Нәзериңизге Ҳиндистан ҳаққында мағлыўматларды усынамыз.
2022 жылға шекем Ҳиндистан халық саны жағынан Қытайдан озыўы мүмкин.
Дүньядағы ең көп тилде сөйлейтуғын мәмлекет
Ҳиндистанға баратуғын туристлер жүдә көп. Сол себепли ҳиндистанлылардың басқа халықлар менен салыстырғанда көп тил үйрениўге мүмкиншиликлери көп. Бир ўақытлары лингвислер Ҳиндистан халқының неше тилде сөйлейтуғынын анықлаған. Нәтийжесинде бул елдиң халқы 415 тилде сөйлейтинин анықлағанда ,алымлардың өзи қатты ҳайран қалған.
Ҳиндистан – мегаполислер орайы
Нью-Делиде шама менен 23,3 миллион халық жасаса, Мумбайда – 23 миллион, ал Калькуттада 16 миллион адам жасайды. Ҳиндистанда дүньядағы айырым мәмлекетлердиң халық санынан да көпшиликти қурайтын мегаполислер бар. Қалалардағы адамлардың тығыз жайласыўы олардың экономикалық жағына кери тәсир етеди. Сондай-ақ Ҳинд океанында тәбийий апатлар (цунами, жер силкиниўи, даўыллар) болып турады. Әлбетте жақын жайласқан қалалар буның зыянын көреди.
Депутатлыққа миллионлаған талабанлар
Халық санының көплиги депутатлардың да көп болыўын талап етеди. Сол себепли бул елде сайлаўға талабан болыў ушын көплеген адамлар дизимнен өтип, түрли дәрежедеги депутатлыққа сайланады екен.
Ҳиндистан жолларында адам өлими көп болады
Ҳиндистанда басқа еллер менен салыстырғанда жол көлик авариялары жүдә көп. Оның да себеби халық санының көплиги менен ҳәм жоллардың тар болыўы менен түсиндириледи. Автомобиллер жүретуғын жол менен мотоцикллер, велосипедлер де жүреди.
Дүньядағы ең көп манго өсиретуғын ел
Манго ҳиндистанлылардың ең унамлы тағамы. Соңғы мағлыўматларға қарағанда, 2012 жылы Ҳиндистанда шама менен 15250 000 тонна манго терилген. Қытай, Кения, Тайланд, Индонезия, Пәкистан, Мексика, Бразилия, Бангладеш ҳәм Нигерия еллеринде өсирилетуғын манголарды қосқанда да жоқарыдағы көрсеткишке жете алмайды.
Талантлыларға бай мәмлекет
Әсирлер даўамында бул ел дүньяны өзине қаратыў жолы менен келеди. Оның айқын көриниси талантлылардың көплигинде. Оған дәлийл ретинде Гиннес рекордлар китабындағы көплеген ҳиндистанлылардың жетискенликлерин келтириўге болады.
дерек көзи: nz1 сайтынан.
Дүньядағы ең узын көпир
Дүньядағы ең узын көпир қай жерде жайласқан. Узынлығы 42 километр болған бул көпир қашан қурылды. Көпир қурылысына неше мың адам қатнасты?...
Дүньяда бар жақсылар
Адамға өмир берилген, Жақсыға ҳәм жаманға, Неше түрли адамлар бар, Жақсылар бар дүньяда....
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Сиңлим ҳәм мен
Отырсам радиодан жаңалық еситип, Жас жигит қосығын айта баслады. Деген ўақта «Тек бир мәрте гөгек бер» Сиңлим ҳайран болып саўал таслады....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....