Bul mobil menyu orni/ testing....


    Ат жылы кимге қалай келеди? (Жулдызлар болжаўы)
    Ат жылы кимге қалай келеди? (Жулдызлар болжаўы)

    2014 жыл ат киби ойын-заўыққа толы жыл болыўы мүмкин. Лекин жумыста ҳәм өмирде күтилмеген ўақыяларда болыўы күтилмекте. Барлығы бир қәлипте болмаўы да мүмкин. Ат жылында епшиллик зыян етпейди. Атлар ойын-заўықты хош көреди. Сол ушында жаңа жылды үйге қонақ шақырып яки ҳәр қыйлы ойын ойнап күтип алған мақул болады. Жыл басынан баслап барлық белги астында туўылған өзгеше күш-ғайратты сезеди. Бул нәрсе жылдың ақырына шекем сақланып турады.

    ҚОЙ
    Ден саўлығы: Бул жылы қойлар өзине итибарлы болыўы керек. Организмди шеннен тыс зорықтырып алмай, анда-санда болса да дем алып алыў лазым.

    Жумысы: Қойлардың профессионаллық искерлиги бир тегис өтеди. Лекин азы-кем қыйыншылық та ушырасады. Бул қыйыншылық Адам факторы менен байланыслы болыўы мүмкин. Буның ушын барлық адамға исене бермей, итибарлы болыў керек. Илим ҳәм дөретиўшылық пенен шуғылланатуғын қойлар ушын жыл әўметли келеди.

    Дәраматы: 2014-жылы олар көп жумыс ислейди ҳәм жақсы пайда табады. Шаңараққа күтилмеген дәрамат көзи қосымша айлық алыў яки лотереядан утыс шығыўы да мүмкин. Соның менен бирге қойлардың шығыны да көп болады.


    БУҒА
    Ден саўлығы: 2014-жылы буғалар ушын ден саўлығы биринши орынға шығады. Әсиресе, ҳәр бир мәўсимде ушырасатуғын тымаўды да жеңил өткизеди. Жаман әдетлер болған темеки шегиў, насыбай атыў усаған әдетлерден қутылыў жолларын излестиреди.

    Жумысы: Буғалар жумыс орнында алға илгерилеў ушын ҳәрекет етиў керек екенлигин түсинип жетеди. Жаңа жылдың дәслепки айларын тосқынлыққа бай болыўы мүмкин. Буның баслы себеби өзине болған исенимниң ҳәлсиз екенлиги есапланады. Сол ушын өзине болған исенимди арттырыўы лазым.

    Дәраматы: Бул жылы пайдалы болыўы мүмкин. Қосымша дәрамат көзи де ашылыўы итималы бар.


    ЕГИЗЕКЛЕР
    Ден саўлығы: Әсиресе узаққа созылатуғын аўырыўға шатылғанлар жеңиллениўдиң епкинин сезеди.

    Жумысы: Профессионал искерлиги текшеме-текше өсип барады. Жыл қыйын басланғаны менен кейин ала жағдай жеңил түс ала баслайды. Жазда жумыс кестеси тығыз болған егизеклер дем алысқа шығады, гүзде болса жумысында өсиў болыўы мүмкин.

    Дәраматы: Егизеклерге дәрамат күтилмегенде келиўи мүмкин. Сол ушын егизеклер бул жағдайға бар итибары менен қараўы керек болады.


    ШАЯН:
    Ден саўлығы: Ден саўлығы қәўетерге салыўы мүмкин. Сол ушын өз ўақтында шыпакерге ушырасып аўырыўдың алдын алыўды жулдызлар болжаў жасайди. Әсиресе, таза ҳаўа көп болыў ҳәм өз ўақытындағы уйқы барлық машқалалардың алдын алады.

    Жумыс: Ат жылында шаянлардың өмиринде ҳәр қыйлы ўақыялар жүз бериўи мүмкин. Ат жылы шаянларды сынап көреди. Лекин, бундай сынақтан кейин шаянлар өзлерине жақсы жағдай жаратып алады.

    Дәраматы: Жылдың биринши ярымы финанслық мәселеде тыныш ҳәм бир тегис болыўы мүмкин. Жылдың екинши ярымы болса болжаў қыйын. Лекин ҳәр қыйлы жобаларда иске асыўы мүмкин.


    АРЫСЛАН
    Ден саўлығы: Арысланлар жылдың дәслепки айларында жумыстан шаршаўы, уйқысызлық болыўы мүмкин. Ең қәўипли айлар июнь ҳәм декабрь айлар болыўы мүмкин. Егер қыйын жағдайды да жақсы кейпият пенен жеңип өтиўге ҳәрекет етеди.

