Жаңа композицияның жақсы шығыўы ушын бас қатырып, жан күйдирип, шып-шып терге батып жумыс ислеп атырған Әлийшердиң итибарын узын дәлиз бойлап әсте ғана адым атып киятырған қәдем сести бөлип жиберди:
- Тақ-туқ, тақ-туқ, тақ-туқ…
Әлийшер бул қызды күтип отырған еди. Себеби, журналист қыз бир-еки күн алдын қоңыраў етип интервью алыў мақсетинде оның менен бос ўақтын келисип алған еди. Қыз бөлмеге кирип өзин таныстырды:
- Мен кеше сиз бенен телефонда байланысқан журналист Гүлзийра Әметовна боламан.Әлийшер қызды көрип аң-таң болып қалды. «Жүдә гөззал қыз екен», оның қыялынан усы ойлар өтти.
- Мәрҳамат келиң, отырың, - деди Әлийшер отырғышты нусқап. Екеўи бираз ҳал-аўҳал сорасқаннан соң, Гүлзийра қолына диктофон ҳәм қағаз қәлемин алды да, өз ўазыйпасын атқарыўға кирисип кетти. Ал, Әлийшер болса оннан көзин алар емес.
Гүлзийра балалығынан журналист болыўға қызықты. Ал, ҳәзир болса бул нийетине жетип радиода жумыс ислеп атыр. Жумыс ўазыйпасы бойынша композитор менен сәўбет өткериўи керек болғанлықтан, ол көп ғана композиторларды алдынан сорастырып, олардың дөретиўшилиги менен қызықсынып, қайсы бири менен сәўбет өткерсем екен деп көп ўақыт бас қатырып жүрди. Әлийшердиң дөреткен намалары ықласбентлериниң кеўилинен орын алғанын бурыннан билетуғын еди. Өзи де оның дөретпелерин сүйип тыңлайды. Усы күнге шекем ол ҳеш бир журналистке интервью бермеген. Бул жағдай Гүлзийраны әбден қызықтырып қойды. Соң Әлийшердиң
дөретиўшилиги бойынша мағлыўмат жыйнай баслады. Сорастырып қараса, бир шетки аўылға кетип сол жерде жасап, дөретиўшилик пенен шуғылланған. Қызық жери Әлийшер қырық жаста болса да еле бойдақ. Гүлзийра буны еситип жүдә ҳайран болды. Қыялына
көплеген сораў келди. Үйленбегенине себеп ол өзин дөретиўшиликке бағышлаған, я кеўлиндеги қызды еле ушыратпағанба? Әлбетте, бул сораўға да жуўап алыўым тийис деп өзинше ойлап қойды.
- «Жолың айдын ҳәм рәўшан болмаса дана ҳәм илимли адамлардың қолынан тут. Олар сени ерте ме, кеш пе дурыс жолға алып шығады» - дейди данышпанларымыз. Усы тараўда, анығырағы музыка, искусство тараўында сизге ким устазлық еткен? Бул
тараўға балалығыңыздан қызыққансыз ба? - деп сораўды баслады Гүлзийра.
Әлийшер сол гезде:- Кеширерсиз, - деди де орнынан ушып турып, скрипкасын қолына алды. Ал, Гүлзийра болса ҳайран. Журналисттиң сөйлеў епкининен илҳәмланған Әлийшер скрипкасын қолына алып, көзин шырт жумып, бар дыққат-итибары менен нама шертти.
Ол усы күнге шекем бундай жағдайға түспеген еди. Гүздиң салқын самаллы күнлери болғанлықтан ашық турған терезеден ишке қарай самал есип, самал Гүлзийраның узын шашлары менен ойнарды. Ол қанша шашын жыйнап алыўға тырысса да, самал оған қырсыққандай қайта бетер ушырады. Буннан еле де илҳәм алған Әлийшер скрипкасын шертиўди ҳеш тоқтар емес. Ол дүньяға келгели берли бундай гөззаллықты көрмеген. Өжет самал тозғытқан шашы он-нан да гөззал… Усы пайтқа шекем теориядан тысқа шықпай, «анық формулалар» менен ислесетуғын музыкант бул сапары ҳеш қандай қағыйда-нызамды есине де алмады. Қолы өзинен-өзи нама шалып атыр. Бул намадан басы айланған Гүлзийра да келген мақсетин умытып бир саатлар шамасы жаңа намаларды жан-тәни менен тыңлап отыра берди.
Соң Әлийшер кеширим сорап және орнына отырып атырып: - Жаңадан ой келген гезинде, дәрриў шертип көрмесем, кейин ҳеш есиме түсире алмайман, - деди Әлийшер өзин бираз айыплы сезип. Сәўбетти даўам етемиз. Сораўыңызды қайталап жиберсеңиз, өтиниш.Әлбетте, әжайып нама екен. Усы күнге шекем бундай музыканы тыңлаған жоқ едим. Келиң, енди сәўбетимизди даўам еттирсек.
Әлийшер: –Усы ўақытқа шекем устазларымның атын бирме-бир атайтуғын едим. Енди пикирим өзгерди. Әлбетте, оларды еле өзиме устаз деп есаплайман. Деген менен тийкарғы устазларым деп еки нәрсени айта аламан: бири-тәбият, екиншиси-муҳаббат.
Гүлзийра: Әлбетте, айырым дөретиўши инсанлар нама дөретиўде тәбияттың қубылысына, ондағы әжайып сеслерге итибар берип, оннан илҳам алып, инсан қәлбинен орын алатуғындай намаларды дөрететуғыны ҳаққында еситкен едим. Бул әлбетте, қызық.
