Усыдан он жыл алдын, искер адамлардың қолында финляндиялық Nokia компаниясының байланыс қураллары қолланыўда болған еди. Ал ҳәзирги ўақытта жаңа инновациялық технологиялардың раўажланыўы Nokia өнимлерин саўдадан ысырып таслағанында көпшилигимиз билемиз. Бирақ ҳәммемизге бурыннан таныс Nokia туўралы қандай қызықлы мағлыўматларды билемиз?
Nokia атамасы усы уялы телефонды ислеп шығарыўшы қала шетиндеги дарья менен байланыслы. Сол дарья аты Nokianvirta деп аталады. Ал бул атаманың өзи ески фин тилинен аўдарғанда “қалың терекли мәкан” деген мәнисти билдиреди екен.
Nokia телефонларында қоңыраўдың даўам етиў ўақтын бақлайтуғын таймер еки адамның диалогы басланған ўақытта емес, ал қоңыраў еткеннен баслап жазыла баслайды.
Гейде компания жәмәәти Nokia сөзиниң орнына көбинесе “aikon” (Nokia сөзин терис оқығанда) атамасын қолланады екен. Себеби “aikon” атамасы компанияның ҳәр түрли SDK сыяқлы бағдарламалық топламларында көп қолланылған.
Nokia компаниясы Fortune дизимининен орын алған, яғный дүньядағы жеке жигирма компанияның қурамынан орын алған. Сондай-ақ коммуникация менен шуғылланыўшы компаниялар арасында биринши орында турған.
Азия мәмлекетлеринде Nokia ның ҳәр түрли моделлеринде 4 саны байланыс номеринде ушыраспайды. Себеби бул санды сәтсиз деп есаплаған екен.
Nokia өнимлериниң тийкарғы шрифти AgfaMonotype Nokia Sans. Ал бул шрифтти Эрик Спикерман атлы бағдарламашы ислеген. Бул шрифттен алдын
Nokia тек Agfa Rotis шрифтин усынған.
Nokia телефонларына СМС келгенде шығатуғын музыкалық даўыс СМС деген сөзди аңлататуғын Морзе коды болып табылады.
Nokia смартфонларды өндирип баслаған ўақтында, олардың бир артықмашылығы смартфонның жоқары сапалы камералары болды.
Дәслепки коммерциялық GSM байланыс 1991 жылы Хельсинки қаласында Финляндия премьер-министри Гарри Холкер тәрепинен исленди. Оның тийкарғы қолланыўшысы Nokia еди.
“Nokia tune” рингтоны испан музыканты Франциско Таррераның XIX әсирде жазылған “Gran Vals” атлы музыкалық шығармасының гитарадағы үлгиси болып табылады. Дәслеп рингтон шығарма аты менен аталды. Соң 1998 жылы “Nokia tune” деген атама берилди.
дерек көзи: relax.ru
Сондай-ақ усыныс етемиз: Nokia кеше ҳәм бүгин
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Windows Phone платформасында турақлы өсим сезилмекте
ABI Research компаниясының мағлыўматларына қарағанда дүнья жүзлик базарға өткен жылдың төртинши кварталында Windows Phone мобил ОС басқарыўындағы 10,9...
Nokia Normandy / Nokia X смартфоны ҳаққында
Windows диң Mac компьютерлеринде орналасыўы, Windows Phone ның Nokia телефонларындағы көриниси менен Intel процессорларының Apple ноутбуклары менен десктопларындағы жайласыўын биринши рет...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....