«Бала-5 жасқа шекем патша, 5 жастан 13 жасқа шекем қул, 13 жастан кейин ата-анаға ең жақын дос болыўы керек»-деген екен данышпанлардан бири. Яғный 5 жасқа шекем нәресте шаңарақта еркинлик руўхында тәрбияланыўы керек. Сонда бала психологиясында еркин пикир жүритиў, еркин түрде ойлаў ҳәм еркин көз-қарас қәлиплесе баслайды. 5 жастан 13 жасқа шекемги қул болыў түсиниги баланы жаслайынан мийнетке тәрбиялаўға қарата айтылған пикир болып, жаслайынан мийнет ислеўге, сол мийнеттиң арқасында өз мүтәжликлерин қанаатландырыўға баланы ийтермелеў үлкен әҳмийетке ийе болып табылады. Егер жоқарыдағы еки басқыштан бала нәтийжели өтсе, онда ол 13 жастан кейин өз-өзинен ата-анаға садық досқа айланады.
Шынында да баланы жаслығынан мийнетке үйретип барыў-тәрбия бериўдиң ең баслы шәртлеринен бири болып табылады, деген менен бул бағдарда айырым ата-аналардың өз перзентлерин жумсаўда, мийнет түрин есапқа алмай сол жумысты ислеўге оларды мәжбўрлеў жаман ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
Мәмлекетимиз нызамларында жаслардың мийнет етиў ҳуқықы беккем белгиленип қойылған: неше жастан жумыс ислеў мүмкин, оқыў ҳәм мийнет қандай жағдайларда қосып алып барылады, оларға берилетуғын мийнет дем алысы, ис ҳақы мәселелерине айрықша тоқтап өтилген.
Мийнет Кодексиниң 77- статьясында жумысқа қабыл етиўге 16 жастан жол қойылады, делинген. 15 жасқа толған шахслар болса, ата-анасынан бириниң яки олардың орнын басыўшы шахстың жазба рәўиштеги разылығы менен жумысқа қабыл етилиўи мүмкин. «Жасларды мийнетке тәрбиялаў мақсетинде улыўма билим бериў мекемелери, кәсип-өнер колледжлери улыўма орта арнаўлы билим бериў оқыў орынларының оқыўшыларын 14 жасқа толғаннан кейин ата-анасынан бириниң яки олардың орнын басыўшы шахстың разылығы менен балалардың ден-саўлығы ҳәм ер жетиўине зыян жеткизбейтуғын, билим алыў процессине кери тәсир жасамайтуғын жеңил жумысларды оқыўдан бос ўақытларда орынлаў ушын жумысқа қабыл етилиўге жол қойылады». Итибар бериң, бала атқаратуғын жумыс «ден-саўлығына ҳәм физиологиялық раўажланыўына зыян жеткизбейтуғын, билим алыў процессин бузбайтуғын» дәрежеде болыўы керек.
Усы кодекстиң 241-статьясында «18 жасқа толмаған шахслар мийнетинен усы топардағы қәнигелердиң ден-саўлығы, қәўипсизлиги ямаса әдеп-икрамлылығына зыян жеткериўи мүмкин болған мийнет шараяты қолайлы болмаған жумысларда, жер асты жумысларында ҳәм басқа жумысларда пайдаланыў қадаған етиледи. 18 жасқа толмаған шахслардың белгилеп қойылған нормадан артық аўыр жүк көтериўи ҳәм тасыўына жол қойылмайды» деп қатаң түрде белгилеп көрсетилген.
Айырым мәмлекетлерде балаларға тийкарғы жумысшы күши сыпатында қараў традициялық өзгешелик сыпатында сақланып киятырған бир дәўирде бизиң мәмлекетимизде бул мәселеге анық өлшем ҳәм нормалар белгилеп қойылды. Бул балаларға көрсетилген ғамхорлық ушын ғана ма яки басқа мақсетлер де нәзерде тутылған ба? Бизиңше, ертеңги күнин ойлаған ҳәр бир халық сондай жол тутыўы анық. Ақыры ертеңги күни миллеттиң жүгин желкесине көтеретуғын, усы халық ушын күйип-писетуғын балаларды ҳәм материяллық ҳәм мораллық ҳәм физикалық жақтан езиў адамгершилик нормаларына ҳәм минталитетлик миллийлигимизге туўра келмесе керек.
Мавлюда Чимбергенова.
Саўға таңлаў ушын
Саўға алыў жақсы, ал саўға бериў оннанда қызық. Саўғаңызды алған жақын адамыңыз сизге миннетдаршылық пенен қарағанда ҳәммеге саўға...
Дүньяда бар жақсылар
Адамға өмир берилген, Жақсыға ҳәм жаманға, Неше түрли адамлар бар, Жақсылар бар дүньяда....
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....