Жақында Ташкент қаласында Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў Орайы ҳәм Өзбекстандағы Британия Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Ең жаксы инновациялық пикирлеў» таңлаўында Республикамыз атынан Нөкис социал-экономикалық колледжи окыўшылары қатнасып, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан жыйналған жәми 14 команда арасынан сыйлы 1-орынды ийелеўге миясар болды ҳәм 2014-жылы февраль айында болып өтетуғын халықаралық таңлаўға жоллама алды. Бул жетискенлик Конституциямыздың 21 жыллығына мүнәсип саўға болды. Биз жеңимпаз оқыўшылар ҳәм оларды таңлаўға таярлаған устазы Замира Шаниязова менен сәўбетлестик:
-Танлаўға кандай инновациялық режеңиз бенен катнастыңыз?
Замира Шаниязова, колледждин экономика пәни оқытыўшысы:
–Бизлер алып шыққан инновациялық идеямыз «Мениң Ўатаным - мениң мақтанышым» ураны тийкарында жаратылды. Инновациялық идеямыздың аты «био-брикет» деп аталады. Яғный, пахтаның пақалынан, қурғақ жапырақлар ҳәм бир жыллык өсимликлерден жанылғы орнында пайдаланыўға болатуғын брикет ислеп шығарыўдан ибарат. Бул әпиўайы тас көмирге қарағанда көбирек жанады ҳәм өзинде ыссылықты бираз ўакытқа шекем услап турады. Ең дәслеп пикир оқыўшылардың өзлеринен шыққан еди. Олар усы идея аркалы өз алдына қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў, тәбийий газди үнемлеўди ҳәм пахта талшыклары терип алынғаннан кейин атызларда қалатуғын пахтаның пақалын да зая етпестен, оннан халыққа пайдалы жанылғы ислеп шығарыўды мақсет етип койды.
–Усы идея калай пайда болганлығы хаккында айтып берсеңиз?
Нажимов Шерзад, бухгалтерия есабы 2-курс студенти:
–Бизлер досларымыз бенен колледж ҳәм уй әтирапларында шембилик өткергенимизде жапырақлардың ҳәм от-шөплердиң жыйналып калғанының гүўасы болатуғын едик. Ол жапыракларды таслап та, жағып та болмайтуғын еди. Бизлерде жапыраклардан тәбиятқа зыян жеткизбеген ҳалда пайдалырақ- нәрсе ойлап табыў нийети пайда болды.
Алламуратова Бибимарьям, бухгалтерия есабы 2-курс студенти:
–Мен бир нешше мәрте апаларымыздың тандырға нан жабыў мақсетинде
сындырыўға қолайсыз отынларды қолы менен сындырып, атырғанын көргенимнен кейин, менде жағыўға қолайлы апаларымыздың исин жеңиллететуғын жанылғы ҳаққында пикир пайда болды. Хәм досларымыз бенен буны талқыладық.
Ли Татьяна, бухгалтерия есабь 3-курс студенти:
–Поезд хызметкерлериниң поезд вагонларын қыздырыў ушын көмирди
ошаққа салыўда қыйыншылықлары бар екенининиң гүўасы болдым. Олардан, бир мәрте салған көмириңиз қанша ўакыт жанады?, - деп сорағанымда, — Орташа 1 саат 45 минут, деп жуўап берди. Менде поезд хызметкерлериниң жумысын жеңиллететуғын ҳәм узак ўакыт жанатуғын жанылғы идеясы пайда болды ҳәм досларымыз бенен келисип буны әмелге асрырыў ушын хәрекет ете басладық. Бизлердиң брикетимиз 3 саат жанады ҳәм және еки саат өзинде ыссылықты услап турады. Қол менен услаўға да, тасыўға да қолайлы.
–Сизлердиң ойлап тапқан брикетиңиз қайсы тараўларда қолланылады?
Надирбаева Азиза, бухгалтерия есабы 3-курс студенти:
–Татьяна айтканындай оны әпиўайы тас көмирдиң орнына қолланыўға
болады. Санаатта, ислеп шығарыўда, аўыл ҳәм үй хожалығында пайдаланыўға, үй печлерин ысытыўда ҳәм тәбийий газ жетиспейтуғын алыс аймақларда да пайдаланыўға болады.
–Брикет қурамына оны бириктириў ушын химиялык элементлер де
қосылады ма?
