1. Футбол фанатларының ең көп пайдаланатуғын “оле-оле-оле” сөзи Испаниядан келип шығып, бул сөз Коррида ҳәм Фламенго ойыны ўақтында қолланылған.
2. Хулио Иглесиас жаслығында футбол дәрўазаманы болған ҳәм Мадридтиң “Реал” командасында ойнаған. Оның кариерасы 20 жасында авариядан жарақат алыўы менен жуўмақланған.
3.Аўғаныстан, Кампучио ҳәм Гренландияны қосып есаплағанда футбол 6 мәмлекетте қадаған етилген.
4.1969-жылдың 3-ноябрь сәнесинде Уллыбританияда футбол тарыйхындағы “ең тәртипсиз” ойын өткериледи. “Тонгҳем жаслар клубы” ҳәм “Ҳаули” клублары жергиликли кубок ушын қатты гүрес алып барады. Нәтийжеде арбитр емлеўханаға кеткен футболшыдан тысқары 22 футболшыны ҳәм сызық төрешисин майданнан шетлестиреди.
5. Ең узын футбол матчы 1981-жылы 1-3 август күнлери Ирландияның 2 клуби ортасында болып өтеди. Жеңимпаз тек ғана 65 саат 1 минутта анықланған.
6. Бразилияның “Какова” футбол командасы ишки ислер министриниң күтилмеген қарары нәтийжесинде дүзилген комада болып табылады. Бул команда тийкарынан полиция хизметкерлеринен дүзилген болып, ойын ўақтында барлық фанатлар полиция формасында келген. Усы команда қатнасқан ойынлар ең тәртипли ойынлардан бири болатуғы еди.
7. Бразилиялы футбол қорғаўшысы Пинейро өзиниң урған голлары бойынша рекордшы есапланады. Ол бир мәўсимде өз дәрўазасына 10 гол урыўға ерискен. Футболшы 25 жасқа толғанда қарсылас команда футболшылары оған компас саўға еткен. Бул әлбетте жақсы емес.
8. “Брешиа” клубының қорғаўшысы Маccиа 60-жыллар орталарында өзине тән рекорд орнатады. “Мантова”ға қарсы ойынның 38-секундтыңда өзиниң дәрўазасына гол киритип ең тез автогол урыўға ериседи.
9.1959-жылы Гелзенкирхендеги стадион администрациясы үлкен қәтеликке жол қойып гандбол ҳәм футбол матчларын бир ўақытқа шөлкемлестирип жибереди. Ҳешқайсы команда ўәкиллери кетиўди қәлемейди. Нәтийжеде матч бир ўақыттың өзинде 4 команда ҳәм 2 топ пенен биргеликте өткериледи.
10. Футбол әлеминдеги ең күшли дәрўазаманлардан бири Лев Яшин тек ғана футболда емес, ал хоккей ойынында да дәрўазаман болған. 1953-жылы Кеңес аўқамының кубогы чемпионатына қатнасып бронза медалы ийесине айланады. Бирақ Яшин өз кариерасын футболда даўам еттиреди.
Шахимардан Турсынов.
1.Futboldag’i’ fanatlardi’n’ yen’ ko’p paydalanatug’i’n “Ole-Ole-Ole” so’zi Ispaniyadan kelip shi’g’i’p,bul Korrida ha’m Flamengo oyi’ni’ waqti’nda isletilgen.
2.Xulio Iglesias jasli’g’i’nda futbol da’rwazamani’ bolg’an ha’m Madridtin’ “Real” komandasi’nda woynag’an.Woni’n’ karierasi’ 20 jasi’nda avariyadan jaraqat ali’wi’ menen juwmaqlang’an.
3.Afg’ani’stan,Kampuchio ha’m Grenlandiyani qosi’p yesaplag’anda futbol 6 ma’mlekette qadag’an yetilgen.
4.1969-ji’ldi’n’ 3-noyabr sa’nesinde Ulli’ Britaniyada futbol tari’yxi’ndag’i’ “Yen’ ta’rtipsiz” woyi’n wo’tkeriledi.”Tonghem jaslar klubi’” ha’m “Hauli” klublari’ jergilikli kubok ushi’n qatti’ gu’res ali’p baradi’.Na’tiyjede arbitr yemlewxanag’a ketken futbolshi’dan ti’sqari’ 22 futbolshi’ni ha’m si’zi’q to’reshisin maydannan shetlestiredi.
5.Yen’ uzi’n futbol matchi’ 1981-ji’li’ 1-3 avgust ku’nleri Irlandiyani’n’ 2 klubi wortasi’nda boli’p wo’tedi.Jen’impaz tek g’ana 65 saat 1 minutta ani’qlang’an.
6.Braziliyani’n’ “Kakova” futbol komandasi’ ishki isler ministrinin’ ku’tilmegen qarari’ na’tiyjesinde du’zilgen komada boli’p yesaplanadi’.Bul komanda tiykari’nan policiya xizmetkerlerinen du’zilgen boli’p, woyi’n waqti’nda barli’q fanatlar policiya formasi’nda kelgen.Usi’ komanda qatnasqan woyi’nlar yen’ ta’rtipli woyi’nlardan biri bolatug’i’ yedi.
7.Braziliyali’q futbol qorg’awshi’si’ Pineyro wo’zinin’ urg’an gollari’ boyi’nsha rekordshi’ yesaplanadi’.Wol bir ma’wsimde wo’z da’rwazasi’na 10 gol uri’wg’a yerisken.Futbolshi’ 25 jasqa tolg’anda qarsi’las komanda futbolshi’lari’ wog’an kompas sawg’a yetken.Bul a’lbette jaqsi’ yemes.
8.”Breshia” klubini’n’ qorg’awshi’si’ Maccia 60-ji’llar wortalari’nda o’zine ta’n rekord wornatadi’.”Mantova”g’a qarsi’ woyi’nni’n’ 38-sekundtin’da wo’zinin’ da’rwazasi’na gol kiritip yen’ tez avtogol uri’wg’a yerisedi.
9.1959-ji’li’ Gelzenkirxendegi stadion administraciyasi’ u’lken q’telikke jol qoyi’p gandbol ha’m futbol matchlarin bir waqi’tqa sho’lkemlestirip jiberedi.Heshqaysi’ komanda wa’killeri ketiwdi qa’lemeydi.Na’tiyjede match bir waqi’tti’n’ wo’zinde 4 komanda ha’m 2 top penen birgelikte wo’tkeriledi
10.Futbol a’lemindegi yen’ ku’shli da’rwazamanlardan biri Lev Yashin tek g’ana futbolda yemes xokkey woyi’ni’nda da da’rwazaman bolg’an.1953-ji’li’ Sovet awqami’ni’n’ kubogi’ chempionati’na qatnasi’p bronza medali’ iyesine aylanadi’.Biraq Yashin wo’z karieras’in futbolda dawam yettiredi.
Тағдир жолында
Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....
Жалғызсаң
Неге бүгин жалғызсаң? Жубың қайда қарлығаш, Жуп болып келер едиңиз, Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,...
Аҳўалың қалай «Арал»ым?
2014-жыл 8-июнь күни пайтахтымыздағы «Туран» орайлық стадионында Нөкистиң Арал футбол командасы басшылары ҳәм футболшылары, және қарақалпақ футболының...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....