Bul mobil menyu orni/ testing....


    Мобил қолланбалар ҳәм технологиялар ҳаққында
    Мобил қурылмалар цифрлы ямаса сымсыз технологиялар арқалы локал ҳәм глобал тармақларға жалғаныўды тәмийинлеўши компакт қурылмалар болып табылады. Бүгинги күнде пайдаланыўшылар мәселесин шешиў ушын арналған Мобил қурылмалардың кең спектри усынылған.Олар тийкарынан әпиуайы телефонлар менен смартфон коммуникаторларда пайдаланылады.

    Мобил қурылмалар классифифкациясы
    Мобил қурылмалар түрлерине бола олардың бир неше категориялары бар:

    - соталық телефонлар
    - пейджерлер
    - смартфонлар
    - қалтада алып жүриў ушын қолайластырылған (КПК)
    - коммуникаторлар.

    Соталық телефонлар, портатив қурылма болып, тийкарғы хызмети сота тармағы арқалы даўыс байланыс хызметин усыныў. Соталық телефонлар әмелий программалар ушын арналмаған, операцион система менен басқарылады.

    Бүгинги күнде сота телефонлары сымсыз қурылмалар болып, олар тийкарынан Мобил қурылмалар базарында қолланылады. Көпшилик имканиятлар ишинде даўыс байланыслары кеңнен пайдаланылады, бирақ мағлыўматларды узатыўдың сымсыз протоколы есабынан ҳәм текстлик хабарлардың алмасыў мүмкиншилиги тийкарында мағлыўматларды узатыў ҳәм қайта ислеў бойынша басқа қолланбаларда шыға баслады.

    Әдетте бундай телефон өлшеми бойынша үлкен болмаған, мағлыўматларды киритиў ушын арналған 12-кнопкалы клавиатура типинде шығарылған. Соталық телефонлардың тийкарғы артықмашылығы олардан кеңнен қолланыў мүмкиншилиги, яғный пайдаланыўшылар ушын арналған конкрет қолланбаларды ислеп шығарыў мүмкин. Мысалы, бундай қолланбалар: трафик ҳаққындағы есабатлар, билет сатып алыў ямаса жаңалықларды оқыў. Бул қолланбалардың барлығында мағлыўматлардың шекленген қурамы бекитилген болып, егерде сиз корпоратив қолланбаны енгизиўди қәлесеңиз, мысалы, сатыўды жеделлестириў ямаса хызмет көрсетиў автоматизациясы, оның ушын күшли қурылма зәрүр.

    Соталық телефонларда сымсыз модемлер орнатылған болып, олар арқалы сымсыз тармақларға аңсат жалғаныў мүмкин. Пайдаланыўшы жалғанғаннан соң, модем даўыс байланысы ҳәм қолланба ретинде пайдаланылады, ямаса WAP арқалы сымсыз телефон байланысы бойынша, бир ўақыттың өзинде мағлыўматларды ҳәм даўыс байланысларын узатыў мүмкншилигине ийе. Соның менен бирге соталық телефонлар текстли хабарларды алмасыў мүмкиншилигине де ийе. Бундай хабарлар узынлығы, 160 символдан артпағанлықтан, бул қурылмалардың киритиў мүмкиншилиги жеткиликли. Басқа тәрептен алып қарайтуғын болсақ, телефон батареяларының узақ ўақыт даўамында пайдаланыў мүмкиншилиги артықмашылық сыпатындағы тағы бир имканияты. Соталық телефонлардың шекленген қуўатлылығы, аккумулятор зарядын үнемлеўди тәмийинлейди, ҳәм бул есап бойынша оларды узақ ўақыт пайдаланыў мүмкин.

    Пейджерлер
    Пайдаланыўшылар арасында қысқа текстли хабарларды алмасыў мүмкиншилигин тәмийинлейди. Әдетте бул қолланбалар өндириўшилер тәрепинен жүкленип, модернизацияланбайды.Бул қурылмалар мағлыўматларды узатыўда жүдә әҳмийетли бирақ ири қолланбаларға онша туўра келмейди. Бул қолланбалар жеке операцион системалар базасында ислейди.

    Әпиуайы смартфонлар
    Бул қурылмалар локал қолланбаларды жалғаў ҳәм қоңыраўларды әмелге асырыў ушын арналған. Веб-телефон сыяқлы бул даўыс қурылмасы даўыс байланысының мүмкиншилиги тийкарында ислейди. Сақлаў көлеми, қайта ислеў қуўатлылығы ҳәм көринис өлшемлериниң мүмкиншиликлери шекленген. Олар формасы ҳәм дисплей өлшеми бойынша веб-қурылмаларға ийе, бирақ қолланбалардың локал тәртипте ислеўин әмелге асырады.

    Пайдаланыўшы, конфигурацияны кеңейтпестен ақ, оны қолланыў мүмкин. Соның менен бирге қурылма, онша үлкен болмаған процессорға ҳәм киши яд көлемине ийе болғанлықтан, олар бир заряд аккумуляторында бир неше күн ислеўи мүмкин. Қурылма мүмкиншилиги пайдаланыўшы тәрепинен қосымша қолланбаларды жүклеў арқалы кеңейеди.

