Инсанның ишки дүньясының гилти – тил ҳәм қәлби. Олар инсанның кеўил айнасы болып, бири-бирин толықтырып отырады. Абдулла Аўланий: “Сөз инсанның дәреже ҳәм камалын, ал илим пазыйлетин өлшеп көрсететуғын тәрези есапланады” - дегенинде сөз ҳәм илимниң өткирлигин нәзерде тутқан.
Сөзимизди бийкардан-бийкар сөз ҳәм инсан қәлби ҳаққында басламадық. Себеби, телефон дегенде оның басқа имканиятларын есапқа алмағанда биринши нәўбетте сөйлесиў түсиниледи. Ҳәзирги дәўирде қысқа ўақытта қәлеген хабарды дүньяның қәлеген жерине жеткериў имканияты бар. Буннан алдыңғы дәўирде атларға, кептерлерге исимиз түсип, телеграфларда нәўбет күтип, сымлар арқалы байланысқан болсақ, бүгинги күнимизге келип ҳәр бир адамның бир басына бир нешше телефоны бар.
Жети жастан жетпис жасқа шекемгилерде буннан узақта емес. Мине, ўақыт жылдырымдай жылжып, бүгинги күнимизди телефонларсыз көз алдымызға келтирмей қойды. Телефон сөзи даўысты узақ аралыққа жеткерип бериў деген мәнисти билдиреди. Техниканың раўажланыўы нәтийжесинде телефонлар тек даўысты алыс аралыққа жеткерип бериў емес, ал қысқа хатлар жазысыў сүўрет ҳәм видеоға түсириў, оларды басқаларға жөнетиў, даўыс жазыў, агентте отырыў сыяқлы бир қанша хызметлерди де атқармақта.
Бул жақсы ис. Бирақ, буннан көргенсизлик жолынан пайдаланып атырғанларды көрип әжепленесең. Әзизлер, сизлер менен бир көринисти еслейик. Жолда апатшылық болып, яки қандай да бир жерде қолайсыз ҳәдийсе болып атырса, биреўлер жәрдемге асықса, базы кимселер телефонын шығарып сүўретке түсирип болып өтеди. Соң телефоны менен әўере болып, кимгедур ммс етип, кимгедур смс етип жөнетеди, және биреўлерге ўақыяларды мазатланып, мазақ етип көрсетеди. Базы ата-аналардың “балам кем болмасын”, “қатарынан төмен болмасын”, ҳтб баласының жылағанын қойдырыў себеби менен ҳәр қыйлы маркадағы телефонды алып берип, ертеңги күнги жуўапкершилигин умытып қояды да, перзентиниң тәрбиясын изден шығарады. Бул баланың илим алып, өнер үйрениўине кери тәсир жасайды.
Ғәрезсиз елимизде жаслар тәрбиясына терең итибар берилгенликтен оқыў орынларында телефоннан пайдаланыўды тәртипке салыў ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Қарары қабыл етилди.
Телефоннан пайдаланғанда да жоқарыда айтқанымыздай нийетимизди дүзиў етиўимиз, ийгиликли ислер ушын пайдаланыўымыз дәркәр. Телефон болсын, компютер болсын, мейли флешка болсын ийесиниң рухсатысыз титкилеў, басқаға бериў, ийесинен руқсатысыз номерин, паролын басқаға айтыў, мағлыўматларды көширип алыў, жасы үлкенге, устазға гудок таслаў, сүўретке алыў киби ҳәрекетлер көргенсизлик белгиси болып есапланады.
