Бәҳәр келди елиме көклем мәўсими,
Тәбият уйқыдан оянып атыр.
Тереклер бүртиклеп жер бети көклеп,
Әлем ҳасыл липасқа боянып атыр.
Бәҳәр келди елиме - мийнет мәўсими,
Гүллан далаларда жумыс қайнайды.
Мийнет - бул соншелли уллы мүбәрек,
Әлем мийнет арқасында жайнайды.
Жәнликлер қыбырлап жерге жан енип,
Қатар-қатар нәллер тигилип атыр.
Қырман берекети елдиң ырысы,
Жерге туқым болып себилип атыр.
Мәўсимлер мәликасы - бәҳәрдиң көрки,
Қызлар сулыўласып, доланып атыр.
Кеўиллер жасарып, илҳам,ёш алып,
Бәҳәр гүллерине оранып атыр.
Күнлерди жылытқан бәҳәр қуяшы,
Жүреклерге ыссы лебиз үлесер.
Кеўиллер ёшланып, жасарар демек,
Қутлы әййам менен бәҳәр киятыр.
Бәҳәр қутлы әййам менен бахтияр,
Татыўлықтың торқасын әкелер наўрыз.
Наўрызға жеткен бар, жетпеген де бар,
Наўрызды көриўдиң өзи бир бахыт.
Қуяштың ыссы жүзин сүйип гүл бағлар,
Шешек атқанында гүлленер турмыс.
Әтирап гүл жайнап, қамасар көзлер,
Бәҳәрайды гөззал дөреткен болмыс.
Жәримбетова Марям.
www.megaline.uz arxivinen.
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Таллар
Жасыллық мәўсими келген мәҳәл, Ағам менен бирге нәллер еккенбиз, Ҳәр жылы үлкемизге келгенде бәҳәр, Олар менен гүллеп бирге өскенбиз....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Наўрыз
Мухаббатқа толар жүреклер, Күш-қуўатқа толар билеклер, Қуўаныштан болып дереклер, Бәҳәр менен келеди Наўрыз....