Bul mobil menyu orni/ testing....


    Байланыс қуралы болған телефоннан пайдаланыў ҳаққында
    Байланыс қуралы болған телефоннан пайдаланыў ҳаққында

    Илим-пәнниң раўажланыўы менен байланыс қураллары да күннен-күнге раўажланбақта. Турмысымызды телефонларсыз көз алдымызға келтириў қыйын. Шет тилден алынған «телефон» сөзи даўысты узақ аралыққа жеткерип бериў мәнисин билдиреди. Телефон байланысы ҳәм техникасы раўажланыўы нәтийжесинде бир қанша жетискенликлерге ерисилип, телефонларымыз тек даўысты алыс аралыққа жеткерип бериў қуралы емес, ал сүўрет ҳәм видеоға түсириў, оларды басқаларға жибериў, даўыс жазыў, қысқа хатлар (СМС) жибериў, интернетке кириў сыяқлы бир қанша ўазыйпаларды да әмелге асырыў қуралына айланып қалды.

    Ҳәзир жас пенен ғаррының, балалар менен өспиримлердиң ҳәр түрли маркадағы телефонларда сөйлесип атырғанын көриў әпиўайы жағдайға айланып қалды. Усы уялы телефонлардан пайдаланыў жетискенликлер менен бирге, машқалаларды да келтирип шығармақта. Бул машқалаларды шешиў, оларды тәртипке салыў, телефон арқалы болатуғын байланыстың нормасы ҳәм әдеплерин сақлаўға баланыслы.

    Пайдалы нәрселердиң өзине ылайықлы зыянлы тәрепи де болғаны сыяқлы, уялы байланыс қуралының да пайдалы ҳәм зыянлы тәреплери бар. Егер оны пайдалы жолда қолланып, зыянлы тәреплеринен сақланбаса, неъматқа шүкирсизлик қылынған болады, адам өзиниң дүньясы ушын да, ақырети ушын да зыянға ислейди.

    Бул ис мусылманларға улыўма жараспайтуғын әдепсизлик есапланады! Мусылман адам Аллаҳ тааланың үйи болған мешитте сүўретке түсириў, даўысты жазып алыў менен бәнт болмаўы, әдеп пенен баянатты тыңлаўы керек. Басқа намаз оқыўшыларға, баянатшыға кесент бермеўи тийис.

    Телефонларда ийесиниң руқсатысыз сүўретке алыў мусылман адамға туўры келмейди. Мусылман адам басқа адамларды, атап айтқанда, ҳаялларды жасырын сүўретке түсирмейди.

    Бир адам азанда жумысқа кетип баратырса, жолда апатшылық жүз берип, бир кишкене автотранспорт үлкениниң астына кирип кетипти. Буны тамашалап турған адамларды көрип тоқтапты, сүўретке алыпты. Соңынан өзинше кәсиплеслерине әжайып сүўретти көрсетип, мақтаныўды режелестирип, жумыс орнына келсе, ол жердегилер басқалар тәрепинен өзлериниң қол телефонларына әлле қашан жиберип болынған бул апатшылықты тамашалап отырған екен.

    Усы ис мусылманға туўры келе ме? Яқ! Бул ис мусылман инсанға улыўма туўры келмейди. Мусылман адам басқа адамның мүсийбетке ушырағанын көрсе, дәрҳал сол жерде оқылыўы керек болған дуўаны оқыйды. Мүсийбетке ушырағанларға жәрдем бериўге асығады. Өзин ҳәм басқаларды усыған уқсаған ҳәдийселерден аман сақлаўын Аллаҳ тааладан тилейди.

    Хасан Халлилаев
    Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
    орта арнаўлы ислам билим журты 1-курс талабасы.

    Xabar-line bo'limi | 28-mart, 2017 jıl
    Bul bet 1307 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Әкежан

    Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...

    Ана

    Қараңғы түнлерди қуяшлы күнге, Тутастырып бәрҳә болады бирге, Аспаннан нур болып, гүл болған жерде, Бир шымдым ийискелеп, тоймайман ана!...

    Саўға таңлаў ушын

    Саўға алыў жақсы, ал саўға бериў оннанда қызық. Саўғаңызды алған жақын адамыңыз сизге миннетдаршылық пенен қарағанда ҳәммеге саўға...

    Дүньяда бар жақсылар

    Адамға өмир берилген, Жақсыға ҳәм жаманға, Неше түрли адамлар бар, Жақсылар бар дүньяда....

    Қулақлық керек пе, я қулақ?

    Телефон- китап, телефон-интернет, телефон- камера, телефон- диктафон, телефон-будильник, телефон- мүғаллим, телефон-шпоргалка, айтсақ, дизими узын. Бирақ, оның мынадай дизими де бар екен: -Еситиў...

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Doslıq tilegi

    Kewlimde heshkimge g’ayırlıg’ım joq,
    Qayırlı tileklerim joldas sizlerge,
    Du’nyada doslıqtan o’zge baylıq joq,
    Qa’dirli joldaslarım men sizge dospan.

      
    15-aprel, 2013 jıl. 2213 ret ko'rildi


  • Өмир пасыллары

    Өтер өмиримиздиң сансыз күнлери,
    Бирде шадлы бирде ғамлы түнлери,
    Балалық, өспирим, орта, ғаррылық,
    Төрт пасылдай гезеклесер ҳәр бири.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2524 ret ko'rildi


  • Ауылға

    Әкетай-ау төбеттер көп қабаған,
    Қайта-қайта жанымды жеп талаған.
    Шынымды айтсам аңсап жүрмін ауылды,
    Шаршап кеттім кайыры жоқ қаладан.

      
    03-mart, 2017 jıl. 1789 ret ko'rildi


  • Студентлик бахыт

    Студентлик бахтына миясар болыў,
    Билдим бүгин қандай бахыт екенин.
    «Жүзден жүйрик,мыңнан тулпардай болып»,
    Қатарыңнан алда болдың дегениң.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2600 ret ko'rildi


  • Ўатаным

    Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп,
    Қушағымда беккем сени қушсам деп,
    Кәне енди алақанда тутсам деп,
    Ер жетемен қушағыңда ўатаным.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2464 ret ko'rildi


  • Қуяшлы таңлар

    Ертеңги таңлардың атыўы бийкар,
    Бәрибир жеңеди оны нурсыз түн,
    Мениң кеўилиме соң берип азар,
    Алыстан қуяшым батады бүгин.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1734 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Жоним

    Томчи дийдорига етса боғ бўлар,
    Шамс тиғларида кесилган ер ҳам.
    Шу сўзим тинглаган кўнглинг тоғ бўлар,
    Бир осмон остида яшаймиз,эркам.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 1682 ret ko'rildi


  • Ayrılıq

    Búgin mine taǵı janım taǵı seni eske aldım,
    Seni menen ótken kúnderimdi qaytadan esime saldım,
    Qáytemin súye almapsań menen basqanı oylapsań,
    Meniń júregim bilesiń tek sen ushın arnalǵan.

      
    22-yanvar, 2017 jıl. 2219 ret ko'rildi


  • Ilk sevganimga!

    Men u payt yeti yoshlarda edim,
    Birovni sevishga hali yosh edim,
    Lekin men sevardim sinfdoshimni,
    O’ziga aytishga tortinar edim.

      
    19-mart, 2013 jıl. 2922 ret ko'rildi


  • Қыялдағы сулыўға

    Неге түслериме тез тез енесең,
    Мүмкин аңсадым мен ақ дийдарыңды,
    Сонша күттим ушырасыўға келмесең,
    Қурғыр жүрек шыдатпайды сабырымды.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 1861 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.