Ерте дәўирлерден баслап қарақалпақ ҳалқының мақтанышы ҳәм суйениши болған жыраў, бақсылар қолына қобыз, дуўтар алып дәстанларды, толғаўларды атқарып ҳалық арасында әдебий-көркем усылында атқарып ҳалқымыздың руўхый байлығын асрап келген.
Тарийҳый дереклерге қарағанымызда көркем-өнердиң сағасы болып биринши жыраўшылық өнери раўажлана баслаған, соңынан болса бақсышылық өнери кең раўажланған. Бақсылар жыраўларға қарағанда кейинирек пайда болған. Бирақ соған қарамастан бақсылар репертуарлары жыраўлар репертуары уқсап оғада көп. Демек бул бақсышылық өнериниң жоқары дәрежеде раўажланғанынан дерек береди. Мине усындай көркем-өнердиң сағасы болған жыраў, бақсылар мәденият тараўына үлкен үлесин қосқан екен, бүгинги күнниң жас жыраў, бақсыларыда сол ата-бабаларымыздай мәденият тараўына азда болса өз улесин қосып атыр деп айта аламыз.
Жақында ғана жоқары оқыў орынлары арасында “Китапқумарлар байрамы” мәдений-ағартыўшылық таңлаўының Қарақалпақстан республикалық басқышы болып өтти. Бул таңлаў 5-жөнелисте өткерилди. Ал биз Университет студентлери сол таңлаўдың 5-жөнелисинде яғный “Шығармалардан жаралған қосықлар” жөнелисине қатнастық. Бунда мен жыраў Саламат Аяпов ҳәм бақсы Ерисбай Асқаров екеўимиз жыраў менен бақсы қосылып яғный (дует) болып, “Ибрайым Юсупов” сөзине, “Шаңқай” қобыз намасына “Шөгирме” қосығын атқарып шықтық. Усы жерде бир нәрсеге тоқтап өтсем: Жыраў, бақсы пайда болғалы бери тап бүгинги күнге шекем бундай нәрсе, жыраў менен бақсы қосылып бирге айтыў деген ҳеш болмаған. Ал биз жаслар буны әмелде бир сынап көрейик деген ой менен ҳәрекет еттик. Бул өзи-өзинен болмады, буған қанша ўақыт, мийнет, таярлықлар кетти. Бул нама қобыз намасы болғаны ушын бақсы достыма бул қосықты айтыў қыйынлаў болды деп ойлайман. Себеби Ерисбай бул наманы биринши дуўтарда шертип уйренди, кейин шөгирме қосығын намаға салып айтты, соңынан ырғақларын қосып бирге қосылып айтып уйренди. Ал мен болсам бурын тек ғана қобызда атқарып журген репертуарларымның бири болғанлықтан маған оншелли қыйын болмады.
Мине солай етип бул қосықты биринши мәрте таңлаўда алып шықтық. Бул қосық өзимиз күткенимиздей тамаша қылып отырғанлардың журек төринен орын алды. Ең баслысы бул төрешилеримизгеде унады ҳәм таңлаў жуўмағында бизди I-орын менен сыйлықлап бас төреши болған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына ҳызмет көрсеткен көркем-өнер ғайраткери, компазитор Нажимаддин Мухаммеддинов өз сөзинде “Бүгин мәденият тараўында және бир жаңалық болды, буған бул еки жасларымыз жыраў менен бақсымыз азда болса өз улесин қосты” деген еди, әлбетте бул сөз бизлерге әдеўир күш ҳәм түртки болды.
Арадан бир неше күн өтип Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик сазлы театрында Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновлардың 85-жыллық юбелейине бағышланған үлкен концерт болып өтти. Бул концерттеде сол “Шөгирме” қосығын, сол жыраў, бақсы қосылып атқарған қосығымызды атқардық. Ол жерде де жыйналып отырған тамащагөйлеримизге, жасы улкен ақсақалларымызға унады ҳәм концерт соңында өз миннетдаршылығын билдирди.
Бизлерде усындай исти ислеп университетимиздиң, устазларымыздың, қала берсе өзлеримиздиң атларымызды шығарғанымыздан жудә-жудә қуўандық. Әлбетте бизлер тек бул менен шекленип қалмаймыз, керисинше еледе излениўди даўам ете беремиз.
Саламат Аяпов.
Дыққат, миллий дуэт
Қарақалпақ миллий эстрадасында жаңаша стильдеги дуэт дүньяға келди. «Китапқумарлар байрамы» таңлаўының «Шығармалардан жаралған намалар» шәрти ушын...
Дуз ҳаққында әпсана
Ерте заманларда жерде дуз бар болса да, адамлар оның пайдасын биле алмай, аўқатларын дузсыз жейтуғын болған. Дуздың дәслеп табылғанлығы ҳаққында халық...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Қарақалпақта
Үстинде бар нағышлы киймешеги, Маржан тақыя жарасықлы пөпеги, Келиншеклер кийер жегде жипекли, Көк көйлекли қызлар қарақалпақта....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....