Әлийшер: Мен буны усы ўақытқа шекем түсинбеген екенмен. Енди аңладым…
Гүлзийра: Инсанға жигирма жасында сезими, отыз жасында талант, қырық жасын-да ақыл-санасы бийлик жасайды екен. Усы пикирге қосыласыз ба?
Әлийшер: Бүгинге шекем солай шығар деп ойлайтуғын едим. Лекин менде бул керисинше болып отыр.
- Демек, сизди ҳәзир сезимлериңиз басшылық бийлейди екен-дә!, - деди Гүлзийра күлимсиреп. Сезимлери басқарады, лекин шаңарақ қурмаған… , - Гүлзийра сораўды өзгешерек етип қойды.
Әлийшер: Алла-таалам муҳаббатты тек сүйген бенделерине береди. Лекин, ким, қашан, қай жерде бул сезим менен жүзбе-жүз келиўи ҳеш кимге де аян емес екен…
- Әлбетте, бул пикириңизге қосыламан, - деди де Гүлзийра нәўбеттеги сораўы менен сәўбетти даўам еттирди. - Белгили инсанлардың үлкен жетискенликке ерисиўине ким менендур күтилмеген ушырасыўы себеп болады екен. Мәселен, Фаридиддин Аттор әпиўайы дәрўиштиң сын пикиринен жуўмақ шығарып, ал, голланд сүўретшиси Ван Гог болса француз сүўретшиси Гойя менен ушырасқаннан соң үлкен жетискенликке ериседи. Сиз өзиңиздиң өмириңизди пүткиллей өзгертип жиберген ушырасыўды еслей аласыз ба?
Әлийшер бул сораўға не деп жуўап берерин билмеди ҳәм жуўап ретинде тек ийнин қысып қойыў менен шекленди. Сол тәризде сораў-жуўаплар даўам етти.
Әлийшер сораўлардың өзгеше дүзилгенине, журналисттиң талантына тәсийин қалып отыр. Өзиниң сезимин ҳеш қашан ҳеш кимге ашық билдирмеген инсан, қалай болса солай сораўларға ашық-айдын жуўап берди. Ақыры, журналист қыз жуўап бермесине
қоймайды-дә. Анық жуўап ала алмаса, сораўды өзгертиңкиреп береди. Анық жуўап алса ғана кейинги сораўға өтеди. Сол тәризде интервью де жуўмақланды.
Әлийшер ушын бул сәўбет көзди ашып жумғанша жуўмақланғандай. Ўақыттың қалай өткенин де сезип үлгермеди. Журналист өзине керекли болған жуўап алғаннан соң оның менен жүзинде күлешырай, әдеп пенен хошласты. Әлийшер дүньяға жаңадан келгендей болды. Ол журналистти шығарып салып, оның изинен узақ қарап турып «қандай гөззалық!» деди әсте сыбырлап.
Әлийшер сол күннен баслап еркин түрде нама дөрете баслады. Ол пүткиллей өзгерген еди. Кәсиплеслери оның анық теория менен жумыс алып баратуғынын онша жақламаса да, оның адамлар арасындағы абыройы жоқары еди. Әлийшердиң қырық жасынан кейинги дөреткен намаларын ықласбент сыпатында тыңлаған кәсиплеслери әдеўир өзгергенине, еркин түрде ҳақыйқый дөретиўши инсанлар
сыяқлы нама дөреткенине ҳайран қалатуғын, бир тәрептен бул намалар инсан қәлбине туўрыдан-туўры жетип баратуғынына кеўили елжиреп кетеди. Оның дөреткен намаларынан тек ғана мухаббат ийиси келип туратуғын еди. Бул намалар тез арада сол аўылға,
соң қалаларға, соң пүткил республикаға таралды. Әсте-әсте қоңсы мәмлекетлерге де таралып, дүнья халқы оны «Муҳаббат жыршысы» деп атай баслады.
Әлийшер сол баяғы қәлбин ийелеген журналистти излеп оның жумыстан шығатуғын ўақтында радиоға, жумыс орнына барды. Барып оның шығыўын сырттан бақлап турды. Гүлзийра жумыс орнынан жүзинде күлки менен, нық қәдем атып шығып келер еди. Ал, оның қарсы алдында Нексия автомобилинен бир кишкене қыз түсип, Гүлзийра тәрепке қарай еки қолын жайып, қушағын ашып жуўырды:
- Ана, анажан! Туўылған күниңиз бенен! Бизлер сизди жумыстан алып кетиўге келдик, жүриң, енди кафеге барып туўылған күниңизди белгилеймиз! - деди қыз оны қушақлап, соң қолындағы бир дәсте гүлди анасына усынды. Оны машина алдында болса күйеўи күтип туратуғын еди.
Сол гезде журналист қыздың сораўына жуўап тапқандай болды: «Белгили инсанлардың үлкен жетискенликке ерисиўине ким менендур күтилмеген ушырасыўы себеп болады екен. Мәселен, Фаридиддин Аттор әпиўайы дәрўиштиң сын пикиринен жуўмақ шығарып, ал, голланд сүўретшиси Ван Гог болса француз сүўретшиси Гойя менен ушырасқаннан соң үлкен жетискенликке ериседи. Сизде өзиңиздиң өмириңизди пүткиллей өзгертип жиберген ушырасыўды еслей аласыз ба?» Ол бул сораўды өзинше бир қайталап ҳәм өзинше ишлей жуўап бер-ди: «Гөззал журналист пенен ушырасыўым мени өмирге ашық етти…»
Сахибжамал Есемуратова.
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Сиңлим ҳәм мен
Отырсам радиодан жаңалық еситип, Жас жигит қосығын айта баслады. Деген ўақта «Тек бир мәрте гөгек бер» Сиңлим ҳайран болып саўал таслады....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....