Узақ ўақыт даўамында дене шынығыўы менен шуғылланбаған адам аўыр жумыс ислеп, денеге күш түсирсе денеси аўырыўы мүмкин. Себеби бул булшық еттиң аўырыўы 5-6 сааттан кейин басланып, бир еки күн даўам етиўи мүмкин.
Не ушын денеге күш түссе булшық етлер аўырады?
Белсенди жумыс ўақтында булшық ет анаэроблы режимде жумыс ислеп, кислород житиспеўшилигинен энергия қорын жумсайды. Анаэроблы процесстиң соңғы өними – сүт кислотасы болғанлықтан, егер денеге түсетуғын күш орташа болса, сүт кислотасы булшық еттен қан арқалы шығады. Ал күш аўыр болатуғын болса, сүт кислотасы булшық еттен шығып үлгермей, нерв ушларын аўыртады. Сонлықтан булшық ет аўырады.
Булшық етти аўыртпаў ушын не қылыў керек?
1) Дене шынығыўлары менен шуғылланыў керек. Себеби бундай жағдай узақ ўақыт даўамында спорт пенен шуғылланбаған, аз ўақытта денесине аўыр күш түсирген адамда ушырасады.Сонлықтан күнделикли шынығыў орынлап, денени шынықтырыў керек. Сонда ғана аўырыў сезилмейди. Бул сүт кислотасы өндирилмейди деген сөз емес. Дене әдеттеги күшке үйренгеннен соң булшық ет аўырмайтуғын болады.
2) Биринши күни денеге аўыр күш түсирмеў керек. Күшти басқышпа-басқыш арттырыў керек. Көп адамлар шынығыўдан кейин денениң аўырғанын қәдимги жағдай деп есаплайды. Себеби белгили бир денениң аўырыўы организмде белгисиз жағдайдың жүз бергенин билдиреди. Яғный булшық етлерге шамадан көп күштиң түсиўин билдиреди.
3) Шынығыў алдында денени қыздырыў керек. Егер буннан алдын дене аўырып турған болса, ҳешқашан шынығыўды тоқтатпаў керек. Себеби шынығыў орынлаў организмдеги зат алмасыў процессин тезлестиреди. Сонлықтан шынығыў ўақтын ғана кемейтиў керек. Денеге массаж ислеў, душ қабыллаў – шынығыў барысында жыйырылған булшық етлерди дем алдырады.
Суўда жүзиўдиң 7 пайдасы
Суў бул – тиришиликтиң дереги. Ал шомылыў яки жүзиў – шынығыўдың ең пайдалы усылы болып табылады. Жүзиў менен шуғылланыўшылардың организиминиң тамыр системасы суў...
Азияда ким күшли болады?
Төрт жыл алдынғы Азия чемпионатында жерлеслеримиз азияның күшли төрт сайланды командасы арасынан орын алған еди. Бүгин Австралияда басланған Азия чемпионатына Өзбекистан...
Саўға таңлаў ушын
Саўға алыў жақсы, ал саўға бериў оннанда қызық. Саўғаңызды алған жақын адамыңыз сизге миннетдаршылық пенен қарағанда ҳәммеге саўға...
Шынығыў залының қағыйдаларын билесиз бе?
Стандарт шынығыў залларының тийкарғы бес қағыйдасы бар. Қағыйдалар әпиўайы болса да, келиўшилердиң қатарында бул қағыйдаларға әмел...
Дүньяда бар жақсылар
Адамға өмир берилген, Жақсыға ҳәм жаманға, Неше түрли адамлар бар, Жақсылар бар дүньяда....