Бул бойынша Президентимиз И.А.Каримовтың «Талант, талант, жане бир рет талант ийелерин табыў, тәрбиялаў хәм олардың мийнетлерин мүнәсип баҳалаў ең тийкарғы ўазыйпамызға айланыўы тийис» деген даналық пикирин келтириўимизге болады. Бүгин жас талант ийелерине алдын көрилмеген имканиятлар есиги ашып берилген. Талантлы қызлар ушын шөлкемлестирилген «Зүльфия» атындағы Мәмлекетлик сыйлық, «Журт келешеги» сыяқлы Республикалық таңлаўлар, Өзбекистан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен ҳәр жылы шөлкемлестирилип киятырған «Талант мектеби» Республикалық семинары ҳәм басқа бир қанша илажлар талант ийелерин илҳамландырып, еле де жақсы дөретиўшиликлерге умтылдырмақта.
Ғәрезсизлик бизге өзлигимиздиң қатарында әдебиятымызды да қайтарып берди- деп екиленбестен айта аламыз. Алдын қараланып келинген улама жерлеслеримиздиң атлары ақланды, улығланды. Мине заманы келип, әдебиятмыздың көрнекли ўәкиллери де қайта дүньяға келди, дәўирдиң «атмосферасы»нан тойынып, қаншадан-қанша әдебият ықласбентлериниң тиришилик дерегине айланды. Усындай заманды әрман етип жасаған бабаларымыздың бири, тәкирарланбас нәзик кеўил, рәң-бәрең поэзияның ийеси -Әжинияз Қосыбай улы.
Әжинияз Қосыбай улы Мойнақ районында туўылған. Айдыны толып-тасып, пүткил теңизди қозғалысқа келтирип, бир жағадан-екинши жағаға урылып атырған «Арал теңизи» толқынларының күши Әжинияздай қайтпас, сондай-ақ нәзик сезимли жүрек ийесин дүньяға келтирген болса тәжиб емес. Бүгин әдебиятымыздың басқа ўәкиллери сыяқлы Әжинияз Қосыбай улының дөретиўшилиги де жоқары баҳаланып, тереңнен үйренилмекте. Быйыл шайырдың туўылғанына бир жүз тоқсан жыл толыўы мүнәсебети менен пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Мәмлекетлик сазлы театрында «Әжинияз-Қарақалпақ классикалық поэзиясының гүлтажы» атамасында илимий конференция болып өтти.
Анжуман қатнасыўшыларына дәслеп «Әжинияз-кеўил зибаны» атлы шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған ҳүжжетли фильм қойып берилди. Илимий бөлимди Қарақалпақстан Республикасы Минситрлер кабинети комитет баслығы Б. Нурабуллаев ашты ҳәм басқарып барды. Соң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы Б. Янгибаев уллы сәне менен жыйналғанларды қутлықлады. «Классикалық поэзиямыздың гүлтажы» баянатын жасаған Өзбекистан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, профессор Н. Айымбетов шайыр өмирине байланыслы бир неше жаңалығы жас алымларды еле де излениўге, Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилик жолын тереңирек үйрениўге шақырды. Мийманлардан Өзбекистан Жазыўшылар аўқамы баслығы Мухаммед Али, белгили өзбек шайыры Махмуд Тайыр өз шығып сөйлеўи, шайыр дөретиўшилигине арналған қосықлары менен қарақалпақ халқына болған терең ҳүрметин билдирди. Илимий бөлим жуўмағында шығып сөйлеўшилер тәрепинен Әжинияз Қосыбай улының атындағы китапхана шөлкемлестириў, шайырдың бюстин Бердақ атындағы Мәмлекетлик сазлы театрының жанына қойыў, Әжинияз бабамыздың қосықларын дүнья еллерине аўдарып, баспадан шығарыў бойынша усыныс лар берилди. Буннан соң И. Юсупов, Н. Мухаметдинов авторлығындағы, көркемлиги жағынан А. Абдуллаева, саҳналастырыўшы режиссёры Н. Аңсатбаев болған «Әжинияз» операсы қатнасыўшыларды айрықша толқынландырды. «Айт сен Әжинияздың қосықларынан» атамасындағы концерт бағдарламасы менен шайыр бабамыздың туўылған күнине бағышланған сәне өз жуўмағына жетти. Бирақ, бабамыз дөретиўшилигин үйрениў, шайырдың шығармаларын көз нурымыздай қәстерлеп сақлаў ҳәм мийнелерин келешек әўладларына жеткизиў ўазыйпасы бизиң күнделикли ислеўимиз тийис болған әдиўли ис деп билемиз.
Сүйикли шайырымыз, Қарақалпақ әдебиятының «XX әсирдеги Бердағы» И. Юсупов айтақанындай «Әжинияз-дала орфейи». Грек әпсаналарындағы сазендениң шерткен намасы сыяқлы Әжинияз шайырдың қосықлары да пүткил тәбиятқа жан ендиреди. Жыллардан-жылларға, әсирлерден-әсирлерге өтип, Әжинияз қалдырған мийрас өзгеше көринислерге жаңара береди, данышпан шайыр дөретиўшилиги тиришилик ушын хызмет ете береди.
Гүлзада ӨТЕНИЯЗОВА
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң
Қарақалпақ филологиясы факультети
Журналистика билим бағдарының 3-курс студенти.
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Бахыт ҳәўес етсин маған
Көз тиймегей менде жүрек, Нийетлерге толы мәкән, Бирақ, Бахыт неге керек? Бахыт ҳәўес етсин маған....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....