Bul mobil menyu orni/ testing....


    Бүгинги балалар әдебияты ҳаққында айрым пикирлер
    Бүгинги балалар  әдебияты  ҳаққында  айрым  пикирлер

    Балалар әдебияты балаларға дүньяны, қоршаған орталықты танытыў, ана тәбият ҳаққында дәслепки түсиниклерди бериў қәсийетине ийе, ол көркем әдебиятта бояўлар, көркем сүўретлеў қураллары арқалы бериледи. Балалар ушын арналған дөретпелер ерте дәўирлерден-ақ халық аўызеки әдебияты үлгилеринде өз көринисин тапқан. Балалар ушын арналған көплеп қосық, жаңылтпаш, ертек, жумбақ ҳәм басқада ойын заўық қосықлары аўыздан-аўызға өтиў арқалы бүгинги күнге дейин жетип келген. Жазба әдебият қәлиплесиўи менен балалар әдебияты да өзиниң раўажланыў жолына түсти.Талантлы жазыўшылар балаларға арнап жаңа мазмундағы, халықлық мақсетке тийкарланған көркем шығармалар дөретти. Бул шығармаларды дөретиўде олар фольклорлық дәстүрлерди, классикалық әдебияттың дәстүрлерин жаңа дәўирдеги талапқа сай дөретиўшилик уқып пенен пайдаланып, туўысқан халықлардың сөз шеберлериниң көркемлик дәстүрлери менен турмыс шынлығын, бай тәжирийбесин синтезлеп (бириктирип) жазыўға тырысты. Әсиресе, дүнья әдебиятында балалар ушын арнаўлы түрде ертеклер дүркинин жазған белгили жазыўшы-шайырлар пайда болды. Солардан Ханс Кристиан Андерсон, Александр Сергеевич Пушкин, Лев Николаевич Толстой ҳәм ағалы-инили Гриммлер, туўысқан халық жазыўшыларынан Абай Қунанбаев, Ғафур Ғулом, Расул Гамзатов, Шыңғыс Айтматов, Айбектиң шығармалары елеге дейин ең қызықлы ҳәм мазмунлы шығармалардан болып келмекте. Бул шығармалар дүньяның көплеген тиллерине аўдарма исленип, ҳәттеки, қарақалпақ тилине аўдарылып, олардан мектеп сабақлықларына үзиндилер киргизилген.Сондай-ақ, ХХ әсирде қарақалпақ балалар әдебиятының дәслепки баслаўшылары сыпатында Садық Нурымбетов, Нәжим Даўқараев, Тилеўберген Жумамуратовларды атап өтиўимизге болады.

    Ал, ҳәзирги ғәрезсизлик дәўиринде қарақалпақ балалар әдебияты қай дәрежеде?

    Бул бойынша изленип көргенимизде, қолымызға жетип келген материаллар ҳәм мағлыўматларға сүйенип анализлеўге ҳәрекет еттик.

    Балалар әдебияты сөз өнериниң сайланған, ең жақсы үлгиси сыпатында, келешегимиз ийелери болған кишкентайлардың ҳәр тәреплеме жетилген инсан болып жетилисиўи ушын хызмет етеди. Балалардың руўхый дүньясын байытыўда,оларды билим алыўға,мийнет етиўге, меҳир-мүриўбет, ҳүрмет-иззет сыяқлы жоқары адамгершиликтиң ең уллы пазыйлетлерин қәлиплестириўге бағдар бериўде китаптың тутқан роли үлкен.

    Балалар ушын жазылатуғын ҳәр қандай көркем әдебий шығармалар жеңил, ҳәмме ушын түсиникли тилде жазылыўы керек. Тематикасы жағынан олардың жасына байланыслы, ой-өрисине сәйкес келетуғын, китап оқыўшыларының кеўлинде ой-пикир оятыўшы, образы бай, қызықлы ўақыяларды сөз етиўши киши көлемли дөретпелер болыўы шәрт.

    Балалар әдебияты оқыўшыларын педагогикалық-психологиялық қәсийетлерине қарап төмендегише топарларға ажратыў мүмкин.
    1. Мектепке шекемги жастағы балалар( 2 жастан 7 жасқа шекем).
    2. Мектеп жасындағы балалар ( 7 жастан 11-12 жасқа шекемги).
    3. Орта ҳәм үлкен жастағы балалар ушын ( 13-14 жастан 15-17 жасға дейин). Бул жас аралықлары.

