ϴмиримизде мәденият үлкен орынға ийе. Жәмийеттиң белсенди ағзасы болыўымызда биз өз алдына сиясий, экономикалық, ҳуқықый, медициналық мәдениятқа ийе болыўымыз керек. Булар бизиң саламат турмыс кешириўимиздиң дереги болса, ҳуқықымызды билиў еркинлигимиздиң кепили болып хызмет етеди. Бир сөз бенен айтқанда бул мәденият нормалары заман менен тең қәдем таслап жасаўымыз ушын зәрүр.
Деген менен айтылғанлар қатарында экомәденияттың да орны үлкен әҳмийетке ийе екенлигин онша есапқа алмаймыз. Биз елеге дейин бизди қоршап турған ана тәбиятқа, ҳайўанат ҳәм өсимликлер дүньясына онша кеўил бөле бермеймиз. Бул мәселелер тек экологлардың жумысындай қараймыз. Тилекке қарсы тийкарғы тиришилигимиздиң дереги болған ана тәбият бизден оларға унамлы қатнаста болыўымызды күтеди. Биз қаншелли тәбиятқа итибар қаратсақ, ол да соншелли өз инамларын бизге усынады. Әзелден инсанларда таза ишимлик суўына, жасаўға қолайлы климит шараятына, қоршаған орталық тазалығы ҳәм басқада тәбийий ресурсларға мүтәжлик болған. Деген менен, бул мүтәжлик бүгинги күнге келип және де артты. Инсанлардың бийпарўалығы ҳәм тәбият ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланбаўы ақыбетинде айырым регионаллық машқалалар глобал машқалаға айланып бармақта. Ишимлик суўының патасланыўы ҳәм жетиспеўшилиги, тоғай ҳәм топрақ өнимдарлығы төменлеўи, артықша көлемде шығындылардың пайда болыўы ҳәм зыянсызландырыў машқалалары солар қатарында. Экологиялық машқалалар халық саламатлығына, әсиресе ҳаяллар ҳәм балалар саламатлығына тәсир етип, халық арасында қоршаған орталық пенен байланыслы болған түрли кеселликлерди келтирип шығармақта.
Орынларда ҒХҚ да экомәдениятты қәлиплестириў бойынша бир қанша илажлар, үгит нәсият жумыслары алып барылып атырған болса да, елеге дейин экологиялық машқалалар қатары баршылық. Керсинше жәмийетимизде пуқаралардың ана тәбиятқа унамсыз қатнас жасаўы ақыбетинде экологиялық машқалалар саны артып бармақта. Хош, буларды сапластырыўда тек үгит нәсият жумыслары жетерли ме екен? Мениң пикиримше тәрбияны балалықтан баслаў керек. Экомәдениятты қәлиплестириў ушын балалар тәлим-тәрбиясында оның әҳмийетин кеңирек түсиндирип барыў көбирек нәтийже береди. ҒХҚ балалар турмысында үлкен орынға ийе екенлигин есапқа алған ҳалда экомәдениятты қәлиплестириўде тийкарғы қурал сыпатында пайдаланыўға болады. Туўры соңғы ўақытлары ғалаба хабар қуралларында экологиялық мәселелер кеңнен жарытылмақта. Бундай бағдардағы материаллар балалар ушын да арнаўлы түрде берилип атыр. Мәселен, балалар ушын Қарақалпақстан телевидениесинде «Сырлы әлем» телеойыны, Қарақалпақстан радиосында «Жанлы тәбият». Ал, балалар ҳәм жас өспиримлер газетасы болған жеткиншекте «Қарлығаш» тәбият газетасы арнаўлы бет формасында берилип барылады. Ал, «Болажон» телеканалы мысалында айтатуғын болсақ, «Боғбон болажон» көрсетиўин атап өтиў орынлы. Деген менен, теле ҳәм радио бағдарламаларында балалар ушын арнаўлы экомәдениятты қәлиплестириўге бағдарланған көрсетиўлер, мультфилмлер, еситтириўлер