Кишкене бир баланың қолындағы тенгесин көрип, оған қызығып қалдым. Қолыма алып көрсем, сүўретлери де, нағыслары да өзгеше. Сол тенгени көрдимде өзим де ески ҳәм сырт еллердиң тенгелерин жыйнаўға қызыға басладым. Кейинирек бул тенгелерди үйрендим. Бул тенгелерди үйрениўши пәнди нумизматика дейди екен. Ал, оларды изертлеўшилер нумизматлар деп аталады. Нумизматика сөзи латыншада «нумисма» тенге деген мәнини аңлатады. Бул пән тенгелердиң суўретлери, жазыўлар, аўырлығы, қандай металлдан жасалғанын, пул айланысындағы дәрежесин үйрениўши пән. Нумизматика пәни хронология, ишки ҳәм сыртқы саўда тарийхы, археология, економика, етнография сыяқлы пәнлер ушын үлкен әҳмийетке ийе. Қағаз пулларды (бонистика), медал, жетон, орденлерди (фалеристика) үйрениў де нумизматика тараўына киреди.
Дәслепки металл тенгелер милоддан алдынғы VII әсирде киши Азияның Лидия мәмлекетинде исленген екен.
Әлбетте, президентимиз Ислам Каримов айтқанындай «Тарийхсыз келешек жоқ». Сол ушында тарийхтың белгили бир бөлегин өзинде жәмлеўши тенгелерди үйрене басладым. Қызығыўшылығым себепли бирқанша тенгелерди жыйнадым. Мен жыйнаған тенгелер арасында Литва, Қырғызыстан, Араб еллери, Россия, Түркменистан, Корея, Англия ҳәм тағы да басқа мәмлекетлердиң тенгелери бар. Олардың ең ескилери 1971-1972-жылларда исленген. Оларда Элизабет 2 ниң, тенгелер қайсы мәмлекетте исленген болса, сол мәмлекет басшысының, сол мәмлекет миллий қаҳарманы, сол мәмлекет миллий нышаны есапланған герблери, қустың сүўретлери түсирилген. Биреўи екиншисине уқсамайды. Мен еледе көплеген тенгелер жыйнамақшыман ҳәм де усы тараў бойынша изленемен.
Сахибжамал Есемуратова
Бердақ атындағы ҚМУ журналистика
қәнигелигиниң 1-курс студенти
сүўрет: bigstockphoto.com
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....
Туўылған жерим
Тек сенде туўылдым, камалға келдим, Ашық аспаныңды көрди бул көзим, Топырағыңда қалды дәслепки изим, Бийбаҳамсаң,анамсаң туўылған жерим,...
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...
Ўатаным
Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....
Қара көзлерим
Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....