    Балалар жазыўшысы әпиўайы, қызықлы ҳәм мазмунлы етип жаза алыўы лазым. Ҳәр қандай бала китапты оқып яки ертек еситип, өзинше пикирлей баслайды. Ондағы унамлы ҳәм унамсыз образларды өзинше ажыратыўға ҳәрекет етеди. Сондай-ақ шығарма ишиндеги ўақыяларды көз алдына келтириў, жақсы менен жаманның парқын, кимдики дурыс, кимдики надурс екенлигине қарап ажыратыўға урынады ҳәм ондағы унамлы қаҳарманларға уқсаўға ҳәрекет қылады. Бул болса балалардың жан дүньясында жаңа сезимлерди пайда етеди, жақсы тәрепке өзгериўине тәсир жасайды. Сондай-ақ, китап оқыўға ықласы артады, саўатлылық дәрежеси жоқарылайды. Еркин пикирлеўге үйренеди.

    Усы тақлеттеги изертеўимизди қарақалпақстандағы белгили «Қарақалпақстан» ҳәм «Билим» баспаларынан баслаўды мақул көрдик.

    2013-2015-жыллар аралығында «Билим» ҳәм «Қарақалпақстан» китап баспаханаларында балаларға арналған китаплардың сан ҳәм тиражы кем басылып шыққанлығын көрсек болады.

    Бир ғана «Билим» баспасынан он китап басылып шыққан болса, олардың үшеўи арнаўлы түрде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министирлигиниң усынысы менен «Алтын шақлы кийик» (2014) ертеклер топламы, И.Юсуповтың «Топ-топ домалақ»(2014) балалар ушын арналған қосықлар топламы, «Түлкишек» (2014) балалар ойын-заўық қосықлары жыйнағы басылып шықты. Булардан басқа 2013-жылы өзбек тилинде С.Есемуратованың «Қорақалпоқ халқ эртаклари», Г.Жүгинисовтың «Қарлығашларым» (2014) қосықлар топламы шыққан болса, көркем-өнер тараўында Қ.Зәретдиновдың балаларға арналған «Мен сазенде боламан» ноталар топламы шыққанлығын атап көрсетиў орынлы. Ал, басқалары болса жас дөретиўшилердиң дәслепки топламлары болған. Бул китаплар арасында С. Есемуратованың «Қорақалпоқ халқ эртаклари» атамасында басылып шыққан китабын айрықша атап өтиў орынлы. Қарақалпақ халық ертеклерин автордың өзи өзбек тилине аўдарма ислеген. Китаптың реңли ҳәм ўақыяға сай сүўретлер менен безелиўи дыққатқа ылайық. Әдетте, шығармалардың басқа тиллерге аўдарылыўы белгили бир дәрежеде шығарманың абыройын асырады. Көпшиликке танытады. Бул жас автордың жетискенлик тәрепи. Лекин китаптың жүдә аз нусқада басылып шығыўы бизди сәл ренжитти. Барлығы болып 300 нусқада шыққан китаптың оқыўшылардың қолына жетип барыўына исениў қыйын.

    «Қарақалпақстан» баспасында болса 2013-жылы жас қәлемкеш Нәргиза Дәрибаеваның «Әрманлар» атамасындағы қосықлар ҳәм гүрриңлер топламы, Әдалат Қутыбаеваның «Тарзанның өкпеси» (2014) гүрриңлер топламы, Мийригүл Султанованың «Мениң Шымбайым» атамасындағы қосықлар ҳәм ертеклер топламы (2014), Айжамал Қараматдинованың «Ҳә гүбелек, гүбелек!...» атамасындағы қосықлар топламы басылып (2015) шыққанлығын атап өтсек болады.

    Усы орында қарақалпақ балалар әдебиятының бүгинги жағдайы, авторлар машқалаларын билиў ушын тараў қәнигелерине мүрәжәт еткен едик.

