Даниялық алымлар Wi-Fi дың адам денсаўлығына зыяны бар екенин дәлийллеў ушын изертлеўлер алып барған. Бир қанша илимий экспериментлердиң нәтийжеси бойынша Wi-Fi мийдиң қан айланыў жолларына тәсир етеди, ал ол өз гезегинде бас аўырыўына алып келеди.
Эксперимент ушын мектеп оқыўшыларын таңлаған. Олардың ҳәр қайсысы уйқы алдында Wi-Fi қосыўлы смартфонын көпшигиниң астына қойып жатты. Азанда оларды шыпакерлер тексерди. Нәтийжеси бойынша, олардың көпшилигинде мийдиң қан жоллары тартылған ҳәм басы аўырған.
Сонлықтан уйқыламастан алдын уялы телефоныңыздың интернетин өширип ямаса улыўма алысқа қойып жатқаныңыз мақул.
дерек: content.ru
Дүньяда бар жақсылар
Адамға өмир берилген, Жақсыға ҳәм жаманға, Неше түрли адамлар бар, Жақсылар бар дүньяда....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Жигит журты
Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....