Bul mobil menyu orni/ testing....


    Өмирдеги «жылан»
    Өмирдеги «жылан»

    Өмирде айырым адамлар бир-бирине исенбейди, гүмән менен қарайды. Доктор Хаус сыяқлы «Ҳәмме бир-бирин алдайды» деген принцип пенен жасайтуғынлар да арамыздан көплеп табылады. Бирақ, бул дүньяның тиреги исеним. Исеним болмаса, бул дүньяда жасаў мүшкил. Кимлердур жанлы нәрселерге, кимлердур жансыз буйымларға, кимлердур көргенлерине, кимлердур еситкенлерине исенеди. Лекин, инсанлардың қандай екенлигин сынап-минеп билип алғаннан соң оларға толық исенген мақул шығар, бәлким… Ҳәммесинен бурын, инсан дәслеп өзине исениўи керек.

    Келиң, төменде биз исенимсизлик, яғный толығырақ айтатуғын болсақ көргенине исенетуғынлар ҳаққында бир мысалды келтирип өтпекшимиз.

    Бир дийқан хожейининиң үйине мийман болып келипти. Хожейини оны сыйлап төрге шығарып, алдына дәстүрхан жайып аўқатқа сорпа әкелипти. Дийқан қасықты қолына алып, сорпаны жеўге енди кирисейин деп атырғанда кесениң ишиндеги кишкене жыланға көзи түсипти. Хожейинниң кеўлине тиймейин деп мийман сорпаны қалдырмай ишипти. Үйине келип дийқан бир неше күн наўқасланып қалыпты.

    Арадан көп өтпей сол дийқан бир жумыслары менен және хожейининиң үйине барыўына туўра келипти. Хожейининиң ҳаялы дийқанның алдына және сорпа әкелипти. Дийқан енди жейжақ болса, кеседен және кишкене жылан көринипти. Лекин, бул сапары дийқан ойындағысын хожейинине айтады. Хожейинини ўаҳаҳалап күлип, дийқанға жоқарыда илинип турған оқжайды көрсетипти:

    -Ҳеш қандай жылан жоқ, сен оқжайдың сәўлесин көрип атырсаң,-депти хожейини.

    Демек, буннан келип шыққан ҳалда соны айтыўға болады, өзимиз ямаса қоршаған орталық түўралы надурыс көз қараслар менен жасай отырып, биз ҳәр күни аўқат сыяқлы сол «жыланды жутамыз».


    Сахибжамал Есемуратова.

    Megablog bo'limi | 09-iyun, 2013 jıl
    Bul bet 2266 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +5


    Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң

    Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм, Тарийхый дереклерге байдур елим, Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин, Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң....

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Қарақалпақта

    Үстинде бар нағышлы киймешеги, Маржан тақыя жарасықлы пөпеги, Келиншеклер кийер жегде жипекли, Көк көйлекли қызлар қарақалпақта....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Qaylardasang, yoshligim?

    Qaylardasang, yoshligim?
    Mana bugun tug’ilgan kunim,
    Mening esa ko’zlarimda nam,
    To’kilganday bolalik gulim,

      
    25-iyun, 2015 jıl. 1789 ret ko'rildi


  • Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам

    Ата-ана өмирдиң гүли емеспе?
    Олар алтын қуяштың нуры емеспе?
    Жаратыўшы тәбияттың күни емеспе?
    Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам!

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2311 ret ko'rildi


  • Миллионлар ишинде жалғыз еди ол

    Поезияда өшпес жулдыз атанып,
    Шайырлықта жүдә сөзлери талып,
    Тилинде бәрҳәмә жырланып халық,
    Миллионлар ишинде жалғыз еди ол.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 2069 ret ko'rildi


  • Имтихан

    Анам айтты: -«Журналисттиң,
    Наны жуқа, айдай қызым,
    Басын усла басқа истиң,
    Мен айтаман билип сөзим.

      
    09-iyul, 2014 jıl. 2604 ret ko'rildi


  • İshki debdiw

    “O’tsem eken qay jerinen bul qumnın’?
    Barsam” – degen, “qaysı turg’an iz benen?”.
    Tamshısıman ag’ıp turg’an Jayhunnın’,
    Ten’izge barıwg’a soqpaq izlegen.

      
    07-sentyabr, 2015 jıl. 2495 ret ko'rildi


  • Watanım – Qaraqalpaqstan

    Bag’ları bar gu’l-gu’listan,
    Bul a’jayıp go’zzal bostan,
    Tariyxı bar tilde da’stan,
    Watanım-Qaraqalpaqstan.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 3273 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Көзлерим жолыңда

    Көзлерим төрт болып күттим жолыңда
    Келмедиң сүйгеним умыттың бизди
    Буннан артық жаза барма дүняда?
    Бәрине қайылман суўытпа изди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2421 ret ko'rildi


  • Jalg’ızlıq

    Mine bu’gin otırman qolımda su’wretin’,
    Ko’z aldımnan ketpes ele elesin’,
    Telefonıma qarasam kelmeydi hesh bir ses,
    O’tken ku’nlerim qayta kelmeydi hesh.

      
    02-fevral, 2016 jıl. 3649 ret ko'rildi


  • Келгин

    Кел,мунисим, ёнимга,
    Фироқ тегди жонимга,
    Оқшомлари ишқ майи
    Оғу қўшди қонимга.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 1711 ret ko'rildi


  • Бақытлы бол Л***

    Бизге бақыт буйырмады деп,
    Өкинбе сен өзгермес бәри,
    Сеннен сорап өтинерим тек,
    Мени умытып кетпе жаным.

      
    21-noyabr, 2015 jıl. 2235 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.