Сәлем, сәлем биз ушын сырлас болған “жасыл блокнот” бүгин және сени менен сырласпақшыман. 25-июл саат 21:24.
Аўа арадан жүдә көп ўақыт өтти (Сәл фантазия қылсам) Р екеўимизди сениң аппақ бетлериңди толтырыўға мәжбүр қылған муҳаббат, бир-биримизди сүйиў. Енди Р ортамызда жоқ! Ҳайран болма солай болып қалды. Бизден қапа болма, бизди кешир. Усы күнге шекем екеўмизде сениң бетлериңе тек жақсы хабарларды, әжайып сезимлеримизди жазған едик. Бундай болыўын күтпеген, қәлемеген де едим. Сени Р екеўмиз жыллар өтип, кемпир ғарры болғанымызда оқып, усы күнлерди сағынып, еслеп отырамызба деген едим. ӘТТЕҢ, олай болмады.
Ол-ол маған мени сүймеслигин, ҳәттеки унатпағанлығын, жақсы көрип қалыўды да қәлемеслигин айтты. Мениң менен тек ҳәўеске ғана ўақыт өткергенлигин өзиниң болса басқа сулыўды жанынан артық көриўин көзлериме тигилип турып айтты.
Эҳҳ, буның қаншелли азап екенлигин билгениңде еди, әзиз Блокнот!
Сол ўақыт мен не болып атырғанлығын сезбедим, тек ғана көзлеримнен жумалаған ашшы көз жаслар жүзлеримди сыйпап өтип, өмирдиң қаншелли қатаң екенлигин сездиргендей тынбас еди. Мен өзимди баса алмай, күшим тек көзлериме жетип, жылай бердим. Көз алдымнан усы күнге шекем бирге өткизген мәўритлеримиз, маған айтқан гәплериңиз, жазған смс-лериңиз бир-бир өте берди. Соң өзимди усладым да, тез ғана жүзлеримди сыпырып, даўысым өзгерип тек ғана “Сол сүйгениңиз бенен бахытлы болың, рахмет ҳәммеси ушын” деп айта алдым болғаны.Өзим болса, неге неге деген сораўларға жуўап излеп, бираз ғабырысып турып қалдым. Соң сизиң қолыңыздан усладым да, қолларыңызды ҳалласлап соғып турған жүрегиме жақын апарып, “ (бул сөзди айтыўымды унатпасаңызда, ақырғы мәрте сизге еркелегим келди) неге булай болды, айыбым не? Мейли Р сиз усыны мақул көрсеңиз менде не илаж? Умытпаң жаным сизиң жүрегиңизде ким болса да, мениң сиз услап турған жүрегим тек сизиң атыңызды айтып соғады” – деп өзимди мәжбүрлеп мыйық тартыўым менен артыма бурылдым да кетип қалдым.
Жүзим күлип турсада ишим жылар еди. Еле ҳеш нәрсени түсинип үлгермеген кеўлимде еле сол сораў “неге, неге?”. Қулағым астында болса қазақша өзим сүйип тыңлайтуғын “Кеше алсаң кешир, кешир жаным, Мәнгилик мен ярың бола алмадым, Сансыз көп жулдыз бенен ай астында ант еттим, антымда туралмадым, Сүйе алмадым…кешир жаным ” деген қосық еситилер еди.
Соң арадан көп өтпей Р диң сол қызға үйленгенин, ай ақырына той күни де белгиленгенлигин еситкенимде, қандай аўҳалға түскенимди өзим ғана билемен. Тойға мирәтнама келгенинде болса жүрегим тоқтап қалатын шығар деп едим. Олай болмады. Тәғдир ҳәммесине көндирер екен шыдадым. Оның “жаным мен алжасыппан, шын бахытым сен екенсең, сеннен өзге менен бахыт сарайының ҳәтте босағасынан да атлай алмайды екенмен, кешир мени” деген сөзлерин еситиўден үмитленип күте бердим, кешириўге таяр едим. Бирақ буның енди пайдасы жоқ екенлигин түсинемен, тән алыўды қәлемеймен.
Қуўанатыным-ол бахытлы! Мен буны сол той ақшамында жанып турған көзлеринен сезгенмен. Мени той мийманлары қатарында көрип, ол таңланбады да. Тек қасыма келип әсте ғана: “Бибка, сен де өз бахтыңды таўасаң, ол мен емес едим, ҳақыйқыйын таўғаныңда маған рахмет айтасаң еле, ҳәзирше маған иренжиме, бизге бахыт тиле, кешир” – деди де кетти. Буннан азабы болмаса керек. Әлбетте-әлбетте бахыт тилеймен, буннан басқа не шарам бар? Жаным, сол бахытты мениң орныма да сиз қарсы алың, қолдан ҳеш жибермең! Мен, мен болса усы биз дөреткен муҳаббат бағында жалғыз өзим қаламан.
Әзиз Блокнот, енди ол сениң аппақ бетлериңди толтырыўды қәлемейди де! Оның өмир китабы басланды, енди ол сонда әўере. Биз бенен иси болмайды. Қысқа жолда мениң менен бирге болғаны ушын оннан миннетдарман! Не ушын ол бийопалық (яки алдаўшылық десем бе екен) еткен болса да мен еле оны жаннан артық сүйемен? Неге умыта алмай атырман? Деп пәк муҳаббатымыз гүўасы болған жасыл блокнотымыз бенен ҳәзиллестим дааа. Туф-туф көз тиймесин бизде бәри жақсы, бәри әжайып! Ара-арасында урысып-айтысып турсақ та бари “ok!” Образға түсип кетиппен кешириң!
Жоқарыда жазылған қатарлар ҳақыйқатында да “жасыл блокнот”тың бетлеринен орын алған гәплер, бирақ ҳәзил. Ҳақыйқатында да бул блокнот өмирде бар! Бул тек бир бөлеги ғана.
Бийби Уббиева
Үмит ушқыны (монолог)
Кешир… Сени тыныш қоялмайман, Буның ҳеште илажи жоқ, Мен басқасын сүйе алмайман,...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Ўатаным
Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....
Қара көзлерим
Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....