XIX әсир қарақалпақ әдебиятының көркем сөз шебери Бердақ бабамыздың айтқанындай
«Ақылы кәмил илими зор, билимли ел болмайды қор ».
Ҳақыйқатында да, барлық ақыллы адамлардың ой-пикирлерин бир жерге жәмлейтуғын, олардың сана-сезимин, ой-өрисин беккемлейтуғын ҳәм тереңлестиретуғын күш-қудирет ийеси әлбетте бул,-китап. Сонлықтан да муқаддес «Қуран» да «Бесиктен қәбирге шекем билим изле»-деген ибара бийкарға айтылмаған. Бүгинги күнде республикамызда халықты ғалаба саўатландырыў бағдарында жедел жумыслар алып барылмақта. Буның айқын дәлили сыпатында республикамыз ғәрезсизликке ерискеннен соң, китап дүканларының күн сайын артып барыўлары, мектеплерде, орта ҳәм жоқары оқыў орынларында оқыўшылардың, сабақлық китаплар менен толық тәмийнлениўи, ғалаба хабар қуралларының ҳәм баспа сөз орайларының нәтийжели жумыс алып барып атырғанлығын ҳәм усындай имкәниятлар нәтийжесинде, ҳәзирги ўақытта Өзбекистан Республикасы билимлендириў тараўы бойынша жер жүзинде екинши орында туратуғынлығын мақтаныш пенен айтып өтиўимиз зәрүр.
Китапты ой-пикирлер ғәзийнеси деп атаўымыздың мәниси: жер жүзинде, китаптай уллы билимлер шоққысы жоқ екенлиги ҳәммемизге мәлим. Себеби китапты оқыса биринши нәўбетте адамның ойы, пикири раўажланады. Мәселен, Қарақалпақ халқының уллы классик шайыры Әжинияз Қосыбай улы Наўайының, Мақтымқулының дөретпелерин үйрениў арқалы әдебиятымызға жаңаша пикирлерди, шығыс ойшылларының қосық қурылысындағы жанрларды әдебиятымызға алып келди ҳәм раўажландырды. Ал, Бердақ бабамыздың дөретпелери арқалы ол өзиниң ой-өрисин раўажландырыў ушын, Наўайыдан, Физулийдан саўат ашып, Арасту, Афлатунлердиң пикирин, билиў ушын мағрифат, яғный билим излегенлерин, билемиз. Сондай-ақ рус шайыры А.С Пушкинниң дөретпелерин үйрениў арқалы Өзбекистан Қаҳарманы, шайыр Ибрайым Юсуповтың дөретиўшилигине жаңа пикирлер, жаңа тематикалар кирип келгени мәлим. Буған дәлил сыпатында Пушкинниң дөретиўшилигинде «Бақша сарай фонтаны», И.Юсуповта «Ески фонтан ертеги» ҳ.т.б атап өтиў орынлы.
