Bul mobil menyu orni/ testing....


    Аҳўалың қалай «Арал»ым?
    Аҳўалың қалай «Арал»ым?

    2014-жыл 8-июнь күни пайтахтымыздағы «Туран» орайлық стадионында Нөкистиң Арал футбол командасы басшылары ҳәм футболшылары, және қарақалпақ футболының ветеранлары қатнасыўында Арал командасының жанкүйерлери менен ушырасыў болып өтти. Ушырысыўды Қарақалпақстан футбол федерациясы президенти Владимир Назаров кирис сөз бенен ашып берди. Ол Арал командасының, улыўма қарақалпақ футболының тарийхы ҳаққында азы-кем мағлыўмат берип өтти. Ол өз сөзинде қарақалпақ футболы 1994-жылғы Азия ойынлары чемпионы Бердақ Алланиязов, Өзбекстан чемпионы ҳәм Өзбекстан кубогы ийеси, Азия чемпионлар лигасының бронза медалы ийеси Нағметулла Қутыбаев, Азия лигасы кубогының жеңимпазы Азамат Алланиязов ҳәм тағы басқа да талантларды жетистирип шығарғанлығын мақтаныш пенен атап өтти.

    Соң ушырасыўдың тийкарғы бөлимине өтилди. Ушырасыўдың тийкарғы бөлими төмендегише избе-изликте болып өтти:

    1. Жанкүйерлер менен сораў-жуўап.
    Команда жанкүйерлери клуб басшыларына ҳәм футболшыларға қызықтырған сораўларын берди. Сораўлар тийкарынан Арал футбол клубының финанслық жағдайы ҳаққында болды. Командамыз бас тренери Нағметулла Қутыбаев бул мәўсимде команданың финанслық тәмийинлениўи өткен жыллардағыдан сәл жақсылаў екенлигин айтып өтти. Ал Қарақалпақстан футбол федерациясы президенти Владимир Назаров бул мәўсимде клуб 44 кәрхана менен қәўендерлик шәртнамасын дүзгенлигин ҳәм бул кәрханалар усы мәўсим ушын клуб есабына 760 миллион муғдарда қаржы өткериў миннетлемесин мойнына алғанын тастыйықлады. Владимир Назаровтың айтыўынша усы күнге шекем бул кәрханалар тәрепинен клуб есабына 110 миллион сўм өткерилген болып, қалған пул муғдарының да өз ўақтында өткерилиўин тәмийинлеў ушын федерация тәрепинен клуб басшылары ҳәм кәрхана басшы ҳәм жумысшылары менен ушырасыўлар шөлкемлестирилип атыр.

    2. Жанкүйерлердиң үй ҳәм миймандағы ойынларда өзлерин тутыў қағыйдалары
    Бул ҳаққында Қарақалпақстан ишки ислер бөлиминиң ўәкили сөз етип, Өзбекстан спорт ҳәм мәденият ислери министрлигиниң спорт жарысларында жанкүйерлердиң өзлерин тутыў қағыйдалары менен таныстырды.

    3. Арал футбол клубының фан клубын шөлкемлестириў мәселеси қарап өтилди.
    Владимир Назаров усы ушырасыўдың өзинде өзегин жаратыў кереклигин ҳәм бул өзекти қарақалпақ футболының раўажланыўын шын жүректен қәлейтуғын, бул жолда аянбай хызмет етиўге таяр инсанлар қураў кереклигин айтып өтти. Бул өзек командамыздың мыңлап жанкүйерлерин бириктирип, командамызды қоллап-қуўатлаўды күшейтиўи уйғарылған. Жанкүйерлердиң усыныслары ҳәм өз қәлеўлери менен 13 адамнан ибарат Арал футбол клубының фан-клуб өзеги дүзилди. Фан-клуб искерлигине байланыслы мәселелерди қарап өтиў ушын Қарақалпақстан футбол федерациясы кеңеси Арал фан-клубының ўақтынша кеңсеси етип бекитилди.

