Ҳәр түрли сөгиниў сөзлери ер-азаматларымыздың сөйлеўдеги дәнекер сөзине айланып қалған. Дәнекер дегениме ҳайран болмаң. Дәнекер гәптеги сөзлерди, еки жай гәпти бир-бири менен байланыстырыў хызметин атқарады. Буны бәршемиз билемиз. Ал, сөгиниў сөзлери де бүгинлигинде сол сыяқлы ер-жигитлердиң бир гәпи менен екинши гәпиниң ортасындағы дәнекер хызметин атқармақта.
Не ушын олар еки бети қызармай көшеде, жәмийетлик орынларда сөгинеди? Олардың бул дәрежеде сөгиниўге әдетленип қалыўына не себеп болады екен деп сорастырғанымызда: «Группаласларым, жораларым көп сөгинеди. Сол ушын мен де әдетленип қалған шығарман», ямаса «Неси бар, ҳәттеки қызлар да сөгинеди-ғой!» деген жуўапларды еситтик.
«Қус уясында нени көрсе…». Ана сүти аўзынан кетпеген балалардың тили де усы сөгиниў сөзлерин айтыў менен шығып атыр. Олардың сөгингенин еситип төбе шашың тик турады. Олар кишкене болғанлықтан қаты қулақ болып, бул сөзлерди өзлери ойлап таппайды, керисинше, еситкен сөзлерин көзди ашып жумғанша ядлап қалады. Кейинирек, әсте-ақырын өзлери усы сөзлерди сөйлеўде қолланады. Әкесинен, әжағаларынан ямаса досларынан үйренген болады.
Дурыс, үйде кишкене бала туўылғанынан баслап оның тәрбиясы, ден-саўлығына үлкен итибар қаратылады. Лекин, үйдиң, шаңарақтың үстини болған әкелеримиз өзиниң балалары, қызлары ҳәттеки, ақлықларының алдында да сөгинеди. Бул болса, өз нәўбетинде сол кишкенелердиң тәрбиясына тәсир етип, бул олар ушын күнделикли әдеттей болып қалады.
Лекин, айырым ўақытларда «Қус уясында көрмегенинде қылады» дегимиз келеди. Себеби, ата-анасы жақсы, тәрбиялы, оқымыслы болып турыпта, оның балалары гәпке қулақ аспайтуғын, сөгинеўик болып өседи. Айырым ўақытлары ер-жигитлердиң өз-ара сөйлескенлерине дыққат қойып қулақ салсақ, олар сөгинип ат салысып атырғанға уқсайды. Аўзы қулағына жеткен ўақытта да, салысы суўға кетсе де аўзынан ақ ийт кирип, қара ийт шығады. Бул оның жора-жолдаслары, таныс-билислериниң тәсиринде болса керек.
ФАКТ: Күнделикли аўызеки сөйлеў тилимизде өзлеримизди дүньяға келтирген инсанды «мама» деп шақырыў үрдиске айланғанлығын бәршемиз билемиз. Бул бизге ерси сөз болмай қалды. Бирақ, анық бир ўақытта оларды ана деп атаймыз. Қандай ўақытта дейсиз бе? СӨГИНГЕНДЕ!!!
Ер адамлар ҳаял-қызлардың алдында биймәлел, ҳеш қысынбастан сөгиниўди өзлерине «әдет» етип алғанға уқсайды. «Анаңды …», «шешеңди …», «қызыңды…» деп өзлериниң ашыўланғанлығын билдирип, өзлерин бул дүньяға келтирген аналарын, «ҳәмме нәрседен көре қәдирлеген» қызларын жаман сөзлер менен ҳәқиретлейди.
Биз оларға жаман ат тақпақшы емеспиз. Тек ғана қулақларына сыбырлап қоймақшымыз. АНА-ӨМИРДИҢ ШЫРАҒЫ!
Журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти:
Есемуратова Сахибжамал.
Сүўрет: yandex сайтынан.
www.zlixa.uz сайтынан.
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Сиңлим ҳәм мен
Отырсам радиодан жаңалық еситип, Жас жигит қосығын айта баслады. Деген ўақта «Тек бир мәрте гөгек бер» Сиңлим ҳайран болып саўал таслады....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....