Китаплар инсанның тек ғана ой-пикирин раўажландырып қоймай, инсанды ҳәр тәреплеме турмысқа тәрбиялайды. Сабырлылыққа, пәкликке, ҳадаллыққа, кишипейилликке үйретеди.Мысалы XV әсирде жасап өткен Англияның уллы гуманист драматурги В.Шекспирдиң «Гамлет» трагедиясы арқалы шаңарактың ар-намысын қорғаўды, Ўатанға садықлықты соның менен бирге әшкөзлик, ҳәмелпаразлық, сатқынлық усаған пәс иллетлердиң ашынарлы ақыбетлерин, қалаберсе усындай минез-қулықтан жырақ болыўды үйренсек,
Қырғыз әдебиятының көрнекли ўәкили Ш.Айтматовтың «Ана жер ана», «Ыразы бол Гүлсары», «Боранлы бәндирги» сыяқлы шығармалары, инсанды сабыр тақатлы болыўға, мийнет пенен шынығыўға, Ўатан алдындағы, шаңарақ алдындағы ўазыйпаларды орынлаўға ийтермелейди. Сондай-ақ Қазак әдебиятында Абай Қунанбай улының дөретпелери өз оқыўшыларын илимли, билимли болыўға, өз үстиңде көбирек излениўге, сүйген ярыңа опалы болыўға үйретсе, өзбек әдебиятында А.Қодирийдиң «Өткен күнлер» романы, А.Орипов поэзиялық дөретпелери арқалы миллийлигимизди қәдирлеў, ата-ана алдындағы жуўапкершиликти билиўдей сезимлерди уғынамыз, Ўатан әдебиятымыздың әжайип дөретпелери болса гүллан халқымызды аўызбиршиликли, кең пейил, ҳадал болыўдай ийгиликли ислерге жетелейди. Олардан Т.Қайыпбергеновтың романлары арқалы тарихымызды үйренсек, И.Юсупов дөретпелери арқалы жәҳән әдебиятын, мәдениятын, көркем сөз-шеберлерин, соның менен бирге тәқирарланбас баҳалы пикирлер ғәзийнесине ийе боламыз. Ғәрезсизлик дәўириндеги қарақалпақ әдебияты арқалы, еркинликти қолдан бермеўди, алға илгерилеўди, Ҳүрметли Президентимиз айтқанындай, «Елим деп, журтым деп жанып жасаўды» үйренип атырмыз.
Сонлықтанда китаплар өз оқыўшысы ушын сыйқырлы дүнья: Олар адамларды биресе күлдиреди, биресе жылатады. Базы да Ромео, Таҳир, Ғәриплердей болып мухаббат ышқында өртенсең, базы да Пушкин, Наўайы, Әжинияз болып қолыңа қәлем алып қосық жазғың келеди. Соның ушын да китап инсанның сырласатуғын, сени сатпайтуғын, жақсы ҳәм жаман күнлериңде де қасыңда бола алатуғын, керек ўақтында пайдалы мәсләҳәтлерин сеннен аямайтуғын садық досты, билимлер булағы.
Усы орында Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, «Өзбекистан қаҳарманы» Төлепберген Қайыпбергеновтың «Қарақалпақнама» роман-эссесинде китап ҳаққында айтылған төмендеги пикирлерин келтирип өтиў орынлы-:
«Китап адамға ең садық, ең дана, ең дилўар дос.. Китаптың мухабасын иши адамларға толы жайдың есиги деп түсин. Ҳәр қандай қыйын жағдайда сол есикти ашыўға тартынба! Еринбе! Ишиндеги адамлар дәрриў сениң менен сөйлеседи, сырласады». –деген еди.
Өз гезегинде китап оқымаў, анығырағы билимсизлик, инсанның ой-пикирин сайызлатып, оны ең бир төмен болған ғалабалық мәденияттың зыянлы түрлери-бийпәрўалыққа, ериншекликке, тәртипсизликке, бийәдеплиликке, диний экстремистлик усаған топарларға қосылып кетиўге ҳәм наданлыққа жетелейди. Бийпәрўалық жәмийетимизде жоқ нәрсе емес. Бизде ҳәр тәреплеме имкәният жаратылғаны менен олардан толық пайдаланбай, көшеде ойын-күлки, шадды-қоррамлық қылып жүрген яки болмаса мәниссиз, дузсыз сөзлерди жазып интернетте бийкарға ўақытын өткерип отырған жасларымыз талай ғана.
Усындай иллетлерден жырақ болыў ушын Президентимиз И.А.Каримов өзиниң «Жоқары мәнаўият жеңилмес күш» атлы китабында философлардың бийпәрўалық ҳаққында айтқан пикирлерин келтирип өтеди: «…Бийпәрўа адамлардан қорық-олар сени өлтирмейди де, сатпайды да тек олардың тым-тырыс ҳәм бийпәрўа қарап турыўы себепли жер жүзинде қыянет ҳәм адам өлтириўшиликлер жүз бере береди»-деп жазады.