    Жумысы: Ат жылы арысланлар ушын қолайлы жыл. Олардың қолына әўмет қусы қоныўы мүмкин. Бул жылы туўылғанлар өз жумыс орнынан қанаатланыўы мүмкин. Буның ушын көп жумыс ислеп, мийнеттен қашпаў лазым.

    Дәраматы: Дәрамат жағынан 2014-жыл қыйынлаў болыўы мүмкин. Егер мүшкил жағдайға түскенде басқаларды айыплы етпестен, из-излик пенен шешиўге ҳәрекет етиўи керек болады. Ҳәр қандай машқаланы әсте-ақырынлық пенен шешиледи, буның ушын сабырлы болыў лазым.


    ПЕРИ
    Ден саўлығы: Ден саўлығы менен байланыслы болған машқалалар кеўилдегидей шешимин табады. Соның менен бирге медициналық бақлаўдан өтиўди, өз ўақытында уйықлап, дурыс аўқатланыўды умытпаў керек.

    Жумысы: 2014-жыл жумыс бабында әўметли келеди. Перилер қолына алған жумысын ақырына жеткере алады. Жумыс орнын өзгертсе де жаңа жумыс орнында кеўилдегидей ислеп кетеди. Әсиресе, апрель ҳәм май айының орталары әўметли келеди, бул дәўирде қолына алған жумыслары сәтли шешимин табады. Май айының ақыры ҳәм июнь айында перилердиң өмиринде әҳмийетли ўақыт жүз береди.

    Дәраматы: Перилерди ат жылы күтилмеген нәрсе күтип турады. Лекин бәҳәрге қарап перилердиң өмиринде әжайып жаңалық болады. Перилер жаз бойы жоқары кейпиятта жүреди.


    ТӘРЕЗИ
    Ден саўлық: Жаңа жыл тәрезиден белсенди болыўды талап етеди. Буның ушын шараятты өзгертиў керек. Бул нәрсе аўырманлықты жеңиллетиўге жәрдемин тийгизеди. Әсиресе, майдан августқа шекем ден саўлығына итибарлы болыўы лазым.

    Жумысы: Тәрезилер январь айында жумысын булжытпай орынлаўы, март-апрел айларында болса искер ҳәм төзимли болыўы лазым.

    Дәраматы: 2014-жыл тәрезилер ушын бир тегис дәрежеде өтеди. Лекин өзгеше дәрамат келиўи де мүмкин.


    САРЫ ШАЯН (скорпион)
    Ден саўлығы: Сары шаянлардан ат жылында белсенди болыў талап етиледи. Физикалық шынығыў ислеўди де естен шығармаў керек.

    Жумысы: Сары шаянлар бул жылы орынлай аламан деген жумысына ғана қол урғаны мақул келеди. Бираз Сары шаянлар жумыс орнын өзгертиўди де ойлап көриўи мүмкин.

    Дәраматы: Жаңа жылдың дәслепки төрт айында мийнеткешлик талап етиледи. Көп ўақытын жумыс орнында өткериўине туўра келеди. Май, сентябрь айларында күтилмеген жаңалық болыўы мүмкин. Октябрь айынан баслап көптен бери күтилген тынышлық орнайды.


    МЕРГЕН
    Ден саўлығы: Жаңа жылдың дәслепки күнлеринен баслап өзин тетик сезе баслайды. Көп ўақытын таза ҳаўада өткереди. Лекин ден саўлыққа көбирек итибар берип, физикалық шынығыўларды ислеп турыўды да умытпаў керек.

    Жумысы: Мергенлер ушын жыл әўметли басланады. Жумысында күтилмеген жағдай болыўы күтилмейди. Бәҳәр жумысында өсиў болыўы мүмкин. Лекин оның ушын көп жумыс ислеп, жумыс орнында талапшаң болыў керек болады. Жаз бир тегис өтеди.

    Дәраматы: Ат жылында дәраматы өсиўи мүмкин, бул нәрсе олардың жумыс орнындағы талапшаңлықты арттырғаны менен байланыслы болады. Олардың бюджети премия яки ганорар менен толысып барыўы да мүмкин.


    ЕШКИ МҮЙИЗ
    Ден саўлығы: Мазасы болмай жүрген Ешки мүйезлер денсаўлығына итибар берген мақул. Лекин, турақлы шыпакердиң бақлаўында болса бул жағдайдан да емин-еркин шығысады. Ешки мүйизлер мийнеткеш болып келеди, сол ушын, көбирек дем алып, уйы да толық болыўы керек.

    Жумысы: Жылды сақлықта баслағаны дурыс.Январь ҳәм март айларында усындай жағдай болыўы мүмкин. Лекин кейин ала болса, искерлиги артады. Бирақ әўмет ешки мүйизлер тәрепте болады. Пайда болған машқалаларды емин-еркин жеңип өте алады.

