Жас балалардың ишинде де айырымлары оқып билим алыў орнына телефон менен ойнап, онда ҳәр түрли сүўрет ҳәм көринислерди тамашалап жүргенине қалай қараў мүмкин?
Балаларды, жасларды билим алыўдан, ҳақыйқый саўатлы ҳәм мәдениятлы болыўдан басқа тәрепке бурып атырған нәрселердиң ишинде уялы телефонды да атап көрсетиў қаншелли ашынарлы жағдай!
Жоқарыда атап өтилгенине уқсас ашынарлы ҳалатлар көплеп ушырасады. Буларды туўрылаўымыз керек. Бул сыяқлы машқалаларды шешиўде қадаған етиў, руқсат бермеў сыяқлы мәжбүрий шаралар белгили дәрежеде ҳәм ўақытша пайдалы болатуғынын жақсы аңлап жетиўимиз керек.
Буның ушын тийкарынан, әдеп-икрамлылықты, тәлим-тәрбияны жолға қойыўымыз керек. Тәрбиялы ҳәм әдепли инсан ҳәр қандай ҳалатта да гүна ҳәм әдепсизликке қол урмайды. Ийманы ҳәм әдеби қай жерде ҳәм қашан болса да, қандай ҳалатта болса да, оны тек жақсылыққа жетелейди. Егер адамларымыздың әдеплилик тәрбиясын жақсылап жолға қойсақ, олар барлық тараўлардағы сыяқлы, уялы байланыс тараўында да тек жақсылыққа әмел қылып, бәрше жаманлықлардан шетте болады.
Уялы телефоннан ҳәдден зыят пайдаланыў ден-саўлыққа жүдә жаман кери тәсирин тийгизеди. Адамның саў қулағы 10-15 децибалға шекемги даўысты сезе алады. Енди итибар беретуғын болсақ адам пәс даўыста сөйлегенде 20-30, сәўбетлесиў процессинде 30-35 децибал болса, бул уялы телефон еситиў қурылмасында 120 децибал болады. Медицина илиминде 90 децибалдан зыят сес нерв талшығына кери тәсир етип, отыз мыңды қурайтуғын инсан нерв талшығының жигирма бес пайызын набыт етеди екен.
Бурынлары әпиўайы телефон, ал ҳәзир уялы байланыс қуралын мобил телефон сатып алыўда адамлар ҳәр түрли нормаларға тийкарланатуғыны бәршеге белгили. Биреў жақсы нийет пенен, тағы биреўлер басқа мақсет ҳәм нийетлер менен сатып алады.
Телефон сатып алғанда оны жақсылықларға, дүнья ҳәм ақырет ушын пайдалы нәрселерге қолланыў нийетинде болыў керек. Уялы байланыс қуралының өз зәрүрлигине ылайығын алыўы керек.
Себеби, зәрүрликтен тысқары нәрсеге мол пул жумсаў ысырапкершилик болады.
Уялы байланыс қуралы өзгеге тийисли болса, оның руқсатысыз алыў, оннан биреўге қоңыраў етиў, оның ишиндеги нәрселерди ашып көриў улыўма мүмкин емес. Булай исленгенде, өзгелердиң сырларына, жасырылыўы лазым болған нәрселерине басқыншылық етилген болады.
Балаларға уялы телефон алып бериўге асықпаў керек, алып бергенде де, тек зәрүрли жағдайда қолланылыўы кереклигин айтып, жолға қойыў керек. Көпшилик балалардың қай жерде екенлигин билип турыў, гейде жумсаў мақсетинде уялы телефон оларда да зәрүрликке айланып қалыўы мүмкин. Бул жағдайда оларға тек сөйлесиў имканиятын беретуғын телефон алып бериў керек. Басқа әмелиятларды орынлаў, мысал ушын, сүўретке түсириў, қысқа хат жибериў ҳәм қабыл етиў, даўыс жазыў, интернетке кириў сыяқлыларды араластырымаў мақсетке муўапық есапланады. Соның менен бирге, балалардың телефонларын қадағалаў, ишиндегилерди тез-тез тексерип турыў керек.
Және бир гәп жолда, маршрутларда керексиз бийҳуўда гәплер менен айдаўшыныда, жолаўшыларға да кесент етип, тынышын алады. Буған қосымша жолды кесип өтерде болса қулақларына даўыс қулақшынын тағып алып (наушник) өзлериниң өмирине қәўип салып атырғанын ойламайда да ҳәтте?! Адамларға уялы байланыс қуралы арқалы хат жазғанда да әдеп-икрам, шәрият шегараларына әмел қылыў керек.
Сарсенбаев Темурлан
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўлы ислам билим журты 1-курс талабасы
Байланыс қуралы болған телефоннан пайдаланыў ҳақ ...
Илим-пәнниң раўажланыўы менен байланыс қураллары да күннен-күнге раўажланбақта. Турмысымызды телефонларсыз көз алдымызға келтириў қыйын. Шет тилден алынған «телефон»...
Жақсы тилек
Ҳәр атқан таңларым қуяшлы болып, Нурларын шашқанда жайнап әтирап, Кеўил қаналарын қуўанышқа толып, Бахыт ҳәм шадлықта жүргейсен ҳәр...
Саўға таңлаў ушын
Саўға алыў жақсы, ал саўға бериў оннанда қызық. Саўғаңызды алған жақын адамыңыз сизге миннетдаршылық пенен қарағанда ҳәммеге саўға...
Дүньяда бар жақсылар
Адамға өмир берилген, Жақсыға ҳәм жаманға, Неше түрли адамлар бар, Жақсылар бар дүньяда....
Қулақлық керек пе, я қулақ?
Телефон- китап, телефон-интернет, телефон- камера, телефон- диктафон, телефон-будильник, телефон- мүғаллим, телефон-шпоргалка, айтсақ, дизими узын. Бирақ, оның мынадай дизими де бар екен: -Еситиў...