери оны көплеген емлеўханаларға апарып, емлетиўге ҳәрекет етти. Оны Германия, АҚШ, Қытай шыпакерлери емледи.
Нью-Йоркли Memorial Sloan Catering емлеўханасында узақ ўақыт емленгеннен соң 3 ай Латвиядағы емлеў орайына барып, ағайынлери менен бирге 40 жасын атап өтти. Соң Россияға қайтты.
Жанна Москва қаласындағы үйинде күйеўи Дмитрий Шепелев ҳәм улы Платон менен өмириниң соңғы мәўритлерин өткерген. Соңғы сәўбетлериниң биринде ол кеселлигин жеңиўге исениўин айтқан еди.
Қосықшының жақын достысы, Ольга Орлова өзиниң социяллық тармақтағы бетинде “Хош бол, сулыўым... Сен мәңгилик мениң жүрегимдесең... Мен сени жақсы көремен...” деп жазды.
Төлемли социяллық тармақ ашылады
Интернет тармағында пайдаланыўшылар ушын төлемли социяллық тармақ ашылады. Бул тармақтан дизимнен өтиў 9000 АҚШ долларды қурайды. Ал социяллық тармақтың аты...
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Қарақалпақстаным
Қ-ушағыңда туўылып камалға келдим, А-на сүтин емип тәрбия көрдим, Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы, А-лла көз тиймесин бахтыма мениң....
Мухаббат дәрти
Жаслығымның гөззал бир кешесинде. Ушраттым кеўилим аңсаған қызды Қарап көзлерине көзим түскенде Жүрегим үзилип кеткендей болды...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....