    Бүгинги күнде Samsung, Apple, LG, HTC, Nokia, Sony ҳәм Motorola компаниялары корпоратив базарға бағдарланған қурылмаларды яғный кәсибий смартфонларды жаратпақта. Бундай қолланбалар даўыс байланысы менен бирге интеллектуал клиент қолланбалар ушында қолланылады.

    Әдетте олар флиптоп механизми тийкарында ислейди,олар жабық ҳалатында үлкен сота телефоны сыпатында көринеди ҳәм онша үлкен болмаған экранға ҳәм 12-белгидеги клавиатураға ийе (сенсорлы). Бул қурылма процессорлары локал қолланбаларды жалғаў ҳәм сымсыз Интернет-қолланбаларда пайдаланылады.Қурылма браузери реңли графикада бериледи ҳәм WML ямаса HTML тийкарында мультимедианы қолланыў мүмкин.

    Смартфонлар, пейджер ҳәм сота телефонлары сыяқлы бир неше күн бир заряд аккумуляторында ислейди. Бүгинги күнде смартфонлардың соңғы модели қолайлы яд көлемине ийе, толық операцион системаны усынады. Смартфонларда кеңнен тарқалған операцион системалар булар-Android, Windows, Palm OS, Pocket PC Phone Edition ҳәм Windows Mobile 7.

    Қалтада алып жүриў ушын арналған ПК
    Бул портатив қурылмаға операцион система орнатылып, ол әмелий программаларды орнатыў ҳәм орынлаў мүмкиншилигин тәмийинлейди. Бул қурылма Мобил қурылмалар базарында тийкарғы орында турады. Бул қурылма пайдаланыўшыға сенсорлы киритиў мүмкиншилигин тәмийинлейди. Бул қурылма бир ўақыттың өзинде жалғанады ҳәм өшириледи.Оны қолланбастан алдын қайта жүкленбейди. Көпшилик соңғы моделлерде сымсыз модемлер орнатылған. Модемлер орнатпасына ийе болмаған қурылма, слотқа ийе ҳәм ол арқалы сымсыз модем жалғанады.

    Бул сегментте кеңнен тарқалған қурылма Palm ҳәм Pocket PC. Бүгинги күнде корпоратив пайдаланыўшылар ушын қолайластырылған Pocket PC қурылмасы мүмкиншиликлери артыррылып барылмақта. Palm-қурылмалар монохром ҳәм реңли түрлерде усынылады оларды алып жүриў жүдә қолайлы,салмағы 225 грамм муғдарында.

    Palm-қурылмалар формасы бойынша қолайлы болғаны менен олардың мағлыўматларды сақлаўы ҳәм өнимдарлығы белгиленген дәрежелерге жуўап бермейди. Көпшилик Palm-қурылмалар яд көлеми менен процессор өлшеми 8 ден 32 мегабайт муғдарындағы операцион системаға тийкарланады ҳәм 33 МГц өлшемде ислейди.

    Pocket PC базасындағы көпшилик қурылмалар 32 МБ тан 64 МБ өлшемдеги оператив яды 400 МГц жийиликте ислейди. Қосымша есаплаў қуўатлылығы, Windows CE операцион системасын жалғаў ушын арналып ол Palm ОС күшлирек. Жоқары қуўатлылықтың кемшилиги соннан ибарат яғный ол аккумулятор энергиясын қолланыўға кери тәсир етеди. Palm-қурылмалар бир зарядлы батареяда бир неше күн ислеўи мүмкин, ал Pocket PC әдетте ҳәр күни зарядланыўы керек. Бул қурылмалар дәслебинде цифрлы жәрдемши ретинде шығарылып тийкарынан интерфейсинде календарь, контактлер дизими ҳәм жумыслар дизими қолланбаларын қамтыған. Ал мультимедиалық мүмкиншиликлерди Pocket PC қурылмасы иске асырады. Бул қурылмада Microsoft Word ҳәм Excel мүмкиншиликлерин қолланыўға болады.

    Бул қурылмалардың тутыныў ҳәм корпоратив усыныларын айырып билиў ушын оның еки суббренди усынылған: Tungsten ҳәм Zire

    Palm өниминиң Tungsten семействосы кәрханалар ушын арналған. Булар қурамалы ИТ мәселелерин шешиўде аппаратлық қуўатлылық пенен программалық мүмкиншиликлерди бирлестиреди. Palm өниминиң Zire семействосы тутыныў базары ушын арналып ол конструкциялық қолланыўшылығы бойынша әпиуайы болған төмен баҳадағы қурылма.

    Сымсыз байланыс ҳаққында сөз болғанда, көпшилик КПК ушын модем қосымша компонент сыпатында талап етиледи. Әдетте бул кеңейтпели слот арқалы ерисиледи. Модемди қолланыў қосымша баҳаны пайда етип, КПК қурамалылығын арттырады. Көпшилик жағдайларда мағлыўматлар узатылыўы керек болғанда, пайдаланыўшылар сымсыз тармаққа жалғанып, узатыў тамамланғанда олар үзилиске түсириледи. Демек, олар бәрҳама тармаққа жалғанып турмайды, себеби бундай қурылмаларда мағлыўматлар жүклениўи жүдә қурамалы.

