Бул турнирде УЕФА ға ағза болған мәмлекетлердиң чемпионлары ҳәм күшли миллий бириншиликлердиң саўғалы орынларды ийелеген командалары қатнасады.
Көп жыллық тарийхқа ийе турнир
Турнир 1956-1992-жылларда Европа чемпионалар лигасы деп аталған, 1993-жылдан баслап болса Европа чемпионлар лигасы атамасы менен старт алды. Көп жыллық тарийхқа ийе турнир ҳәр қыйлы форматлар өткерилген. 1992-жылға шекем ойынлар олимпиада системасында алып барылды. Бунда командалар үй-мийман системасында ойынларды алып барып жеңип шыққан команда кейинги басқышқа шыққан. Турнир чемпионлар лигасы атамасы менен өткериле баслағаннан соң квалификация ҳәм топар раудлары киргизилди. 1998-жылдан баслап күшли мәмлекетлердиң вице-чемпионлары кейин ала болса өз чемпионатларында 3-4-орынды ийелеген командалар да турнирде қатнасыў бахтына миясар бола баслады. 1993-жылы өткерилген турнирде топар басқышында тек ғана 8 команда қатнасқан болса, азғана ўақыт өткеннен соң командалардың саны 16 ға жеткерилди. 2000-жылларға келип командалар саны 24 ке жетти. Ал бүгинги күни болса топарлар саны 8, ал командалар саны 32 ге жетти.
«Патша клубының» жеке гегемонлығы
Дәслепки турнирде 16 команда қатнасқан. Биринши ойын 1955-жылы 4-сентябрь күни Лиссабонда жергиликли «Спортинг» ҳәм Белградтың «Партизан» клублары өз-ара беллести. Кескин беллесиўде есап 3-3 болд.ы Мадридтиң Реал клубы Европа чемпионалар кубогының дәслепки жеңимпазы сыпатында тарийхта қалды. 1956-жылы 13-июнь күни Парижде өткерилген финал ойынында Мадридтиң «Реал» клубы Францияның «Реймс» клубын 4-3 есабында жеңип шықты. «Реал» дәслепки ойынларда өзиниң теңсиз екенлигин дәлиллеген еди. Қурамында Албфредо Де Стефан, Ференц Пушкаш, Франциско Хенто ҳәм басқада ойыншылары бар клуб избе-и- бес мәртебе Европаның ең күшли клубына айланды. 1960-жыллары болса, «Бенфика», «Милан», «Интер» клублары еки мәртебеден күшли турнирдиң жеңимпазларына айланды.
«Аякс», «Бавария», «Ливерпуль» гегемонлығы
1970-жыллардың дәслепки ярымы Голландияның «Аякс», Германияның «Бавария» клублары гегемонлығында өтти. Бул клублар турнирдиң 3 мәртебеден жеңимпазы болды. Ал 1980-жыллары болса футбол ўатаны Англияялылар да турнир жеңимпазына айлана баслады. Усы ўақытта «Ливерпул» клубы кубокты 3 мәртебе жеңип алды. «Ноттингем Форест» еки мәртебе «Астон Вилла» бир мәртебе турнир жеңимпазы болды.
Аппенин грандлары дәўири драматикалық финал
1980-жыллардың ақыры 90-жыллардың басында «Милан» клубы лидерликти қолға алды. Тренер Ариго Саки басшылығындағы голланд триосы Ван Бастен-Гуллит-Райкаард басшылығындағы Милан клубы қарсыласларына имканият қалдырмады. Италиялылар бул ўақытта кубокты 3 мәртебе жеңип алды. Буннан соң «Ювентус» 3 мәртебе турнирдиң финал басқышына шықты, өзиниң жақсы ойынлары менен қәнигелердиң итибарына тусти. 1999-жылы болса «МЮ» ҳәм «Бавария» ортасындағы ең қызықлы финал ойынларының бири болып өтти. Барселонаның «Ноу-Камп» стадионында болып өткен ойында Марио Баслер есапты ашты. Мюнхенлилер есапты ойын соңына шекем услап турған еди. Лекин төреши тәрепинен қосып берилген ўақытта майданға түскен еки фтуболшы Тедди Шерингем ҳәм Оле-Гуннар Сульшер Оливер Кан дәрўазасына еки топ жоллап турнир жеңимпазын айланды.
Тахтақа қайтқан «Реал» ҳәм Месси басшылығындағы «Барса»
Жаңа әсирде «Реал» және тахтқа қайтты. Мадрид клубы бес жыл ишинде үш мәртебе Европада теңсиз деп табылды. Ал кейинги ўақытлары болса чемпионлар лигасында Аргентиналы Месси басшылығындағы «Барса» клубы жақсы ойын көрсетип турнир жеңимпазлығын қолға киргизбекте. 2006-жылғы турнирде қыйыншылық пенен «Арсенал» ды жер тислеткен болса, 2009 ҳәм 2011-жыллары «Манчестер Юнайтед» ти исенимли түрде жеңилиске ушыратты.
Лекин, дүнья жүзи футболында болып атырған өзгерислер Европа чемпионлар лигасы турнирине де тәсир етпекте. Күшли клублардың күтилмегенде утылып қалыўы, яки ҳеш ким күтпеген команданың топар басқышына жол алғанын атап өтиўимизге болады. Быйын сенсациялық нәтийже сыпатында Қазакстанның «Астана» клубының топар басқышына шығып дәслепки очколарды қолға киргизгени, Англияның белгили клублары есапланған «Манчестер Юнайтед», «Манчестер Сити», «Арсенал» клубларының қолға киргизип атырған күтилмеген нәтийжелери ҳәммени ҳайран калдырмақта.
Лекин, усындай күтилмеген нәтийжелердиң орын алғаны жақсы. Бул өз гезегинде турнир ойынларының кескинлигин және де арттырады.
Талғат Абдижалиев,
ҚМУ журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти.
Тағдир жолында
Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Боксшыларымыздың табыслары
Жерлеслеримиздиң спорт түрлери бойынша қолға киргизген жетискенликлери ҳәм ийелеп атырған табыслары ҳәммемизди қуўандырады. Жақында ғана (2-7 август...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....