Ҳәр қандай бала китапты оқып яки ертек еситип, өзинше пикирлей баслайды. Ондағы унамлы ҳәм унамсыз образларды өзинше ажыратыўға ҳәрекет етеди. Сонлықтан, балалар жазыўшысы әпиўайы, қызықлы ҳәм мазмунлы етип жаза алыўы лазым. Сондай-ақ, шығарма ишиндеги ўақыяларды көз алдына келтириў, жақсы менен жаманның парқын, кимдики дурыс, кимдики надурыс екенлигине қарап ажыратыўға урынады ҳәм ондағы унамлы қаҳарманларға уқсаўға ҳәрекет қылады. Бул болса балалардың жан дүньясында жаңа сезимди пайда етеди, жақсы тәрепке өзгериўине тәсир жасайды. Сондай-ақ, китап оқыўға ықласы артады, саўатлылық дәрежеси жоқарылайды. Еркин пикирлеўге үйренеди. Биз изертлеў даўамында Қарақалпақ тилиндеги балалар әдебиятына арналып шығарылған китаплардың көпшилиги «Қарақалпақстан» ҳәм «Билим» баспалары арқалы басып шығып атырғанының гуўасы болдық.
2013-2015-жыллар аралығында «Билим» ҳәм «Қарақалпақстан» баспаларында балаларға арналып шығарған китаплардың оғада аз муғдарда екенлиги ашынарлы ҳал, әлбетте. Биз бул мәселелерге анықлық киргизиў ушын мағлыўматларды үйренип шықтық.
«Билим» баспасынан он китап басылып шыққан болса, олардың үшеўи арнаўлы түрде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министирлигиниң усынысы менен «Алтын шақлы кийик» (2014) ертеклер топламы, И.Юсуповтың «Топ-топ домалақ» (2014) балалар ушын арналған қосықлар топламы, «Түлкишек» (2014) балалар ойын-заўық қосықлары жыйнағы басылып шықты. Булардан басқа 2013-жылы өзбек тилинде С.Есемуратованың «Қорақалпоқ халқ эртаклари», Г.Жүгинисовтың «Қарлығашларым» (2014) қосықлар топламы шыққан болса, көркем-өнер тараўында Қ.Зәретдиновтың балаларға арналған «Мен сазенде боламан» ноталы топламы шыққанлығын атап көрсетиў орынлы. Ал, басқалары болса жас дөретиўшилердиң дәслепки топламлары болған. Бул китаплардың тиражы да аз болып, Қарақалпақстанда жети жүзден аслам мектепте билим алып атырған мектеп оқыўшыларының қайсы бириниң қолына жетип барады екен деген ойға барасаң. Мәселен, С.Есемуратованың «Қорақалпоқ халқ эртаклари» китабын алып қарайық. Китаптың реңли ҳәм ўақыяға сай сүўретлер менен безелиўи дыққатқа ылайық. Әдетте, шығармалардың басқа тилге аўдарылыўы белгили бир дәрежеде шығарманың абыройын асырады. Көпшиликке танытады. Бул жас автордың жетискенлик тәрепи. Лекин, китаптың жүдә аз нусқада басылып шығыўы бизди сәл ренжитти. Барлығы болып 300 нусқада шыққан китаптың китапқумар оқыўшының қолына жетип барыўына исениў қыйын.
«Қарақалпақстан» баспасында болса 2013-жылы жас қәлемкеш Наргиза Дәрибаеваның «Әрманлар» атамасындағы қосықлар ҳәм гүрриңлер топламы, Адалат Қутыбаеваның «Тарзанның өкпеси» (2014) гүрриңлер топламы, Мийригүл Султанованың «Мениң Шымбайым» атамасындағы қосықлар ҳәм ертеклер топламы (2014), Айжамал Кәраматдинованың «Ҳә гүбелек, гүбелек!...» атамасындағы қосықлар топламы басылып (2015) шыққанлығын атап өтсек болады.
Биз сөз еткен балалар әдебияты бойынша шыққан жаңа китаплардың барлығы дерлик автордың қәрежети есабынан шығарылған. Балалар әдебиятын раўажландырыў ушын ҳүкимет тәрепинен қандай мүмкиншилик бар. Олардан бизиң қәниге (профессионал) жазыўшы-шайырларымыз қай дәрежеде пайдаланып атыр.
