Көпшилик жасы үлкенлер көшеде, жәмийетлик орынларда жаслардың ҳәр қыйлы замнагөй технологиялардан орынсыз пайдаланыўынан быраз қолайсыз аҳўалға түсетуғынлығын айтады. Ҳәттеки, айырым ата-аналар перзентлериниң еки-үш мәрте шақырғанында ал, гейбир ўақытлары барып түртпесең еситпеслик дәрежесине келип қалғанынан қәўетерде.
Ҳақыйқатында да, информациялық-технологиялар бизге кең имканиятлар есигин ашыўы менен бирге, саламатлығымызға да өзиниң кери тәсирин тийгизбекте. Жоқарыда келтирилгендей мысалларды күнделикли турмысымызда, анық айтатуғын болсақ ҳәр атқан адымымызда ушыратыўымыз тосыннан емес. Бул жағдай өсип кыятырған жас әўладтың саламатлығын төменлетип ғана қоймастан, оның руўхый әлеминде пүткиллей бийлеп алыўы бәринен де қәўипли. Мине, усы мәселе үстинде шет елли қәнийгелер көп ўақытлардан бери илимий изленислер алып бармақта. Олардың пикиринше, компьютер, планшет, плеер, қол телефоны ҳәм басқа да заманагөй үскенелерден үзликсиз пайдаланыў ақыбетинде инсанның түрли дене ағзалары зыян көреди екен.
Бармақ – Қол телефонынан SMS хабарларды жүдә көп териў ақыбетинде бармақлардың уйыўы ҳәм күшли аўырыў пайда болады. Бул кеселликке «Смартфон бармақ» деп екинши атама берилген.
Қол – Шыпакерлер қол буўынлары, мүскил ҳәм булшық етлердеги аўырыўлар бир қолы менен телефонды услап сөйлесетуғын, екинши қолы менен компьютерде текст теретуғын яки қандайда бир ойын ойнайтуғынларда көбинше ушырасатуғынын атап өтеди.
Билек - Телефонды услап турған қол 3-5 минуттан уйый баслайды. Биз болса, саатлап сөйлесемиз. Мине, усы ҳалат компьютер алдында узақ отырып, оның мишкасынан (тышқаншасынан) жүдә көп пайдаланатуғынларда да көп гүзетиледи. Билеклердың наўқасланыўын «Туннел синдроми» деп те атайды.
Көзлер – SMS хабарлар текстының ҳәдден тыс майдалығы көзлердиң талып, шаршаўына алып келеди. Егер, усы ўақытта транспортта болсаңыз, сылкыныў, қалтыраў есабынан талығыў артып бара береди.
Қулақлар – Қулағына ҳәмийше «наушник» тағып жөретуғын инсанларда еситиў қәбилийетиниң пәсийип кетиўи тәбийий жағдай. Себеби, «наушник»лерде музыка даўысы ҳәдден тыс бәлент еситиледи. Егер транспортда болсаңыз, артықша шаўқынларды басыўы ушын ҳаўазын және де жоқарылатасыз. Көп өтпей, еситиў қәбилийетиңиз пәсийип кетиткенлигинен налып шыпакерге мүрәжет етесиз..
Мойын – Телефонда сөйлесип атырғаныңызда оны ҳеш қашан бас пенен желке ортасына қоймаң. Бул биринши нәўбетте, физиологиялиқ тәрептен туўры емес, екиншиден, мойындағы нерв талшықларында машқалалар пайда болыўы мүмкин. Планшетте текстти узақ териў мойынның талығыўына себеп болады. Усы себепли мойынды талығықтырмаўға ҳәрекет етиўимиз лазым. Болмаса, тез арада остеохондроз кеселлигиниң пайда болыўына имкан жаратқан боламыз.
Бел – Компьютер алдында саатлап отыратуғынлар ушын белдың қатып қалыўы таныс ҳалат. Өйткени, бел ҳәм желкени узақ ўақыт тик тутып ислеў қыйын. Англиялы алымлар бундай жағдайдан шығып кетиўдиң әпўайы усылын усыныс етеди. Олар омыртқа бағаналарына аўырлық түсиўин кемейтиў ушын ўақты-ўақты менен созылып жатып дем алыўды мәсләҳәт береди.
Əлбетте, заманагөй технологиялар жаратып берген имаканиятлардан пайдаланбай турып, дүнья жүзин көре алмаймыз. Лекин, оннан үзликсиз түрде орынсыз пайдаланыў ақыбетинде ден-саўлығымызды жар жағасына алып барыў сиз бенен биздей саналы инсанлар ушын тән қәсийет емес.
Бүгин биз сан мың имканиятларға ҳәм сол қатарда қәўип-қәтерлерге толы дәўирде жасап атырғанымызды умытпайық!
Гүлжаҳан Сейтназарова,
Megaline.uz ушын арнаўлы.
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Қарақалпақстаным
Қ-ушағыңда туўылып камалға келдим, А-на сүтин емип тәрбия көрдим, Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы, А-лла көз тиймесин бахтыма мениң....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....