Компьютер пайдаланыўшыларына компьютердиң үш өлшемли кеңислигинде ислеў ушын жаңа усыллар зәрүр. Алымлар оның шешимин тапқанға уқсайды. Биз бүгинги күнде Дуглас Энгельбард тәрепинен исленген тышқаншадан пайдаланамыз. Тышқанша компьютер экранына арналған прокси ретинде еки өлшемли кеңислик пайдаланылады. Тышқанша пайдалы қурылма, бирақ ол еки өлшемли. Ал үш өлшемли кеңисликте тышқаншаның орнына қандай қурылма пайдаланылады?
Вайонинг университетинде Анем Нгуен ҳәм Эми Беник жаңа идеяны дүньяға алып келди. Усы екеўи ақыллы жүзик иследи. Бул жүзик өзиниң жайласқан орнын үш өлшемде сезе алады ҳәм программаластырылған ис-ҳәрекетлерге сәйкес ҳәрекетленеди, бул өз гезегинде үш өлшемли виртуал көринислер менен байланысыў ушын имканият жаратады.
Улыўма үш өлшемли кеңисликте ҳәрекет етиў идеясы бурыннан бар нәрсе. Бир ўақытлары өз орнын кеңисликте сезе алатуғын компьютер тышқаншасы сатыўға шығарылған еди, бирақ ол пайдаланыўға қолайсыз ҳәм мүмкиншилиги шеклеўли еди.
Бул қурылмалар белгили бир технология менен шекленген, сонлықтан да олар ЖК (жеке компьютер) ямаса MAC ларда қолланыла алмайды. Соннан кейин LeapMotion қурылмасы пайда болды, ол қолдың үш өлшемли кеңисликтеги барлық қозғалысын өлшейди. Сол қурылма көп үмитлер менен былтыр иске түскен еди, бирақ бүгинги күнде қолланыўда жоқ.
Нгуен ҳәм Беник барлық есаплаў машиналарында пайдаланыўға болатуғын универсал арзан қурылманы ислеўге бел байлады. Олар оны ҳәрекетлениўге жеңил ҳәм киши етип ислегиси келеди.
Нәтийжеде бармаққа кийгизелетуғын сақыйна тәризли 3D Touch қурылмасын иследи. Ол 3D-акселометр менен, 3D-магнит өлшегиш, ҳәм 3D-гидроскоп пенен үскенеленген. Соның нәтийжесинде ҳәр өлшегиш арқалы келген мағлыўматларды салыстырып, жыйнап, жайласқан орнын дәл анықлаўға мүмкиншилик пайда болады. Буннан тысқары, 3DTouch тың әпиўайы тышқаншада болған қурылманың еки өлшемли кеңислик майданы менен қозғалысын дизимге алыўшы оптикалық көрсеткиши де бар. Ҳәзирги ўақытта қурылма барлық өлшегишлер менен мағлыўматларды улыўмаластырыўшы Arduino-консоллерге сымлар арқалы жалғанады. Соң жыйналған мағлыўматлар компьютерге узатылады.
Қурылманың авторлары бул системаның қолайсыз екенлигин биледи, сонлықтан сым менен жалғаўды кейинирек XBee модулин пайдаланып, сымсыз жалғаўға болатуғынын айтады. Соның менен бир қатарда, оған 3D-бағдарлар менен қарым-қатнас ўақтында зәрүр, мысалы бармақ пенен шертиў, еки рет шертиў ҳәм басыў ҳәрекетлерин де түсине алатуғын уқыпларды да кириткен.
Примбетов А.
дерек көзи: dailymail.co.uk
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Ҳақыйқый дос тармақта ма?
2012 жылдың 5 ноябрь күни Facebook рәсмий веб сайты социаллық тармақларды шеннен тыс пайдаланыў денсаўлыққа зыян деп жәриялады. Илимпазлар Facebook сыяқлы социаллық...