Интернеттеги сөйлесиўлерде кеўилсиз ҳалатлар жүз бермеўи ушын бул бағдардағы әдеплерге қатаң әмел етиў тийис болады. Ҳадисте: «Әлбетте, әмеллер нийетлерге байланыслы…» делинген.
Ҳәр қандай хабарды басқаларға тарқатыў керек делинсе, тарқата бермеў керек. Гейде исламый ибаралар араласқан хат келеди. Онда бул хатты бүгинниң өзинде, пәлен адамға тарқатыўыңыз керек. Сондай етсеңиз, ондай болады, бундай болады, делинеди. Аллаҳтың алдындағы пәлен саўапты сизге, өзлеринше ўәде етеди. Негизинде бул нәрселердиң барлығы жалған болады. Неге дегенде, ҳадисте: «Ҳәр бир еситкен нәрсесин айта бериўи адамның жалғаншы екенин билдиреди», делинген.
Адамларға хат-хабар жазыўда да әдеп-икрамлылыққа әмел етиў шәрт. Уят, бийҳуўда, таза табиаттан тыс мәнилерди жазып, гүна арттырмаў керек. Себеби, аўызеки сөз бенен жазба сөздиң ҳүкими бирдей.
Айырым адамлар интернеттеги машқалаларға итибарсыз болады. Ал, бул улыўма надурыс. Интернет арқалы өзгелер менен байланыс жасаўда жақсылық ҳәм тақўа жолында бирге ислесиў ҳәм де жаманлық ҳәм душпанлықта шериклик етпеў сүрен етип алыныўы керек. Шериклесликтиң бас шәрти жақсылық ҳәм тақўа есапланады. Егер, мине, усы шәрт табылса, ҳәмме менен бирге ислесе бериледи.
Адам өзине берилген өмир инамы әзиз екенин, оннан өнимли пайдаланыў өзиниң муқаддес миннети екенин, оның ҳәр бир мәўритинен соралыў бар екенлигин ҳеш қашан умытпаў керек. Солай екен, интернетке кирип алып, бийҳуўда нәрселерге саатлап, күнлеп ўақыт сарыплаў қатты қараланады.
Интернет имканиятларын айырымлар өз мәпи ушын пайдаланып, тек өз қәлеўи менен жалған хабарлар, сүўретлер ҳәм видеокөринислер тарқатады. Олардың мақсети қандай да бир нәтийжеге ерисиў, мақтаныў да, адамлар арасында танылыў да, әйтеўир ермек те болыўы мүмкин. Бирақ, бундай ислер пүткиллей намақул есапланады.
Ҳәр бир ис реже тийкарында орынланса, онда алға жылжыў болады. Сондай-ақ, адам социаллық тармақлардан пайдаланыўда мудамы ислемекши болған ислерин анықластырып алыўы тийис, кери жағдайда, компьютер алдында узақ ўақыт даўамында қалып кетиўи турған гәп.
Айырым адамлар қандай да бир хабарды еситиўи менен барлық жерге тарқатыўға асығады. Буннан пайда бар ма, зыян бар ма – ойлап та отырмайды. Ол хабарды тарқатыў ямаса тарқатпаў керек пе, бас қатырып көрмейди. Ақыбетинде душпанлар «салқын урыс» (қуралсыз урыс) деп аталған жаманлықты иске салып, ҳәр қыйлы жалғанларды тоқып шығарады. Егер тереңирек ойлап көрсе, бундай етпес еди. Еситкен гәплерин дәрҳал әлемге жаймас еди. Әсиресе, бул әдеп ҳәзиргидей алаўызлықлар ҳәм тынышсызлықлар дәўиринде жүдә әҳмийетли.
Адамға интернеттен дурыс пайдаланыўда, оның жаманлыкларынан сақланыўда ең үлкен жәрдемши – Аллаҳ тааланың бендесин мудамы көрип турғанын, Ол ҳәмме нәрседен хабардар екенин бәрқулла сезинип жасаў есапланады.
Ақыллы адам соны ҳасла ядынан шығармаўы, ғайып – жасырын нәрсениң өзи болмайтуғынын есте тутыўы лазым. Соны да естен шығармаў керек, ким жасырынша ислеген исин көзден сыр тутылып кете береди, деп ойласа, жақсы ис яки жаман ис болсын, ол бәрибир әшкара етиледи.
Жас перзентлердиң социаллық тармақлардан пайдаланыўына рухсат бериўде асықпаў тийис. Ҳақыйқатында да, зәрүрлик болса ғана, оның бул китапта айтылып атырған шариат әдеплерине қатаң әмел етиўге көзи жетсе ғана рухсат бериў мүмкин.
Ҳәзирет Әлий (разыяллаҳу анҳу): «Балаларға жақсы тәлим-тәрбия бериң ҳәм әдеплерин гөззал етиң», деген.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
ўрта махсус ислом билим юрти 3-курс талабаси
Аллабердиев Аллаберди.
Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам
Ата-ана өмирдиң гүли емеспе? Олар алтын қуяштың нуры емеспе? Жаратыўшы тәбияттың күни емеспе? Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам!...
Дүньяда бар жақсылар
Адамға өмир берилген, Жақсыға ҳәм жаманға, Неше түрли адамлар бар, Жақсылар бар дүньяда....
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Бахыт ҳәўес етсин маған
Көз тиймегей менде жүрек, Нийетлерге толы мәкән, Бирақ, Бахыт неге керек? Бахыт ҳәўес етсин маған....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....