Сондай-ақ бийпәрўалық жәҳән әдебиятында антик дәўирлерден берли әшкараланып, қатаң сынға алынып келеди. Мысал ушын, Италия шайыры Данте Алигери өзиниң «Иләҳийда» комедиясы менен дүньяға белгили. Усы жерде айтып өтетуғын нәрсе шайыр, бийпәрўа инсанларды ҳәтте дозаққа да киргизбейди. Ол дозаққа кирип киятырғанында шаң менен тозаң да, ысрапыл даўыл да, дозаққа кирейин деп жалынып , есигин қағып турған, жәмийетке бир түйир пайдасы тиймей, шыбын сыяқлы өлип кеткен инсанларды ашынарлы етип көрсетеди ҳәм солайынша жазалайды.
Оларды туўры жолға тартыў ушын биз бир алақан болып, бес бармақты өзимизге бириктире алыўымыз лазым. Сондай-ақ биз жоқарыда сөз еткен бийпәрўалықты, бос ўақытты жеңиў ушын дыққатымызды жылаўлап алып әдебий китаплардың қасына келип тоқтап өтиўге де үлгериўимиз керек. Бул өз гезегинде заман талабы, оқыйман, изленемен дегенлер ушын шәраят көп, бирақ оннан нәтийжели пайдаланыў ҳәр кимниң өз ўазыйпасы.
Мысалы Қарақалпақстан халық жазыўшысы Г.Есемуратованың «Көзсиз гүбелек» повестинде Заретдин жүдә талапшаң ата-анасының сүйениши, мақтанышы болады. Бир күнлери Пердегүл менен танысқаннан кейин ол, улыўма өзгереди. Биринши мухаббат оған күшли тәсир етеди. Заретдин мухаббаттың қулы болады. Сүйиклиси Пердегүл болса оның менен есапласпайды, ҳәтте оның ата-анасын, туўысқанларын да ҳүрметлемейди, хызметин де ислемейди. Гүбелек сыяқлы мухаббат отына күйген Заретдин перзентлик ҳәм туўысқанлық миннетлемелерин умытады. Не ушын? Себеби ол турмыслық шығармалар менен таныспаған, тек ғана өзин ойлайтуғын, ой-пикири сайыз Пердегүлге жолықты. Заретдин оған ерип өзиниң перзентлик ўазыйпасын, туўысқанлық миннетлемелерин умытады. Егерде ол «атасын өлимнен сақлап қалған бала» хаккындағы ески рәўиятты оқығанда, Заретдинниң ата-анасына деген мийримзизлик орнына меҳир оянған болар еди. Гогольдиң «Шинель» повестин алып қарайық. Онда Патша Россиясы дәўиринде мәмлекетте ҳуқықы жоқ кишкене адам образы берилген. Бул повести оқып отырып менде мынадай пикирлер пайда болды. Мен сол дәўирлерде Патша Россиясында яки әййемги заманлардағы қулшылық дәўирлерде емес, ҳәзирги дәўирде баҳытлы елдиң, бахытлы қызы болып жасап атырғанымнан куўанышлыман. Бизге усындай имқәният берилген екен оннан нәтийжели пайдаланып қалыўымыз керек.
Сол себепли еледе билимлендириўди раўажландырыў мақсетинде заманласларымызға ең ақырғы оқыған әдебий китабыңыз қандай?- деп сораў менен жүзленгенимизде, көпшилиги билмедим ямаса китап оқыўға ўақтым жоқ,- деп жуўап береди. Бул, әлбетте, раўажланып баратырған елимиз жаслары ушын жарасықлы ис емес.
Бул ҳаққында жазыўшы Т.Қайыпбергенов «Қарақалпақнама» роман-эссесиниң кирисиў бөлиминде төмендеги мағлыўматларды келтирип өтеди: «Ҳәммемизге белгили, ҳәзир ғалаба хабар қураллары шексиз. Сол себепли айрым жаслар жигирмаға толмай турып-ақ жүдә көп нәрсени биледи, китап оқыўды өзлери ушын артықша жүк деп есаплайды. …».-.