    Бүгинги күнде соталық телефонлар әмелий программалардың орынланыўында тәмийинлемекте. Ал смартфонлар менен коммуникаторларда функционаллық мүмкиншиликлер дерлик шекленбеген. Мысалы, Андроид платформасында соталық телефонның программалық модулин алмастырыўда мүмкин.

    Коммуникаторлар - Windows Mobile операцион система басқарыўындағы қурылма. Смартфонлар- қосымша қолланба мүмкиншиликлерин тәмийинлеўши операцион системаға ийе телефонлар. КПК лар ҳәм коммуникаторлар ушын мағлыўматларды киритиўдиң стандарт қуралы бул сенсорлы экран болып табылады.



    Таярлаған: Калмуратов Б.
    Пайдаланылған әдебият:
    В.В. Соколова “РАЗРАБОТКА МОБИЛЬНЫХ ПРИЛОЖЕНИЙ” , Издательство, Томского политехнического университета 2011

    Xabar-line bo'limi | 10-iyul, 2014 jıl
    Bul bet 1876 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Ubaydullaev 6 sentyabr 2014 16:25

    усындай макалалардан кобирек жазыу керек. мумкин болса ИТ бойынша жана болим ашып, каракалпакша лекциялар жайгастырсаныз жаксы болар еди.

    Сымсыз технология байланысларының раўажланыўы ҳәм мобил б ...

    Бүгинги күн жәмийети әсте ақырынлық пенен электрон бизнестен мобилликке өтип атыр. Егерде электрон технологиялар мағлыўматтың толықлығын ҳәм олар менен...

    Компьютер ушын 3D кеңисликте тышқаншаның орнына қан ...

    Компьютер пайдаланыўшыларына компьютердиң үш өлшемли кеңислигинде ислеў ушын жаңа усыллар зәрүр. Алымлар оның шешимин тапқанға уқсайды. Биз бүгинги...

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Алтын гүз

    Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • “Du’nya”

    Du’nya quralg’an eki na’rseden,
    Biri jaqsılıqdur biri jamanlıq,
    Bul eki na’rse ten’ ju’rip birge,
    İnsannın’ kewlinde bolg’an a’zelden.

      
    02-aprel, 2013 jıl. 2031 ret ko'rildi


  • Шаңарақ

    Жүрекке жақсылық жақса шамшырақ,
    Мийўеси перзентдур жаманлык жырақ,
    Нурлары жарқырап көбейип урпақ,
    Муҳаббаттан тикленгенде шаңарақ.

      
    16-may, 2015 jıl. 2293 ret ko'rildi


  • Садық еди.

    Бой жетпеген жулдызға қол созыппан.
    Айыбым не көп қыйналдым азаптан.
    Таслап кеткениңди кейин аңлаппан.
    Жалғыз мухаббатым садық.

      
    20-yanvar, 2016 jıl. 2630 ret ko'rildi


  • Жигит журты

    Ер жигиттиң үш журты бар деседи,
    Дайы журты ,қәйин журты,өз журты,
    Ата сораўыма жуўап берсеңиз,
    Ең ишинде жағдайлысы қай журты?

      
    01-avgust, 2014 jıl. 5014 ret ko'rildi


  • Қаратаў

    Нешше мың жыллар ертеде,
    Атылды вулкан аспанға.
    Ериди топырақ, өртене,
    Айланып қалды тасларға.

      
    04-may, 2016 jıl. 2169 ret ko'rildi


  • Mehmon bo’lgin

    Uyingga kelsa mehmon,
    Eng avvalo qo’ygin non.
    Hol-ahvolin bil so’rab,
    Yaxshi yomonin tinglab.

      
    06-yanvar, 2015 jıl. 2309 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Исеним

    Айлы ақшамларда зүлметке батып,
    Соңынан мәниссиз таңларым атып,
    Өзимди исеним менен жубатып,
    Ойым мың қыялға талғандай болды.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2043 ret ko'rildi


  • Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң,
    Жүрдим излериңде пәрўанаң болып.
    Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан,
    Қалайық ҳәмийше бизлер дос болып.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 5393 ret ko'rildi


  • Istardim!

    Orzularim armon bo’lmasa,
    Bu hayotim yolg’on bo’lmasa,
    Muxabbatim xazon bo’lmasa,
    Sevib sevilishni istardim men ham.

      
    19-mart, 2013 jıl. 2343 ret ko'rildi


  • Seni o’ylab!

    Seni o’ylab ko’zimdan yoshlar to’kildi
    Seni deya mag’rurgina qaddim bukildi
    Bu xolimni ko’rib dushmanlar kuldi
    Dardim ichimdadir ayta olmayman
    Shunda ham hech sendan kecha olmayman!!!

      
    12-mart, 2013 jıl. 4398 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.