Бүгинги күни үшинши сектор атамасын алған мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерге мәмлекетимиз тәрепинен үлкен итибар қаратылып атыр. Себеби, пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў. Пуқараларымыздың жәмийетти турақластырыў, ҳүкимет тәрепинен алып барылып атырған реформаларды жеделлестириў, мәмлекетлик органлардың жумысларын бақлап барыўды мәмлекетли емес, коммерциялық шөлкемлердиң жәрдеминде әмелге асырады.
Республикамызда бир неше жыллардан берли жумыс алып баратырған «Саламат әўлад ушын» қайырқомлық қорының тийкарғы мақсети де Арал апатшылығынан жәбир көрген халықты медициналық бақлаўдан өткериў, социаллық жәрдем көрсетиў, гуманитарлық ҳәм билимлендириў бағдарындағы жойбарларды әмелге асырып отырады.
-Қорымыз өз алдына қойған ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын республикамыздағы бир қатар мәмлекетлик шөлкемлер менен биргеликте тығыз жумыс алып барады. Жумысларымызды еледе жетилистириў, қайырқомлық медициналық патронаж жумысларының көлемин кеңейтиў мақсетинде бир қатар жойбарлар шеңберинде жумыс алып бардық. Әсиресе, жәмийетте саламат әўладты қәлиплестириўде аналарымыздың ден саўлығына үлкен итибар қаратыўымыз лазым. Сол ушын да алыс аўылларда болып ҳәмледар аналарымызды медициналық бақлаўдан өткериў жумысларына да айрықша итибар берип келмектемиз, - дейди, қордың баслығы Оразгүл Ембергенова.
Ҳақыйқаттан да «Саламат әўлад ушын» қайырқомлық қорының медициналық-социаллық патронаж бригадасы республикамыздың алыс аймақларында болып халықты медициналық бақлаўдан өткериў, социаллық жәрдемге мүтәж шанарақлар, меҳрибанлық үйлери, қәнигелестирилген мектеп интернатларда болып қайырқомлық жәрдемин көрсетип келмекте. Соның менен бирге дени саўлықлы анадан дени саў бала туўылыўы ҳаққында халық арасында коллеж, лицей, жоқары оқыў орынларында болып түсиник жумысларын алып бармақта.
Атап өтетуғын болсақ, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2014-жыл 1-августтағы «2014-2018-жылларда Өзбекистан халықының репродуктив саламатлығын беккемлеў аналар, балалар ҳәм жас өспиримлердиң ден саўлығын беккемлеў» ҳаққындағы мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында «Саламат әўлад ушын» қайырқомлық қоры 2015-жылдың 9 айы даўамында Шымбай, Кегейли, Шоманай, Қараөзек, Тахтакөпир, Қоңырат, Төрткүл, Елликқала, Қанлыкөл, Беруний, Нөкис районларының 29 аўылындағы 10 952 адамны медициналық бақлаўдан өткерген.
Буннан тысқары, 2015-жыл даўамында 25 майып балаға майыплық арбашасы берилген. Медициналық-социаллық патронаж бригадасы оқыў орынларында «Ерте турмысқа шығыўдың алдын алыў» «Туўысқанлар арасында некениң болмаўы» «Скрининг тексериўин билесизбе?» «Арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы» (СПИД), «Туўма гипотериоз», «Шаңарақта саламат турмыс тәризин қәлиплестириў» «Ана сүтиниң әҳмийети» атамасындағы үгит-насият, сәўбетлесиў ҳәм түсиндириў жумыслары алып барылған ҳәм ушырасыў соңында тыңлаўшыларға 3900 дана брошюра, буклетлер тарқатылған.
Мәмлекетимизде алыс аўылларда жасайтуғын пуқараларымыздың сапалы медициналық хызмет көрсетиўден толық пайдаланыўы ушын “Саламат әўлад ушын” халықаралық қайырқомлық қоры ҳәм “Өзбекстан темир жоллары” мәмлекетлик акционерлик компаниясы менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасының узақ ҳәм барыў қыйын болған аймақларда жасаўшы пуқараларға қәнигели медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға инсаныйлық жәрдемлерди жеткерип бериў мақсетинде жылына бир мәрте «Саламатлық поезды» шөлкемлестирилип келинбекте. Мине усы баслама 2015-жылдың 6-11-сентябрь күнлери Ташкент – Қарақалпақстан – Төрткүл –Мискин Ташкент жөнелисинде хызмет көрсетти.
“Саламатлық” поезды ҳәрекети даўамында медициналық бақлаў менен бирге шөлкемлерге, арнаўлы кәрханаларға улыўма баҳасы 739 млн 388 мың 434 сум муғдарындағы азық-аўқат, кийим-кеншек, дәри-дәрмақ, витаминге байытылған қурғатылған овощ араласпасы, санитария-гигиеналық буйымлар, үй-рузыгершилиги буйымлары, аяқ-кийим ҳәм басқада қайырқомлық жәрдемлери жеткерип берилген.
Атап өтиўимиз керек, бундай қайырқомлық илажлар қор тәрепинен еледе әмелге асырыла береди. Себеби, ана ҳәм баланың ден саўлығы мәмлекетимиздиң буннан былайда раўажланыўы, гүллеп-жаснаўына тийкар жаратады.
Хурмет Атажанов,
Журналист
Тағдир жолында
Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Аналық ҳәм балалықты қорғаўда ғал ...
Жәмийетте болып атырған процесслерди ашық-айдынлық, пуқаралардың мәплерин гөзлеген ҳалда сәўлелендирип барыў ғалаба хабар қуралларының тийкарғы...
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Болажақ шыпакерлер менен ушырасыў
1-декабрь халықаралық АИЖС қа қарсы гүресиў күни алдынан республикамыздың бир қатар оқыў орынларында ушырасыў кешесин өткерип барыў дәстүрге айланып...