Bul mobil menyu orni/ testing....


    Қулақлық керек пе, я қулақ?
    Қулақлық керек пе, я қулақ?

    Телефон- китап, телефон-интернет, телефон- камера, телефон- диктафон, телефон-будильник, телефон- мүғаллим, телефон-шпоргалка, айтсақ, дизими узын. Бирақ, оның мынадай дизими де бар екен:

    -Еситиў қәбилетин төменлетиўши;
    -Қулақ пердесин асқынландырыўшы;
    -Қулақта шаўқым пайда етиўши ҳ.т.б.

    Не ушын тек қулаққа байланыслы зыяны келтирилген деп ойлап атырған болсаныз керек? Қулақ ағзасының зыянланыўына байланыслы кеселликлер көбинесе, биз ушын телефоннан кейин екинши орында туратуғын үскене қулақлық (Научник)тың надурыс яки ҳәдден зыят көп қолланылыўы менен байланыслы екен. Бирақ, шегарасы ҳәм қағыйдасы менен пайдаланылған научник организмимизге пайдалы усайды.

    Дослар, сизлер телефоныңыздың ажыралмас достысы болған Научник ҳаққында нелерди билесиз? Демек, билимлериңизди беккемлеп алың:

    Научник тарийхы
    Қулақлықлар 1910-жылы Натаниел Болдуин асханада өтырған жеринде ҳәр бир адам өзи қәлеген музыкасын басқаларға кесент етпей тыңлай алыў имканиятына ийе болыў ушын ойлап тапқан.

    Қурылманың пайдалы тәрепи
    Научник уялы телефоннан келип турған радиатсия нурларын азайтады.

    Қурылманың адам саламатлығына унамсыз тәсири
    Орынсыз ҳәм натуўры пайдаланылған научник адамның еситиў органларына зыян тийгизеди. Адам қулағы саламат жағдайында 10-15 децибл сеслерди есите алады. Жапырақлар төмеге түсип атырғанда 20, пәс ҳаўазда сөйлескенде 20-30, саат тықылдағанда 30, сәўбет ўақтында 30-35 децибл сес пайда болады. Уялы телефон научнигинде болса, 120 децибл сес пайда етеди. Бул болса, 100 метр аралықтан ушыўға көтерилип атырған турбореактив самолёттың ҳаўаз күши менен тең. Бундай жоқары даўыс, тек еситиў органларына емес, нерв системаларына да унамсыз тәсирин көрсетеди. 90 дециблден жоқары болған даўысты еситиў нерв системасындағы тоқымаларға зыян тийгизеди. Бул жағдай болса адамда түсинкилик, ашыўшақлықты келтирип шығарады. Себеби, научник тағылған еситиў органларына ҳаўа жетиспеўи. Нерв тоқымалары 30 000 болып, жоқары даўыста олардың 25%ы набыт болады. Тоқымалардың ярымы набыт болса, адам герең болып қалыўы мүмкин. Научник ышқыпазлары болса, қатты сөйлемесеңиз, еситпейди.

    Научниктиң жәбиркеши болмаў ушын не ислеўимиз керек? Бул ҳаққында Россиялы жоқары дәрежели шыпакер Константин Кондра Андреевичтиң мәсләхатлерин келтирип өтиўди мақул таптық.

    1. Научниктен күнине 1 сааттан артық пайдаланбаў;
    2. 80 дициблден жоқары дәрежедеги даўысты тыңламаў;
    3. Қулақ ишине кирип туратуғын түрдеги научниктен пайдаланбаў;
    4. Егер пайдаланылса, күнине 30 минуттан артық пайдаланбаў;
    5. Ҳәр бир адам қулағына туўры келетуғын научникти таңлай билиўи;
    6. Көбинесе, мониторлы (қулақ үстине қойылатуғын) научник түрлеринен пайдаланыў.
    7. Научникти сатып алып атырғанда характеристикасын, частотасын анықлаў. 18Гертсли, қарсылығы 16-40 амперди қураўы, тағылғанда ҳешқандай шаўқым шығармаўы керек.
    8. 90дицибллик метрода 120 ҳәм оннан да артық бәлентликтеги даўысты еситпеў;
    9. Ҳеш нәрсе еситпеўге ҳарекет етпеў;
    10. Научниклерди тек үйде, тыныш жерлерде тыңлаў;
    11. Научник сатып алғанда қымбатырағынан алыў;