Усы орында қарақалпақ балалар әдебиятының бүгинги жағдайы, авторлар машқаласын билиў ушын тараў қәнигелерине, ата-аналарға сораў бердик.жуўап алдық.
Муратбай Нызанов «Билим» баспасы директоры:- Балалар әдебиятына арналған китаплардың кем басылып шығыўына баслы себеп, бул бүгинги күнде китап шығарыў қыйын мәселеге айланыўы, яғный, бир китап шығарыў ушын кететуғын қәрежет жазыўшының өз есабынан төлениўи. Китаплар жүдә аз санда шығып атыр. Бул да белгили бир дәрежеде тәсир жасайды. Шыққан китап кимниң қолына тийди, кимниң қолына тиймеди. Ол өз оқыўшылары қолына жетип бармастан-ақ таўсылып қалады яки сатылмайды. Сол себепли, балаларға арналған китаплардың кемнен-кем шығыўы бақланбақта. Ақырғы ўақытлары жазыўшыларымыз да балалар әдебиятында аз дөретиўшилик етпекте. Ҳәзирги ўақытта балалар әдебиятында турақлы жазып атырған жазыўшылардан Әбдимурат Атажанов, Ахмет Ақназаров, Сағындық Ембергенов, Генжебай Жүгинисовларды атап өтсек болады. Сонғы ўақытлары жоқарыда аты аталған жазыўшылардың балаларға арналған китаплары бизиң баспамыздан да басылып шықты. Соны да айтып өтиў керек, «Билим» баспасынан 2014-жылы балалар ушын арнаўлы түрде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң усынысы менен үш китап шығардық. Бул үлкен жаңалық ҳәм балалар ушын ҳақыйқый саўға болды. Булар: «Алтын шақлы кийик», «Топ-топ домалақ» ҳәм «Түлкишек» атамасындағы китаплар.
Дарийха Уббинязова «Жеткиншек» газетасының жуўаплы хаткери:-Китап балалардың руўхый дүньясын байытыўшы, оларды жақсылыққа, мийнет сүйгишликке бағдар бериўши қүдиретли күш болып есапланады. Балалар әдебияты болса, балалар ушын арналған ең жақсы дөретпелер, қосық, ертек, гүрриңлерди өз ишине алатуғын үлкен теңиз. Балалар әдебиятында қәлем тербетиўдиң өзи аңсат ис емес. Ол ушын жазыўшы балалардай ойлаў, пикирлеўи, ҳәттеки балалардай жасаўы керек. Олардың жан дүньясында не бар екенлигин билмей турып, кишкентайлар ушын шығарма жазыў мүмкин емес. Бул көпшиликтиң қолынан келе бермейди. Биз билемиз, ўақтында тек балалар шайыры сыпатында аты танылған бәршемиздиң устазымыз Халмурат Сапаров болған еди. Ҳәзирде оның шәкирти Яқыпбай Әжимов балалар шайыры сыпатында белгили. Бүгинги күнде балалар әдебияты дерлик ақсаған ҳалда. Балаларға арналған шығармалар жүдә аз жазылмақта. Бүгинги күнде дәўир талабына сай шығармалар жазылыўы зәрүр. Бизиң газетамызға хат жоллаўшы балалар түрли темадағы болған ўақыяларға, өзи еситкенине байланыслы гүрриң жазып, базылары дәслепки китапшаларын шығарыўға да үлгерди. Деген менен, олардың шығармалары еле сайыз, көркемлик аз. Бирақ, олардың жас өзгешелигин есапқа алсақ мақтаўға ылайық. Бул өз гезегинде соңғы жыллары, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы қасында шөлкемлестирилген ҳәр айдың 12-сәнесинде өткерилиўи дәстүрге айланған «Жас дөретиўшилер» семинары жас қәлемкешлердиң аяқ алысын бақлап барыўшы, оларға жол -жоба көрсетиўши ҳақыйқый дөретиўшилик мектеби ўазыйпасын атқарып келмекте. Бизиң жас дөретиўшилерден үмитимиз мол. Бүгинги күн балалар әдебиятын раўажландырыўда балалар турмысын анық ашып бериўши, балаларды исендире алатуғын, оларды дурыс жолға бағдарлаўшы шығармалар зәрүр.