    Дәраматы: Бул жылы бурын нәтийже бермеген жобалар да нәтийже бериўи мүмкин. Ең әўметли айлардан – февраль, жаз айлары есапланады. Қосымша дәрамат көзи де ашылады.


    СУЎ ҚУЙЫЎШЫ
    Ден саўлығы: Суў қуйыўшылардың өмиринде қандай мүшкил жағдай болса да ден саўлығына итибар бериўи керек. Сол ушын көбирек дем алып, ўақытын таза ҳаўада өткериўи керек.

    Жумысы: Жумыста жуўапкершиликти мойнына алатуғын суў қуйыўшылар ушын жумысында өсиў болыўы мүмкин. Көпшилик суў қуйыўшылардың жумысында өзгерис болыўы да күтиледи.

    Дәраматы: Ат жылында суў қуйыўшылар жумысын өзгертиўди ойлап көргени мақул. Лекин, ҳәммеси емес. Жумыс орнын өзгертиўи таза дәрамат көзин ашады.


    БАЛЫҚ
    Ден саўлығы: Балықлар жаңа жылда белсенди болыўы лазым. Лекин ден саўлығына итибарлы қарағаны жақсы.

    Жумысы: 2014-жыл баслағаннан жумысқа толық кирисип кетеди. Лекин жазға қарап олардың искерлиги төменлейди. Тап усы мәўсимде жумысында алға илгерилеў күтиледи. Олар жаңа лаўазымға көтерилиўи мүмкин.

    Дәраматы: 2014-жыл күтилгениндей дәраматлы болады. Лекин оның ушын жаңалыққа умтылып, жаңа баслама менен болыўы керек.


    Таярлаған: Ҳүрмет Атажанов

    Megablog bo'limi | 31-dekabr, 2013 jıl
    Bul bet 2269 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Алтын гүз

    Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Жигит журты

    Ер жигиттиң үш журты бар деседи,
    Дайы журты ,қәйин журты,өз журты,
    Ата сораўыма жуўап берсеңиз,
    Ең ишинде жағдайлысы қай журты?

      
    01-avgust, 2014 jıl. 5018 ret ko'rildi


  • Қурақ көрпеше

    Анам тиккен қурақ көрпеше,
    Көздиң жаўын алады жайнап,
    Мийнет етип күни-түн нешше.
    Қурастырар бир-бирлеп жыйнап.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2864 ret ko'rildi


  • Қорқаман

    Бүгин қосық жазып ертеңги күни
    Жаза алмай қалыўымнан қорқаман.
    Денсаўлықта ойнап күлип бир күни
    Тура алмай қалыўымнан қорқаман.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 4965 ret ko'rildi


  • Onajon!

    Siz jannatsiz--mehringizga dunyo ham tor,
    Siz oftobsiz—taftingizga ko’ngil ham zor.
    Siz chashmasiz—oqib turgan suvi zilol,
    Onajonim duoyingiz qalbda tumor.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1637 ret ko'rildi


  • Дүньяда бар жақсылар

    Адамға өмир берилген,
    Жақсыға ҳәм жаманға,
    Неше түрли адамлар бар,
    Жақсылар бар дүньяда.

      
    24-sentyabr, 2014 jıl. 3854 ret ko'rildi


  • Китаплар

    Кеўлимизге жайлар жаңа ойларды,
    Ашып берер ашылмаған сырларды,
    Өзиңде жәмлеген өткир қырларды,
    Билимниң булағы тек те китаплар.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2646 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Jalg’ızlıq

    Mine bu’gin otırman qolımda su’wretin’,
    Ko’z aldımnan ketpes ele elesin’,
    Telefonıma qarasam kelmeydi hesh bir ses,
    O’tken ku’nlerim qayta kelmeydi hesh.

      
    02-fevral, 2016 jıl. 3649 ret ko'rildi


  • Савол

    Кўнгил бермоқ шундай мураккаб ишми,
    Наҳот,етмас,эркам,сизга изҳорим?
    Ёки қалбингизда ёз эмас,қишми?
    Ўзимдан қизғонган, нозли дилдорим.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 1674 ret ko'rildi


  • Кетдинг

    Мен сени соғиндим. Дардим ичимда.
    Жон берсам розиман бир майса,чимда,
    Айт,баxтингни,ёрим кўргандинг кимда?
    Азоблар бағрига ташладинг-кетдинг.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 2624 ret ko'rildi


  • Muhabbatın’nan

    Aspan mısal sheksiz oylarım,
    Boyların’a jetti boylarım,
    Mag’an bolg’an muhabbatın’nan,
    Quyarlıg’ın taptı saylarım.

      
    19-mart, 2013 jıl. 2485 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.