    Муратбай Нызанов «Билим» баспасы директоры: - Балалар әдебиятына арналған китаплардың кем басылып шығыўына баслы себеп, бул бүгинги күнде китап шығарыў қыйын мәселеге айланыўы, яғный бир китап шығарыў ушын кететуғын ғәрежет жазыўшының өз есабынан шығыўы. Китаплар жүдә аз тиражда шығып атыр. Булда белгили бир дәрежеде тәсир жасайды. Шыққан китап кимниң қолына тийди, кимниң қолына тиймеди. Ол өз оқыўшылары қолына жетип бармастан-ақ таўсылып қалады яки сатылмайды. Сол себепли балаларға арналған китаплардың кемнен-кем шығыўы бақланбақта. Ақырғы ўақытлары жазыўшыларымызда балалар әдебиятында аз дөретиўшилик етпекте. Ҳәзирги ўақытта балалар әдебиятында турақлы жазып атырған жазыўшылардан Әбдимурат Атажанов, Ахмет Ахназаров, Сағындық Ембергенов, Генжебай Жүгинисовлты атап өтсек болады. Сонғы ўақытлары жоқарыда аты аталған жазыўшылардың балаларға арналған китаплары бизиң баспамыздан да басылып шықты. Соныда айтып өтиў керек, «Билим» баспасынан 2014-жылы балалар ушын арнаўлы түрде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң усынысы менен үш китап шығардық. Бул үлкен жаңалық ҳәм балалар ушын ҳақыйқый саўға болды. Булар: «Алтын шақлы кийик», «Топ-топ домалақ» ҳәм «Түлкишек» атамасындағы китаплар.

    Дарийха Уббинязова «Жеткиншек» газетасының жуўаплы хаткери:-Китап балалардың руўхый дуньясын байытыўшы, оларды жақсылықа, мийнет сүйгишликке бағдар бериўши болып есапланады. Балалар әдебияты болса, балалар ушын арналған ең жақсы дөретпелер, қосық, ертек, гүрриңлерди өз ишине алыўшы әдебият саналады. Балалар әдебиятында қәлем тербетиўдиң өзи аңсат ис емес. Ол ушын жазыўшы балалардай ойлаў, пикирлеў, ҳәттеки балалардай жасаў керек. Олардың жан дүньясында не бар екенлигин билмей турып, кишкентайлар ушын шығармалар жазыў мүмкин емес. Бул көпшиликтиң қолынан келе бермейди. Биз билемиз,ўақтында тек балалар шайыры сыпатында аты танылған бәршемиздиң устазымыз Халмурат Сапаров болған еди. Ҳәзирде оның шәкирти Яқыпбай Әжимов балалар шайыры сыпатында белгили. Бүгинги күнде балалар әдебияты дерлик ақсаған ҳалда. Балаларға арналған шығармалар жүдә аз жазылмақта. Бүгинги күнде дәўир талабына сай шығармалар жазылыўы зәрүр. Бизиң газетамызға хат жоллаўшы балалар түрли темадағы болған ўақыяларға, өзи еситкенлерине байланыслы гүрриңлер жазып, базылары дәслепки топламларын шығарыўға да үлгерди. Деген менен, олардың шығармалары еле сайыз, көркемлик аз. Еле олардың қәлеми ысылып үлгермеди. Бирақ олардың жас өзгешелигин есапқа алып, олардың бул ҳәрекети мақтаўға ылайық. Бул өз гезегинде соңғы жыллары, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы қасында шөлкемлестирилген ҳәр айдың 12-сәнесинде өткерилиўи дәстүрге айланған «Жас дөретиўшилер» семинары жас қәлемкешлердиң аяқ алысын бақлап барыўшы, оларға жол жоба көрсетиўши ҳақыйқый дөретиўшилик мектеби ўазыйпасын атқарып келмекте. Биз жас дөретиўшилерден үмитимиз мол. Бүгинги күн балалар әдебиятын раўажландырыўда бүгинги күн балалар турмысын анық ашып бериўши, балаларды исендире алатуғын, оларды дурыс жолға бағдарлаўшы шығармалар зәрүр.

    Деген менен, теңгениң екинши тәрепи бар. Басылып шығып атырған китапларға талап қандай? Ата-аналар, балалардың өзлери ушын қандай китап керек. Бул сораўларға жуўап табыў ушын китап базарларында болдық. Бул жерде балалар ушын арналған қарақалпақ тилинде жазылған китапларды кем ушыраттық. Көбирек орыс ҳәм өзбек халық ертеклери китапшалары сатылып атыр екен. Китап сатыўшылары менен сәўбетлесип, ҳәзирги ўақытта көбирек қандай китапларға талап күшли?-деген сораў менен жүзленгенимизде-көпшилик қаридарлар бизлерден қарақалпақ тилинде жазылған ертек китап барма, яки рәң-бәрең сулыў жазыўға үйретиўши өз ана тилимизде шыққан китапшалар барма?-деп сорайды. Биз илажсызлықтан басқа китапларды усыныс етемиз. Көбинесе, олар арзан ҳәм түрли реңли сулыў китаплардан сатып алады,-деп жуўап берди. Ҳақыйқатында да, балалар түрли ўақыяға бай ҳәм рәң-бәрең сүўретлер менен безетилген китапларды жақсы көреди. