Атақлы футболшы Криштиану Роналду Россияда өткерилип атырған Конфедерация кубогында Португалия сайланды командасының үшинши орын ушын өтетуғын ойынына қатнаспайды. Себеби Роналду өзиниң егиз балаларын көриўге асықпақта.
Футболшы Португалия командасы финалға шыққанда қуўанып ойнайтуғынын айтып өткен еди. Бирақ Роналдуның командасы ярым финал ушырасыўында Чили командасынан утылды.
-“ Егиз балаларымның дүньяға келгенине қарамастан, Конфедерация кубогында миллий сайланды команданың сәтли болыўына тырыстым. Бирақ, әттең биз мақсетимизди орынлай алмадық. Деген менен еледе португалиялыларға қуўаныш инәм етиўге исенимлимиз.
Ойыннан кейин Португалия футбол федерациясының президенти менен команданың бас тренери маған рухландырыўшы cөз айтты. Бул ҳеш қашан есимнен шықпайтын шығар. Перзентлерим менен биринши рет ушырасатыныма жүдә қуўанышлыман”, – деди Роналду "Facebook" тармағындағы мәлимлемесинде.
Криштиану Роналду егиз баланың әкеси болғанын, оған балаларды суррогат ана босанып бергенин Португалияның SIC телеканалы хабарлаған. ҒХҚ мағлыўматы бойынша, усы жылдың 8-июнь сәнесинде дүньяға келген ул менен қызға Матео ҳәм Ева деген ат қойылғаны айтылған.
Еслетип өтемиз, усыған шекем футболшының ҳәзирги сүйиклиси Джорджино Родригес те еки қабат екени белгили болған еди. Батыс басылымларының мағлыўматы бойынша ол усы жылдың гүз айында босанады екен.
ҒХҚ: “Реал” Роналду менен хошласыўы мүмкин
“Реал” клубының басшылығы Криштиану Роналду менен хошласыўға таяр. Бул ҳаққында сырт елли журналист Гильем Балаге Sky Sports сайты арқалы хабарлаған. Сайттағы...
Криштиану Роналду
Криштиану Роналду 1985 жылы Португалияда туўылған. Роналдиньо ямаса Роналдо сыяқлы атақлы футболшылар менен ҳеш қандай туўысқанлық қатнасы жоқ. Өзине тән футбол...
Роналду төртинши рет “Алтын бутсы” сыйлығын алды
Футболдан Португалия миллий командасы ҳәм мадритли “Реалдың” ҳүжимшиси төртинши рет усы сыйлықтың ийеси болды. Бул сыйлық бир футбол мәўсиминде ең көп гол...
Боксшыларымыздың табыслары
Жерлеслеримиздиң спорт түрлери бойынша қолға киргизген жетискенликлери ҳәм ийелеп атырған табыслары ҳәммемизди қуўандырады. Жақында ғана (2-7 август...
Қатнаспай қалды
Әкеси спорт түрлериниң бири бойынша жарысқа қатнасқан балаларының бөлмесине кирип сорады: -Жарысқа қатнасқаныңыз жақсы болды. Нешинши орынды...