Жигит пенен қыз бирин-бири қатты унатады, олардың мухаббатының алдында ҳеш қандай тосық жоқ еди, жыллар өтеди, айлар өтеди қыз бир күни жигитке бир нәрседен қорқып турғандай қарап турады. Сонда жигит –Не болды кейпиятың жоқ –дейди. Сонда қыз жигитин қушақлап көзина жас алып –Мени өзиңиз бенен алып кетиң үйдегилер мени басқа биреўге бережақ-дейди.
Жигит жағдайды жақсы түсинеди ҳәм күлимсиреп –Сен буйым емессен-ғо қәлеген адам алып кете беретуғын-дейди. –Туўры, бирақ мениң ата-анам ҳеш ким менен ойласпай нан сындырып келисип қойыпты. Кеше еситтим, ертең ушырасыўым керек екен жигит пенен, үйдегилерге қайтып жалынсамда түсинбеди. Ҳәттеки ол жигиттиң өзинде, түринде билмеймен –дейди қыз.
Солай етип, екеўи узақ ўақыт сөйлеседи, ҳәм үйлерине қайтады.
Ертесине жигит сүйген қызы ҳәм оның болажақ күйеўиниң ушырасатуғын жерине барады. Узақтан қарап турар екен жигит өзинде оларға жақынласатуғын күш таба алмайды. Қыз болса өзиниң сүйген жигитин келип қалыўына үмит етеди, жан-жағына қарайды. Болажақ күйеў қызды өзине қаратыў ушын ҳәр түрли гәплер менен оның кеўлин алыўға ҳәрекет етеди, қызды күлдирер, оны илажи барынша сөйлетиўге ҳәрекет етер еди.
Жигит булардың ҳәрекетлерин көрип «Жаным кешир маған турмысқа шығып өмириңди қуры өткизесең, сени бахытлы қылатуғын усы жигит шығар. Бахытлы бол жаным» деп ишинен оған бахыт тилеп кетеди.
Үш күннен соң қыз оған хат жазады «Жаным сизди сағындым, бүгин кеште күндеги жерге келиң»-дейди. Жигит кеште барып олардың мухаббат деп ат қойған жерине барады ҳәм қызды күте баслайды. Қыз келмейди, ертесине және барады, қыз жоқ. Қайтарда қыздың үйиниң алдынан өтеди тым-тырыс жигит ҳайран. Және үш төрт күн өзлериниң мухаббат бағына барып қызды күтти сонда да қыз жоқ. Бир күни және сол жерге барар екен өзинен өзи ишинен «Егер бүгинде келмесең мени таслап кеткениң»-деген ойда жолда кетип баратырғанда алдынан бир жорасы шығады. Ҳәм қыздың турмысқа шығып кеткенин айтады. Жигит қатты қыйналады себеби өмирдиң оған берген дәртине қосымша және бир дәрт қосылғаны еди.
Және айлар жыллар өтеди, қыз оның кеўлинен сирә кетпес еди. Жигит ҳеш ким менен сойлеспес, бурынғы шоқлықлары, ҳәзиллери орнын айралық азабы ийелеген еди. Жигит өмирдиң бул сынақларына шыдай алмай түнлери уйқлай алмас, қолына қағаз ручка алып бир нәрселерди шызбайлар еди. Бир күни жигит қыял сүрип жерге қарап кетип баратырғанында, биреў оның қолынан услап қалды. Жигит қулап түсиўине сәл қалып оған қарар екен сол баяғы өзиниң сүйген қызы, қолында кишкене бөпеси бар күлип қарап тур. Жигит қыздың көзине қарар екен өзине деген мухаббатты таба алмады, оның көзлери енди басқаны дер еди. Қолындағы кишкене бөпесиниң бетин өзиниң бетине тийгизип күлимсиреп «Маған қусайма»-деп күлип қойды ҳәм енди сизда үйлениң сизди мынандай периште күтип жүр деп баласын көрсетти.
Жигит -маған енди ким тийеди-деди. Қыз болса –Бәри жақсы болады, аман болың деди де кетиў ушын бир еки адым жүргенинде. Жигит артына қарап –ЖАНЫМ –деди. Қыз артына қарар екен жигит оған төрт бүкленген қағазды берди де балдағына сүйенип және жерге қарап кете берди. Қыз қағазды ашып жол бойы оқып баратыр қағазда:
Еслейсенбе, сол күни, бағда бирге жүргенде.
Әсте услап қолыңнан, сени сүйдим дегенде.
Мухаббатым қабыллап, менде сүйемен дедим.
Жүрегимди жаралап қайларға таслап кеттиң.
Күттим сени сол күни, сол ақшам сол бир түни.
Аспандағы айдан мен сорап изледим сени.
Айрылдым мен өзиңнен, қарап тоймас жүзиңнен.
Бахыт излепсен жаным, саған бахыт тилеймен.
Еслейсенбе ҳәр ақшам, жаныңа мен барғаным.
Қолларыңды мойныма еркелеп сен қойғаның.
«Сенсиз маған өмир жоқ, таслап кетпе мени» деп.
Қайда кетти сол күнлер, жаным айт сен не себеп.
Күттим сени сол күни, сол ақшам сол бир түни.
Аспандағы айдан мен сорап изледим сени.
Айрылдым мен өзиңнен, қарап тоймас жүзиңнен.
Бахыт излепсен жаным, саған бахыт тилеймен.
Мирбек.
сүўрет: foto-amur сайтынан.
Достыма жуўап
Дос деўгеде енди бармайды тилим, От болып өртенди бүгин кеўилим, Жигит пенен қызлар дос бола алмас Жақсы қалың, достым сөнди үмитим....
Сиңлим ҳәм мен
Отырсам радиодан жаңалық еситип, Жас жигит қосығын айта баслады. Деген ўақта «Тек бир мәрте гөгек бер» Сиңлим ҳайран болып саўал таслады....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Жигит журты
Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...
Өзиң гүлсең…
Көркемликте теңсиз жигит жүдә гөззал қызға кеўил берипти. Еки жас муҳаббаты менен бахытлы жүрген күнлерде, жигит зәрүр жумыс пенен узақларға...