Улыўмаластырып айтқанда, халқымызда «Оқығанды қойған адам, ойланғанды да қояды» деген даналық гәп бар. Бул дегени китап ой-пикирлер ғәзийнеси. Солай екен биз, дүнья жаслары менен бәсекилесе алатуғын дәрежеде терең билим алып, халқымыздың ҳәм ҳүрметли Президентимиздиң биз жасларға билдирип атырған исенимин ақлаўымыз керек. Бүгин бир адым алға қәдем тасласақ, ертең еки адым алға илгерилеймиз, егер бүгин бир адым артқа шегинсек, ертең алға қәдем таслаўымыз қыйынласады. Сонлықтан да халқымыз «ҳәрекетке-берекет», «Илимли елге нур жаўар» деп бийкарға айтпаған. Мәмлекетимиз раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алыўында, алға илгерилеўинде руўхый байлығы күшли, илимли ҳәм терең билимли жасларымыз, елимизге суўдай, ҳаўадай зәрүр.
Усы орында жасларымыздың китап оқыўға болған сүйиспеншилигин еле де асырыў ушын, мен төмендеги пикирлерди усыныс етип қаламан.
• Бириншиден жарық көрген ҳәм баспаға таярланып атырған китапларды республика көлеминде үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестириў, китап ярмаркаларын жийи-жийи өткериў.
• Екиншиден әдебий көркем китаплардың мазмунын толық ашып бериў ушын, әдебиятшы алымлар тәрепинен сын пикирлердиң нәтийжели қолға алыныўы. Себеби әдебий сын жақсы болса, китаптың мазмуны жақсы болады.
• Үшиншиден Туўысқан халықлар менен дослық декадалардың белгили жазыўшы-шайырлар менен ушырасыўлар, таза шығармалар бойынша жаслар арасында диспутлар, презентациялар, семинар-тренинглердиң көплеп өткерилиўи.
• Төртиншиден Теле көрсетиўлерде китаплар ушын арналған кызықлы рубрикалардың, сол китапты оқыў ушын халықта қызығыўшылык оятқандай рекламалардың берилип барыўлары
• Бесиншиден жасларымыз тәрепинен көркем аўдармалардың қолға алыныўы нәтийжесинде ең белгили шығармаларымызды жәҳән әдебиятына киргизиў ҳ.т.б дан ибарат.
Усынысларымның соңында устазымыз, Қарақалпақстан халық шайыры Толыбай Қабуловтың «Әдебиятшы адамларға хат» қосығынан үзиндилер келтирип өтпекшимен:
Қайдасызлар әдебиятшы алымлар,
Қайда кетти жүректеги жалынлар,
Ҳеш болмаса ийни келген жеринде,
Жаўмасаңда бир гүркиреп қалыңлар
Өзбекстанға мийнети синген журналист, шайыр Халила Дәўлетназаровтың биз жасларға қарата: «Егер маған жаслығым және бир рет қайтарып берилсе, биринши нәўбетте китаптан қол үзбеген болар едим. Себеби китап руўхый жақтан езилгениңде, шаршағаныңда саған қол-қанат, бийминнет жәрдемши болатуғын сырлас дос екен»- деп айтқан пикирлерин келтирип өтиўди орынлы деп есаплайман.
Демек солай екен, ҳүрметли жаслар, əзиз заманласлар жаслық инсанға тек ғана бир мəрте берилетуғын байлық ҳəм тəкирарланбайтуғын имкəният. Бул алтын дəўирден нəтийжели пайдаланып, ўақтымызды бийкар өткермей, китап деп аталмыш ой-пикирлер ғəзийесинен нəр алып, илим-билимниң ең бийик шоққыларын йелесек, Президентимиз айтқан «Өзбекистан келешеги уллы мəмлекет» болыўына биз үлесимизди қосқан боламыз.
Ибрайимова Гөззал
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты
Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты
Факультетиниң 3в курс студенти
Бахыт ҳәўес етсин маған
Көз тиймегей менде жүрек, Нийетлерге толы мәкән, Бирақ, Бахыт неге керек? Бахыт ҳәўес етсин маған....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...