Мағлыўматлардың қупыялылығы
Жеке мағлыўматларыңызды (профайл сүўрети, статус, соңғы кирген ўақыт) басқалардан жасырғыңыз келсе, сазлайтуғын орынға барып «есап жазыўлары» (учетная запись) аккаунтты «правит» деп өзгертиң. Егер өзиңизге байланыслы мағлыўматларды толығы менен жасырып турыўды қәлесеңиз аккаунтты «ҳеш ким» деп өзгертиўге туўра келеди.
Қолланыўшыларға тосқынлық қойыў
Егер «ватсапта» пайдаланыўшының бир мазаңызға тийип атырған болса оның жолын тосып қойыўға болады. Ол ушын «настройки» - «аккаунт» - «сырлы» - «приват» - «тосқынлық қойылғанлар» операциясын ислеў керек. Ашылған беттен «жаңа қосыў» деген белгини бассаңыз уялы телефондағы барлық байланыс номерлери шығады, сол жерден тосқынлық қоятуғын номерди таңлаўға болады.
Медиа файлларды автомат тәризде жүклеўди алып таслаў
Шет елге тез-тез шығатуғынлар, роуминг ўақтында медиа файлларды жүклеў қымбат екенин жақсы биледи. Файлларды автомат тәризде жүклеў опциясын алып таслаў ушын: «настройка» «хатлар менен қоңыраўлар», «медиа файлды автомат тәризде жүклеў» ҳәрекетлерин әмелге асырыў керек. Ашылған бете «сүўрет», «аудио», «видео» деген үш бағана бар, ҳәр қайсысына кирип «ҳеш қашан» деген түймени басып шығыў лазым.
Даўыслы хабарландырыўды басқарыў
Даўыслы хабарландырыўды алып таслаў ушын «настройки», «хабарландырыўлар», «хабарландырыў ислеў», «яқ» деген ҳәрекетлерди әмелге асырыўға туўра келеди.
Уялы телефондағы таза номерге өзгериў
SIM картаны алмастырған менен «ватсапта» жаңа аккаунт жаратыў шәрт емес. Тек ғана «настройки», «аккаунт», «номерди өзгертиў» ҳәрекетин әмелге асырып, бурынғы номердиң орнына тазасын жазыў керек.
Хатларды бир жерден екиншисине өзгертиў
Буны әмелге асырыў жүдә әхмийетли, себеби сол арқалы ҳүжжетлерди жоғалтып алмай табыўға мүмкиншилик болады. Бул ушын «настройки», «чаттың настройкалары», «чаты резервли өзгертиў» ҳәрекетин әмелге асырыўға туўра келеди.
Өширилген хатларды қайта тиклеў
Күтилмеген «ватсаптағы» хатлар өшип кетсе қапа болмаң, оларды қайтадан қәлпине келтириўге болады. «Ватсап» олардың резервли көщирмесин уялы телефонның MicroSD картасында сақлап қалады. Бул ушын ватсапты өширип, оны қайтадан қосыўыңыз керек. Сол ўақытта мессенджерден «хатлардың тарийхын өз қәлпине келтириў» деген усыныс пайда болады.
Жасырын сөзди орнатыў
«Ватсаптың» хатларын басқа биреў оқымасын десеңиз мессенджер-жасырын сөзди орнатыў. Оны ChatLock қосымша бағдарламасының жәрдеми менен әмелге асырыўға болады.
Қәлеген файлды жибериў
«Ватсап» бағдарламасында файлды жибериў бойынша шеклеўлер бар: файлдың көлеми 15 Мб-тан аспаўы керек, тек белгили бир типтеги файлларды жибериўге болады. Буны алып таслаў ушын CloudSend қосымша бағдарламасын жүклеп алыў керек болады.
Керек емес файлларды өширип таслаў
Мессенджерден аз пайдаланатуғын пайдаланыўшылардың смартфонлары керек емес болған файллар менен толып кетеди. Керек емеслерин өширип таслаў ушын WCleaner for WA бағдарламасынан пайдаланың.
Техника тез пәт пенен раўажланып бармақта. Олардан нәтийжели пайдаланыў арқалы өз өмиримизди жеңиллестиремиз.
Таярлаған: Хурмет Атажанов
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Саўға таңлаў ушын
Саўға алыў жақсы, ал саўға бериў оннанда қызық. Саўғаңызды алған жақын адамыңыз сизге миннетдаршылық пенен қарағанда ҳәммеге саўға...
Сиңлим ҳәм мен
Отырсам радиодан жаңалық еситип, Жас жигит қосығын айта баслады. Деген ўақта «Тек бир мәрте гөгек бер» Сиңлим ҳайран болып саўал таслады....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Жигит журты
Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...