АҚШ президенти К. Кулидж Нью-йорктеги ресторанлардың биринде официант болып ислеўши Хоти деген адамға жүдә уқсаған. Тап сондай америкалы Симон Жеймс роси атлы адам бойы, көзи ҳәм шашының реңи, ҳәттеки жүзиндеги жыйрықлары менен бурынғы АҚШ президенти Р. Никсонға тап қуйып қойғандай уқсаған екен.
Өткен әсирдиң 30-жылларында Нью-йоркте бир шаштәрез жасаған. Ол Муссолиниге еки тамшы суўдай уқсаған екен. Уллы Британия королевасы Элизаветта II ни Норфалы Филлис Динни деген ҳаялдан ажыратып таныў жүдә қыйын болған.
1900-жылы 28-июльде Италия Патшасы Умберто I генерал Панцо Вожатия менен Монцо қаласының ресторанында аўқатланады. Аўқат пайытында Умбертоның дыққатын хызметшилерге буйрық берип турған бир адам өзине тартты.
- Мен бул адамды бир жерде көргенмен, - деди тосаттан ол.
- Ҳәзир оны алдыма шақырың, бир ўақытлары оның менен ушырасқанман, сонны билмекшимен.
Генерал Панцо болса билинер билинбес ыржыйып қойды да, жаңағы адамды шақырды. Ол Умбертоға жақынлап, еки бүгилип сәлем берди. Патшаның саўалын еситип, ҳүрмет пенен жуўап берди.
- Кеширерсиз, патшайым, сиз мени айнаңызда көргенсиз. Мен сизге жүдә уқсайды екенмен.
- Сиз ҳақсыз деди патша. Ырастан да маған жүдә уқсайсыз, - муртыңыз, бойыңыз, ҳәттеки қәдди-қәўметиңиз… Сизиң атыңыз ким?
- Мениң атым Берто. Мен 1844-жылы 14-март күни туўылған екенмен.
Мен де сол жылы, сол күни туўылдым, -деди ҳайран болған патша.
- Таринода.
- Тарино мениң ўатаным-ғой!
- Үйленгенсиз бе синьор Берто?
- Мен 1866-жылы үйленгенмен.
- Мен де сол күни үйленгенмен, деп таңланды патша.
- Балаларыңыз барма?
- Улым бар, - Витторио.
- Мениң де улым бар. Аты да сондай.
- Қашаннан бери ислейсиз?
- 1878-жылы 9-январьда усы ресторанды аштым.
- Мен де сол күни тахтқа отырған едим.
Ертең гүрес ойынларына келиң, мен бир нәрсе саўға етемен.
Бирақ Умберто I Бертоны таба алмады. Оған Берто тосаттан мылтық оғынан өлди деген хабар келди.
- Бийшараның жаназасы қашан екен, билиңлер, мен де қатнаспақшыман деди ашынған патша.
Сол ўақытта тосаттан атыспа басланып, үш оқтың екеўи патша Умбертоның көкирегине тийди.
Жети қайнаса сорпасы қосылмайтуғын еки адамның туўылған күни, аты ҳәтте өлген күнлериниң сондай уқсап кетиўине адамның ақылы уғрас келмейди.
Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған:
Шарап Сағыйдуллаев.
Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң
Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм, Тарийхый дереклерге байдур елим, Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин, Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....