Билимлер сынағы атамасындағы бул таңлаўдың 1-2 басқышлары ноябрь айында өткерилди. Атап өтсек, таңлаўдың екинши басқышы онлайн режиминде өткерилди. Жоқары нәтийжеге қол жеткизген 8 студент жуўмақлаўшы финал басқышына жоллама алып, таңлаўдың финал басқышында қатнасты.
Таңлаўдың финал басқышы интерактив усылда алып барылды. Яғный үлкен монитор менен жарыс қатнасыўшылары арасында өз-ара интерфейс орнатылған болып, халқаралық интеллектуал ойынлары талапларына сәйкес алып барылды.
Таңлаў барысын арнаўлы экспертлер қурамы бақлап ҳәм баҳалап барды. Еслетип өтемиз, арнаўлы экспертлер қурамы ТИТУ Нөкис филиалының зийрек студентлери, яғный олар: түрли республикалық ҳәм халқаралық көлемдеги таңлаўлар, стипендиялар, спорт ойынларының жеңимпазлары.
Ҳәр бир шәрт жуўмағында арнаўлы экспертлер таңлаў барысы ҳаққындағы пикирлерин билдирип, баҳалап барды.
Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет студентлердиң интеллектуал потенциялын жәнеде жетилистириў ҳәм инталы жасларды кең жәмийетшиликке таныстырыў, студентлерди өз үстинде жәнеде ислеўине қызықтырыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў.
Жоқары көтериңки кейпиятта болып өткен таңлаў жуўмағында қатнасыўшылар 6 номинация бойынша сыйлықланып, оларға ҳүрмет жарлықлары ҳәм дипломлар тапсырылды.
Материял таярланбақта даўамы бар.
Жуўырыў бойынша бийик өкшели ҳаял-қызлардың жарысы ...
Жақында Францияда бийик өкшели аяқ кийим кийген ҳаял-қызлар жуўырыўдан жарысты. Финиш сызығына шекемги аралық 60 метр. Жарыстың баслы шәрти ҳаял-қызлардың...
Жаслар ушын жаңа имканиятлар майданы: ТИТУ Нөкис филиалында “Пр ...
ТИТУ Нөкис филиалында усы жылдың 9-апрель күни “Программалық ҳәм техник исленбелер” көргизбеси шөлкемлестирилди. Көргизбеге филиалдың зийрек студентлеринен 58 и...
“Ең белсенди жас байланысшы”, “Ең белсенди жас программист” та ...
Өзбекстан байланыс хызметкерлери республика кәсиплик аўқамы тәрепинен усы жылдың 24 июль күни Ташкент қаласындағы Байланыс тарийхы музейинде “Ең белсенди жас байланысшы”, ...
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....