Уялы байланыс қуралы экранына диний мазмундағы яғный, Қураны кәрийм аятларын, ҳәдиси шәрифлерди қойыў әдеплиликке кирмейди. Себеби, муқаддес жазыўды таҳәратсыз услаў, оның менен ылайықлы болмаған жерлерге (ҳәжетхана, монша киби) кириў мүмкин емес. Телефон қоңыраў сестине әтирапындағыларға кесент бермейтуғын сес қойыў, қоңыраў етиўден алдын оның номерин анықлап алыў әдептен. Қоңыраў еткен адам байланысқа шыққан адамға биринши болып сәлем бериўи керек. Мусылманшылық әдеби соны талап етеди. Сөйлесиўден алдын сәлем бериледи. Ҳәдиси шәрифте: «Сәлем сөзден алдын келеди», деп айтылған. Мәжилисте, жыйналыста, мешитте, жәмийетлик жыйынларда ҳәм қабыллаў ўақытларында, устаз, жасы үлкен, ҳүрметли инсанлар менен сәўбетте, сабақ ўақтында уялы телефонды өширип қойыў мақсетке муўапық. Себеби, қоңыраў сести, мәжилислерде сөйлеўшиге де, тыңлаўшыға да кесент келтиреди, Бул ҳүрметсизлик. Ҳәр қыйлы мәжилис ҳәм жыйынларда да буған уқсас қолайсызлықлар туўылмақта. Мәжилисте, қабыллаўда, сәўбетте телефон шыңғырлап қалса, дәрҳал сөйлесе баслайды ямаса телефонын қулағына тутып сөйлескен ҳалда сыртқа шығып кетеди. Бундай ҳалатты сәўбетлеске, әтирапындағы өзи киби инсанларға ҳүрмет деўге бола ма? Бундай адамларды ким деўимиз мүмкин?! Ҳәдиси шәрифте «Мениң ушын ең ардақлы шахс сәўбетлесим есапланады. Оның бетине шыбын қонса да, маған азар береди», деген екен.
Және бир гәп, базы кимселер жолда, маршрутларда керексиз бийҳуўда гәплер менен айдаўшыға да, жолаўшыларға да кесент етип, тынышын алады. Буған қосымша жолды кесип өтерде болса қулақларына даўыс қулақшынын тағып алып (наушник) өзлериниң өмирине қәўип салып атырғанын ойламайда да ҳәтте?! Телефонларға базыда ҳәр түрли мазмундағы «Усы хатты усы күнниң өзинде жети адамға тарқатыўың керек, сонда ондай болады, бундай болады, егер ислемесеңиз мынадай болады» сыяқлы сөзлер жазылған смслер келеди. Ақыл жуўыртсаңыз бул нәрселердиң барлығы жалған. Бул уялы телефон байланыс шөлкемине пайда келтирсе келтиреди, басқаға емес. Ҳәдиси шәрифте «Адамға гүна ушын еситкен ҳәр нәрсесин сөйлеўдиң өзи жеткиликли», деди. Ҳәр қандай күнимиз ушын зәрүр болған қурылмалардан пайдаланғанда пайдаланыў тәртибине әмел етиўимиз саламатлығымыз гиреўи болса, оннан ҳәдден зыят пайдаланыў ден-саўлыққа жүдә жаман кери тәсирин тийгизеди екен. Сондай екен, оннан мақсетке муўапық, жақсылық жолында пайдаланыў ҳәр биримиздиң жуўапкерли ўазыйпамыз.
Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмадал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талабасы Cәрсенбаев Қаумуддин.
Телефоннан қалай пайдаланасыз? Оның зыянлы ҳәм пайд ...
Жас балалардың ишинде де айырымлары оқып билим алыў орнына телефон менен ойнап, онда ҳәр түрли сүўрет ҳәм көринислерди тамашалап жүргенине қалай қараў...
Байланыс қуралы болған телефоннан пайдаланыў ҳақ ...
Илим-пәнниң раўажланыўы менен байланыс қураллары да күннен-күнге раўажланбақта. Турмысымызды телефонларсыз көз алдымызға келтириў қыйын. Шет тилден алынған «телефон»...
Жалғызсаң
Неге бүгин жалғызсаң? Жубың қайда қарлығаш, Жуп болып келер едиңиз, Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....