Тәбият уйқыдан оянып атыр.
Тереклер бұртиклеп жер бети көклеп,
Әлем ҳасыл липасқа боянып атыр.
Бәҳәр келди елиме - мийнет мәўсими,
Гұллан далаларда жумыс қайнайды.
Мийнет - бул соншелли уллы мұбәрек,
Әлем мийнет арқасында жайнайды.
Жәнликлер қыбырлап жерге жан енип,
Қатар-қатар нәллер тигилип атыр.
Қырман берекети елдиң ырысы,
Жерге туқым болып себилип атыр.
Мәўсимлер мәликасы - бәҳәрдиң көрки,
Қызлар сулыўласып, доланып атыр.
Кеўиллер жасарып, илҳам,ёш алып,
Бәҳәр гұллерине оранып атыр.
Кұнлерди жылытқан бәҳәр қуяшы,
Жұреклерге ыссы лебиз ұлесер.
Кеўиллер ёшланып, жасарар демек,
Қутлы әййам менен бәҳәр киятыр.
Бәҳәр қутлы әййам менен бахтияр,
Татыўлықтың торқасын әкелер наўрыз.
Наўрызға жеткен бар, жетпеген де бар,
Наўрызды көриўдиң өзи бир бахыт.
Қуяштың ыссы жұзин сұйип гұл бағлар,
Шешек атқанында гұлленер турмыс.
Әтирап гұл жайнап, қамасар көзлер,
Бәҳәрайды гөззал дөреткен болмыс.
ҚМУ Қарақапалпақ Филологиясы факультетиниң стұденти
Жәримбетова Марям
Бахыт ҳәўес етсин маған
Көз тиймегей менде жүрек, Нийетлерге толы мәкән, Бирақ, Бахыт неге керек? Бахыт ҳәўес етсин маған....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Таллар
Жасыллық мәўсими келген мәҳәл, Ағам менен бирге нәллер еккенбиз, Ҳәр жылы үлкемизге келгенде бәҳәр, Олар менен гүллеп бирге өскенбиз....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....