    Бул ушырасыў Арал командасының, улыўма қарақалпақ футболының раўажланыўына тәсир ететуғындай ҳәрекетти қәлиплестиреди деп ойлайман. Футболға, соның ишинде қарақалпақ футболына бийпарқ болмаған инсанларды усы ҳәрекеттиң ағзасы болып, командамызды белсенди түрде қоллап қуўатлаўға шақыраман.


    Айбек Қудияров.

    Sport bo'limi | 09-iyun, 2014 jıl
    Bul bet 2343 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Хауескер 12 aprel 2015 02:15

    Неге атирап тымтырыс?

    Бахыт ҳәўес етсин маған

    Көз тиймегей менде жүрек, Нийетлерге толы мәкән, Бирақ, Бахыт неге керек? Бахыт ҳәўес етсин маған....

    Болажақ шыпакерлер менен ушырасыў

    1-декабрь халықаралық АИЖС қа қарсы гүресиў күни алдынан республикамыздың бир қатар оқыў орынларында ушырасыў кешесин өткерип барыў дәстүрге айланып...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Қарақалпақта

    Үстинде бар нағышлы киймешеги, Маржан тақыя жарасықлы пөпеги, Келиншеклер кийер жегде жипекли, Көк көйлекли қызлар қарақалпақта....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Болсын

    Жақсы күнлериңде қуўанар бирге,
    Қайғыда жубаныш болар кеўилге,
    Аяўсыз, алдамшы сондай өмирде,
    Исенип қол берер бир достың болсын.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 1768 ret ko'rildi


  • Shegiwshilerge mu'rajat

    Bul illetpe ya a’det,
    Sin’dirdin’be boyın’a?
    Sigaretti shegiwdi,
    Qoyalmaysan’ tuwrıma?

      
    08-noyabr, 2015 jıl. 1622 ret ko'rildi


  • Qıs kartinası

    Uzaq jolg’a sapar shekti gu’z,
    Japırag’ın alıp shaqadan,
    Bosap qaldı ken’ sahrayı du’z,
    Tu’sip shımrı, ayaz qahaman.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 4310 ret ko'rildi


  • Bobojon

    Yuragimda to’la faxr iftixor
    Ollohimga bo’lsin shukurlar ming bor…
    Sofdil qalbi tiniq,suvday beg’ubor,
    Baxtliman,dunyoda sizday bobom bor!!!

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1552 ret ko'rildi


  • Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў,
    Жүреклердиң тарын шертеди,
    Нама шалған,соңғы қоңыраў,
    Ойларымды алып кетеди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3462 ret ko'rildi


  • Jannan a’ziyz, anajan

    Jaralg’an insanman haslı o’zin’nen,
    Er jetip o’stim men senin’ mehrin’nen,
    Hesh qashan jasların’ to’kpe ko’zin’nen,
    Men ushın jannan da a’ziyz, anajan.

      
    08-mart, 2014 jıl. 2549 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Kel

    Tog’lar boshi qor ekan,
    Ko’nglim senga zor ekan,
    Menga soching dor ekan,
    Sayrona etaylik kel.

      
    17-noyabr, 2014 jıl. 2522 ret ko'rildi


  • Ўтинч

    Ҳижрон карвонига қўшилганча жим,
    Бечора муҳаббат кетиб боряпти,
    Ортидан термулиб ёнмоқда ичим,
    Соғинчлар азадор бўлиб қоляпти.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 1953 ret ko'rildi


  • Қыялдағы сулыўға

    Неге түслериме тез тез енесең,
    Мүмкин аңсадым мен ақ дийдарыңды,
    Сонша күттим ушырасыўға келмесең,
    Қурғыр жүрек шыдатпайды сабырымды.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 1867 ret ko'rildi


  • Ишон энди

    Бундан олдин бунчалар ҳеч куймагандим,
    Дилда севги меҳр ҳиссин туймагандим,
    Ўзинг каби ўзгасини суймагандим,
    Бахтли қилай гапларимга ишон энди,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 1816 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.