ҳәм социаллық роликлер санын көбейтиў зәрүрлиги бар. Себеби электрон ҒХҚ ең тәсиршең күшке ийе. Балалар санасына тәсир етиў тәрепиннен де көбирек нәтийже береди. Бир ғана мультфилмлер мысалында алып қарайық. Балалар көбирек ҳайўанатлар туўралы мультфилмлерди көриў арқалы олардың жасаў шәраяты менен танысады, оларға сыртқы тәсирлер, адамлардың тәбиятқа исеп атырған унамсыз ҳарекетлерин көрип жуўмақ шығарады. Бундай мультфилмлер қатарына «Бемби», «Маугли», «Симба», «Музлик даври» ҳәм «Тарзан» сыяқлы басқа да бир қанша тәрбиялық әҳмийети жоқары болған мультфилмлерди киритиўге болады ҳәм бундай мультфилимлер телевидение арқалы көбирек берилип барылса мақсетке муўапық болар еди. Мәселен, «Бемби» мултфилминде ана бала кийиклердиң басынан өткен қыйыншылықлары, зулымлыққа ушраған ҳайўанлардың турмысы шебер ашып бериледи. Бул мультфилмди ҳәр бир бала сүйип тамашалайтуғыны анық. Бул арқалы балалар тәбият ҳаққында, ондағы ҳәр бир ҳайўанат ҳәм өсимликлер дүньясының өз орны бар екенлигин, оларда жасаў ушын гүресиўин, оларға инсанлар тәрепинен көп зыян жетип атырғанын түсинеди. Сондай-ақ, мультфилмди көрген бала оларға жәрдем бериўди, ғамхорлық етиўди мақсет етеди. Себеби балалар ана тәбиятты, ҳайўанлар ҳәм өсимликлерди үлкенлерге қарағанда көбирек жақсы көреди.
Ал, балалар басылымларында ана тәбиятты қорғаў, тәбият инамларынан үнемли пайдаланыўға бағдарланған, тиришилигимиз дереги болған барлық қоршаған орталық ресурсларына жақсы қатнас жасаўға үйретиўши мақала, қосық, ертек ҳәм гүрриңлер, қәнигелер пикирлери, факт мағлыўматлар көбирек берилип барылса мақсетке муўапық болады. Усы орында балалар ушын өз алдына «Эколог» балалар журналын шығарыўды усыныс еткен болар едим. Бундай журналда балалар экология, ана тәбият ҳаққында дәслепки түсиниклерге ийе болған болар еди. Яғный журналда адамзат ҳәм тәбияттың жанлы-жансыз элементлери менен өз-ара байланысларын сәўлелендириўши материаллар жарытылса мақсетке муўапық болады. Себеби, кишкенелер көбирек қоршаған орталықты үйрениўге, жанлы тәбият сырларын билиўге қызықсынады. Сол тәризде биз балаларды экомәдениятқа қәлиплестирип барған боламыз. Балалықтан тәбиятты сүйген инсанлар келешекте экомәдениятты өзинде қәлиплестирген болары анық.
Муслима Мамбетниязова
Бердақ атындағы ҚМУ ниң Магистратура бөлими
1-курс магистранты
Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам
Ата-ана өмирдиң гүли емеспе? Олар алтын қуяштың нуры емеспе? Жаратыўшы тәбияттың күни емеспе? Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам!...
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Салықлар балалар нәзеринде
Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен салық билимданлығы ҳәм нызамлылығы бойынша балалар көз-қарасында дәслепки көнликпелерди...
Саўға таңлаў ушын
Саўға алыў жақсы, ал саўға бериў оннанда қызық. Саўғаңызды алған жақын адамыңыз сизге миннетдаршылық пенен қарағанда ҳәммеге саўға...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....