Бүгинги жәмийетимизде бахытсыз ҳәдийсе яки балалықтан майып болған инсанларды қоллап-қуўатлаў, оларға жәрдем қолын созып, демеў бериўге мәмлекет дәрежесинде итибар қаратылып атыр. Оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик турмыста мүнәсип орнын таўып кетиўи ушын бир қатар социаллық шөлкемлер менен қайырқомлық қорлары жумыс алып бармақта. Усындай шөлкемлердиң бири Хожели районындағы Майыплар жәмийети болып табылады.
Туўрысын айтыў керек, Қаракалпақстан Республикасы майыплар жәмийети Хожели районлық бөлими республикамызда бириншилерден болып майыпларды жәмийетке қосып, оларға кәсип сырларын үйретиў бойынша жумысларды алып барған еди. Буған жәмийет тәрепинен 2008-жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси қарамағындағы Мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетлерин қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының 8 миллионлық грантын жеңип алғаны қол келди. Бул грант есабынан заманагөй үлгидеги төрт компьютер алып келинип, райондағы майып инсанлар компьютерде ислеў көнликпеси берилген. – Компьютер курсында оқып, билим алған жәмийетимиз ағзалары арасынан өзлерине жумыс таўып, жеке исбилерменлик пенен шуғылланып атырғанлары да бар,-дейди жәмийет баслығы Б.Есбосынов.
Жәмийет тәрепинен исленип атырған қайырлы ислердиң изи және жалғастырылды. Быйылғы жылы да майыплар жәмийети Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси қарамағындағы Мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетлерин қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының грантлар таңлайына қатнасып 15 миллионлық грант жеңип алыўға еристи. Гезектеги грант кондитер өнимлерин ислеп шығаратуғын цехты жолға қойып майыпларды жумыс пенен тәминлеў, соның менен бирге колледжи питкериўшилерине тигиўшилик сырларын үйретиў, оларды турақлы жумыс пенен тәминлеўге қаратылған. Бизиң пикиримизше жәмийет тәрепинен жобаластрылып отырған мақсетлер әмелге асырылады. Себеби, мәмлекет тәрепинен грант алып майыпларды социаллық жақтан қорғап, оларға кәсип үйретиў бағдарындағы исленген жумыслар үлкен тәжирийбе мектеби болып табылады.
Буннан тысқары, Хожели районлық майыплар жәмийети тәрепинен жеке исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши майыпларда қоллап-қуўатланып, жумыс пенен тәминленип келинбекте. Хожели районы аймағындағы қатар аяқ-кийим оңлаў устаханасында 14 адам, соның менен бирге ҳаял-қызлар ҳәм шаштәрезханасында 4 адам жумыс пенен тәминленген. Бул халыққа хызмет көрсетиў орынлары менен жәмийет тәрепинен тығыз байланыс орнатылған. Ҳәр айда жасайтуғын бир қатар майыплар усы халыққа хызмет көрсетиўши орынлардан бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе болмақта.
Бизде өз гезегинде шаштәрезхана менен аяқ-кийим оңлаў устаханасында болып жумысшылардың жағдайы менен таныстық. -2011-жылдан Хожели дийқан базарында жумыс басладым. Аяқ-кийим оңлаў устаханасын ашып жумыс баслаўымда майыплар жәмийети үлкен жәрдем көрсетти, -дейди уста Базарбай Айтжанов. – Шаштәрезлик пенен шуғылланыў өзиме унайды. 2007-жылдан берли халыққа хызмет көрсетип киятырмыз. Айына 5-6 майып инсанға бийпул хызмет көрсетип барамыз. Қасымда еки балам көмек берип атыр,-дейди уста Жуманазар Жуманиязов.
Туўры, майыпларға демеў берип, қоллап-қуўатлап, оларға кәсип сырларын үйретиў биринши гезекте жәмийетте өз орнын таўып кетиўине жәрдемин тийгизсе, екиншиден белгили бир кәсип пенен шуғылланып шаңарағына ушын дәрамат көзин ашады. Солай екен, Хожели районлық майыплар жәмийети тәрепинен исленип атырған қайырлы ҳәм машақатлы жумысларында табыс тилеп қаламыз.
Ҳүрмет Атажанов,
Журналист.
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Таллар
Жасыллық мәўсими келген мәҳәл, Ағам менен бирге нәллер еккенбиз, Ҳәр жылы үлкемизге келгенде бәҳәр, Олар менен гүллеп бирге өскенбиз....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Қара көзлерим
Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....