Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Бердақ Миллий музейи мәжилислер залында жәҳән әдебиятында өзиниң бийбаҳа дөретпелери менен өшпес из қалдырған инглис жазыўшысы Уильям Шекспир дөретиўшилигине бағышланған әдебий кеше болып өтти.
Кеше инглис тили қәнигелигиниң 2-курс студентлери тәрепинен шөлкемлестирилип, оны факультет деканы Дж. Курбанбаев кирис сөз бенен ашып берди. Ол өз сөзинде бул жазыўшы ҳәм драматургтың инглис тили ҳәм әдебиятының раўажланыўында гиреўли орны бар екенлигин атап өтти. Буннан соң да сөзге шыққанлар Уильям Шекспирдиң дөретиўшилиги ҳаққында тоқтап өтти.
Буннан соң Уильям Шекспирдиң дөретиўшилигине бағышлап студент-жаслар тәрепинен таярланған әдебий ҳәм сахналық көринислер қойып берилди. Онда Шекспир драматургиясынан “Макбет”, “Юлий Цезарь”, “Патша Лир” трагедиялары ҳәм де “Қәтелер комедиясы” сахналық көринислери қойып берилди. Сондай-ақ кешеде жазыўшының соннетлери, инглис тилинде қосықлар, аяқ ойынлар, ол ҳаққында презентациялар да орын алды.
Бундай әдебий кеше кейинги күнлери де даўам етип, онда қәнигеликтиң 1-курс студентлери Уильям Шекспирдиң дөретиўшилиги ҳаққында әдебий ҳәм саҳналық көринислер шөлкемлестирди. Кешеде Уильям Шекспирдиң бийбаҳа мийнетлеринен бири болған “Ромео ҳәм Джулиетта” ҳәм “Гамлет” шығармалары студентлер тәрепинен жоқары дәрежеде қойып берилди. Бул кешелерге тек оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар емес, соның менен бирге студент-жаслардың ата-аналары да келип катнасты.
Кеше жуўмағында мийманлар сөзге шығып, өз миннетдаршылықларын билдирди, келешекте тараўдағы жумысларда ҳәм оқыўларда табыслар тиледи. Сондай-ақ бундай илажлардың өткерилип турыўы студент-жаслардың инглис тилин үйрениўде әсиресе, сөйлеў қәбилетлерин раўажландырыўда өз тәсирлерин беретуғынлығын атап өтти ҳәм кеше шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық сезимлерин билдирди.
Дерек көзи: karsu.uz
Тағдир жолында
Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....
Өмир пасыллары
Өтер өмиримиздиң сансыз күнлери, Бирде шадлы бирде ғамлы түнлери, Балалық, өспирим, орта, ғаррылық, Төрт пасылдай гезеклесер ҳәр бири....
“Welcome to Uzbekistan” атамасындағы презентация
Бердақ атындағы ҚМУ жанындағы 1-санлы академиялық лицейде усы атамада презентация өткелилди. Кеше шөлкемлестириўшилери ҚМУдың Социал экономика факультети оқытыўшысы...
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....