    Қуўанышлы хабар еситкенимизде биз «қулақларыма исенбеймен» деймиз. Ал, кеўилли қосықларды еситиў ушын пайдаланған научнигиңиздиң себебинен қулақларыңыз сизге исенбей қалмасын!


    Гүлзада Өтениязова
    ҚМУ студенти.

    Xabar-line bo'limi | 09-iyul, 2014 jıl
    Bul bet 2235 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    mira 17 avgust 2014 15:11

    Жак'сы жазылган, Гулзадага рахмет.

    Бахыт ҳәўес етсин маған

    Көз тиймегей менде жүрек, Нийетлерге толы мәкән, Бирақ, Бахыт неге керек? Бахыт ҳәўес етсин маған....

    Алтын гүз

    Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Ўатаным

    Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли,
    Оларды түсиниў қыйынды бәлки,
    Бирақта өз ана тилиңди билсең,
    Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы.

      
    12-may, 2013 jıl. 2521 ret ko'rildi


  • Ол перзент, ол ҳаял, ол анаң

    Көз ашып туңғыш рет көргениң анаң,
    Меҳир мухаббаттың нағыз тулғасы,
    Анаңның тербеткен бесиги Кабааң,
    Сен жүзик болсаң ол оның қасы.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 1735 ret ko'rildi


  • Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў,
    Жүреклердиң тарын шертеди,
    Нама шалған,соңғы қоңыраў,
    Ойларымды алып кетеди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3469 ret ko'rildi


  • Қарақалпақта

    Үстинде бар нағышлы киймешеги,
    Маржан тақыя жарасықлы пөпеги,
    Келиншеклер кийер жегде жипекли,
    Көк көйлекли қызлар қарақалпақта.

      
    11-may, 2013 jıl. 2559 ret ko'rildi


  • Сағыныш

    Жылаймызда енди төркинлеп барсақ
    Себеп табылады оннан ғам жемең
    Шаўып тасланыпты сол үлкен терек
    Ҳеш ким керек емес! Керек сол терек!

      
    15-avgust, 2013 jıl. 2467 ret ko'rildi


  • Қарақалпақстаным

    Қ-ушағыңда туўылып камалға келдим,
    А-на сүтин емип тәрбия көрдим,
    Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы,
    А-лла көз тиймесин бахтыма мениң.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 5761 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • "Ey banda"

    Armon ushalmagan orzu deysan,
    Dardim ko‘p davosi yo‘q deysan,
    O‘tgan umrimda sho‘x navo yo‘q deysan,
    Buncha noshukrsan-a ey banda.

      
    19-dekabr, 2015 jıl. 2298 ret ko'rildi


  • Men senga baxt tilab yuribman yashab!

    Sen mendan kechding jonim ne sabab?
    Nega ketding mening ko’nglimni g’ashlab?
    Xayotda yolg’iz qilib ketdingku tashlab,
    Men senga baxt tilab yuribman yashab!

      
    12-mart, 2013 jıl. 3229 ret ko'rildi


  • Достыма жуўап

    Дос деўгеде енди бармайды тилим,
    От болып өртенди бүгин кеўилим,
    Жигит пенен қызлар дос бола алмас
    Жақсы қалың, достым сөнди үмитим.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3075 ret ko'rildi


  • Тағдир жолында

    Айралық паслының музлары ерип,
    Көрген түслеримиз оңынан келип,
    Мухаббат бағының гүллерин терип,
    Биз және ушрастық тәғдир жолында.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2219 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.