Нажимов Шерзад, бухгалтерия есабы 2-курс студенти:
–Пахта пақаланың қурамында легнин элементи көп болып, ол тәбийий
желим ўазыйпасын атқарады. Арнаўлы үскене жәрдеминде майдаланып, ҳеш қандай химиялық затларсыз брикет ҳалына келтириледи.
–Бизнес режени дузиў ҳәм жетилистириў ушын кимлер менен
биргеликте ис алып бардыңыз?
Замира Шаниязова колледждин экономика пәни (Оқытыўшысы:
–Бизнес режени экономикалық жақтан дузиўде Саўда санаат палатасы
ўәкили Әжинияз Қайыпназаров мәсләхәтлерин аямады. Өзиниң алып барып атырған исбилерменлик жумыслары менен таныстырып, оқыўшылардың кеўлинде исбилерменликке деген ықласын арттырған ҳәм қоршаған орталыктың тазалығына үлесин қосып атырған жеке исбилермен Рашид Картбаевға да өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
–Брикеттиң экологиялық ҳәм экономикалық абзаллықлары қандай?
Надирбаева Азиза, бухгалтерия есабы 3-курс студенти:
–Бул өнимди тас көмир ҳәм тәбийий газдың орнына пайдаланыў мүмкин
болғанлығы ушын, тас көмир ҳәм тәбийий газды тежеў имканияты пайда болады. Ең тийкарғысы, керексиз тасланды ҳәм шығынды шөплерден шығатуғын зәхәрли шығындылар кемейеди ҳәм экологиялық орталықтың патасланыўының алды алынады. Сондай-ақ, көп жыллық тереклерди отын ретинде пайдаланылыў жағдайлары кемейеди.
–Басқа ўәлаят командалары қандай инновациялық идеялар менен
қатнасты?
Замира Шаниязова колледждиң экономика пәни оқытыўшысы:
–Ҳәр бир ўәлаят өзлериниң ең жақсы бизнес режелери менен келген.
Мәселен, 3-орынды ийелеген Наўайы ўәлаяты командасының бизнес режеси тасландылардан картинка ҳәм карикатураларды ислеп шығарыў ҳәм оларға безек бериў еди. Ташкент қаласы командасының бизнес режеси арнаўлы орынға салынған ҳәр түрли тасландыларға бонус (саўға) бериўши үскене арқалы инсанлардың тәбиятқа мүнәсибетин жақсылаў. Бул бизнес реже менен олар 2-орынды ийеледи.
Жоқарыда айтылғанындай, бизлердиң оқыўшыларымыз «био-брикет» инновациялық режеси менен 1-орынды ийелеп, арнаўлы сертификат пенен
сыйлыкланды ҳәм Ucell компаниясы тәрепинен ҳәр бир оқыўшыға уялы
телефон саўға етилди. Мениң жасларға айтарым, конституциямыз бизлерге окыў, билим алыў ҳуқықын берген болса, мәмлекетимиз тәрепинен билим алыў ушын барлық имканиятлар есиги ашылған. Барлық ўакытта Ўатаным, халқым ушын пайдамды тийгиземен деген инсан ҳешкашан жеңилмейтуғынына исенимим кәмил. Ҳәмийше берилген имканиятлардан ақылға муўапық пайдаланайық.
– Келеси жылы болып өтетуғын таңлаўға қандай режелер бар?
Алламуратова Бибимарьям, бухгалтерия есабы 2-курс студенти:
- Ол халықаралық көлемдеги таңлаў болғаны ушын, өзимиздиң инновациялық идеямызды және де жетилистириў ҳәм келешекте био брикетимиз арқалы халқымызға қолайлы жанылғы жаратыў үстинде ҳәммемиз тынбай мийнет етип атырмыз. Тынымсыз мийнет, талапшаңлық әлбетте, өз нәтийжесин беретуғынлығын әмелде сынап көрдик.
–Жуўапларыңыз ушын рахмет!
Шарап САГЫЙДУЛЛАЕВ сәўбетлести.
Суўрет uzreport.uz сайтынан алынды.
Суўретте: Шептен оңға. Таңлаў жеңимпазлары: Нажимов Шерзад, Алламуратова Бибимарьям, Надирбаева Азиза, Ли Татьяна, Шаниязова Замира Нөкис социал-экономикалық колледжи оқытыўшысы, Британия Кеңеси ўәкили.
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....