Деген менен, теңгениң екинши тәрепи бар. Басылып шығып атырған китапларға талап қандай? Ата-аналар, балалардың өзлери ушын қандай китап керек. Бул сораўларға жуўап табыў ушын китап базарларында болдық. Бул жерде балалар ушын арналған қарақалпақ тилинде жазылған китапларды кем ушыраттық. Көбирек орыс ҳәм өзбек халық ертеклери усаған китаплар сатылып атыр екен.Әлбетте, бул китаплар да керек, деген менен Қарақалпақ тилиндеги китаплардың аз болыўы кимди болсада ойландырады. Китап сатыўшылары менен сәўбетлесип, ҳәзирги ўақытта көбирек қандай китапларға талап күшли?-деген сораў менен жүзленгенимизде-көпшилик қарыйдарлар бизлерден қарақалпақ тилинде жазылған ертек китап барма, яки рәң-бәрең сулыў жазыўға үйретиўши өз ана тилимизде шыққан китаплар барма?-деп сорайды. Биз илажсызлықтан басқа китапларды усыныс етемиз. Көбинесе, олар арзан ҳәм түрли реңли сулыў китаплардан сатып алады,-деп жуўап берди. Ҳақыйқатында да, балалар түрли ўақыяға бай ҳәм рәң-бәрең сүўретлер менен безетилген китапларды жақсы көреди. Ал, ҳәзирги ўақытта болса, бундай китаплар қарақалпақ балалар әдебиятында аз шығып атыр. Айырым ата-аналар да бизиң пикирлеримизди мақуллайды.
Муҳаббат Мустапаева ата-ана: -Мен перзентлериме китап сатып алып бериўди жүдә қәлеймен. Себеби, көп китап оқыған баланың ой-өрисинде раўажланыў болады. Әтираптағы ҳәдийселерге баҳа берип үйренеди, билим дәрежеси де жоқарылайды. Бирақ, китап базарларында ҳәм арзан, ҳәм өз ана тилимизде шыққан китаплар аз. Көпшилиги басқа тиллерде. Балалардың тил үйренгени жақсы, әлбетте. Деген менен, олардың санасына тәсир етиў дәрежеси қандай болыўы ойландырады. Мен перзентлеримниң өз ана тилинде таза сөйлеўине ҳәм терең пикирлеўине, бағдар бериўши китаплардың көп болыўын қәлеймен!
Көрип өткенимиздей, бүгинги балалар әдебиятының машқаласы ҳәм жетискенлиги менен танысып шыққанымызда, балалар әдебиятын жанландыратуғын жойбар, жаңа көзқарас керек деген жуўмакқа келдик. Соның менен бирге бүгинги күн баласы нени оқыйды? Неге қызығады? деген сораўларға жуўап излеп көриў керек. Сонда ғана баспадан шыкқан китаплар базар яки китап дүканы текшесинде қалып қоймай өз оқыўшысын табады.
Биз бүгинги Қарақалпақ балалар әдебияты ҳаққында сөз жүриткенимизде, төмендеги мәселелерге итибар қаратыў зәрүр деп есаплаймыз:
1.Жылына бир мәрте Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы тәрепинен балаларға арналған ең жақсы шығармаларға таңлаўл жазыўшылар арасында шөлкемлестирилсе. Мысалы, ертек, гүрриң, қосық, фантастикалық гүрриңлер бойынша. Таңлаў жеңимпазларының шығармалары ҳүкимет тәрепинен қоллап-қуўатланса (қарежет ажратылса), ҳәм баспадан кеминде 3-4 мың тиражда басып шығылса.
2. Жас қәлемкешлердиң шығармаларына да бундай таңлаўды шөлкемлестирсе мақсетке муўапық болған болар еди.
Бул ислердиң әмелге асыўы елимиздиң келешеги болған жас әўладтың билимли, саналы болып ержетиўине хызмет етеди.
Муслима Мәмбетниязова
Бердақ атындағы ҚМУ Қарақалпақ филологиясы
Журналистика қәнигелигиниң 3-курс студенти
Тағдир жолында
Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Бүгинги балалар әдебияты ҳаққында айрым п ...
Ҳәзирги ўақытта балалар ушын қандай китаплар басылып шықпақта? Балаларымыз қандай китапларды оқыўға қызығады. Басылып шығып атырған ...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Жигит журты
Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...