Тахтакөпирдеги той-тамашалары тап таңқаларлықтай тамаша , тек тоғыз татыў талабаның тойдағы тамашалары. Тоғыз татыў талабалар төмендегилер: Темирбай, Толик, Талғат, Тайыр, Теңел, Тимур, Тахир, Тазабай, Төребай. Темирбай, Толик, Талғат тағы Тайыр төртеўи Теңел, Тимур, Тахир, Тазабай төртеўине Тахтакөпирдеги Таңбайдың тойына таярланып турыўын тапсырды. Темирбай, Толик, Талғат, Тайыр төртеўи Төребайды табалмай-табалмай тунельдиң тусында тоңып турғанында тапты. Тоғыз татыў талаба тап-тар трассада турып, такси тоқтатып турыпты. Таксилер де толы ма, тоқтамайды. Темирбай тоқтатты тоқтамады, Тазабай тоқтатты тоқтамады. Тайыр тентеклеў ме, төртинши рет тратуарда турып, тепсинип-тепсинип тоқтатқанда Тимурдың таныс таксисти таксиде тоқтады.
Тамаша !!! Тоғыз татыў талаба тикода тырмасып, тығылысып тур. Төртеўи тикейип тур. Тазабай төбесинде, Тайыр текшесинде тырмасып тур. Тоғызының төртеўи тоғыйыздан, тикейип турған тағы төртеўи тоғыйыздан, таксист Тимурдың танысы мекен, төрт жүз төлеп Тахтакөпирдеги Таңбайдың тойына тартты. Тезлик тоқсан.
Тимурдың таныс таксисти де турпайылаў ма, трассада турып тоқтатқанларға тоқтамады. Тиконың иши тым-тырыс. Тағы тығылыс. Таксист тек Тахтакөпирде Таңбайдың тойханасының тусында тоқтап, тоғыз талабаны төкти, төктиси нес, түсирди.
Тоғызын тойхананың төрине төрлетип, төсеклерди төсестирип, түрли-түрли тағамларды тартты. Тағамлардың татлысы тоғыйыз тоқсан тоғыз тостағанда тартылған туўрама тағамы. Туўрама төртеў ара тақ табақтан тартылды. Тойғанлар тойды, тоймағанлар тоймады.
Тойханашы тоғыз талабадан таңлап-таңлап түсимпазынан тамада тайынлады. Тамада Талғат. Тойда танцаға түскенлер талай. Түспегенлер де талай. Тойда Төребай танца түспеди. Түсейин десе тартыншақлаў. Тамадалықты тындырып турған Талғат Төребайды танцаға түс-түс деп, - тартқылап-тартқылап түсирди. Тоғыз татыў талаба туўрамаға тойып, татарша, тәжикше, түркменше танцаларға түсти. Тойдың тамашасы төбелесте дегениндей тойханадағы танымағанлар танысып, таныслары тартысып турғанында, таяқлысы, таяқсызы, тартыншағы, тыржығы, тәртиплиси, тәртипсизи топарласып төбелес тәрепке тартты. Төбелесте талайына тепки тийди, талайына таяқ тийди. Таяқланғанларды тахтакөпиршилер тәшкиге тийеп, тойханадан тасып тур. Төбелесте тоғыз талаба да тыныш турмады. Тоғызы да таяқланғанларды турғызып, тепки тийгенлерин тикейтип тағы тарс-тарс тас-тасып тур.
Тойхананың тусында туратуғынлар төбелесип турғанлардың, таныйтуғынына да, танымайтуғынына да түсиндирип, төбелести тарқатты. Төбелес тарқап, (тоқтап) той да тарқады.
Тоғыз татыў талаба тағы Тимурдың таныс таксистин таўып, тикоға тығылысып, тырмасып тоғызы да Телецентрде турғанлықтан, тойханадан туўры Телецентрге тартты. Тахтакөпирдеги той-тамашалары тап усылай тарқасты.
Шарап САГИДУЛЛАЕВ,
ҚМУ журналистика студенти.
16-avgust, 2013 j.
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Жалған сезимлер
Жасайсаң көзлеримниң қарасында Сенде мени еслейсеңбе арасында? Жүрегимди қыйнап, күйип-жанарман, Сен берген муҳаббаттың азабында....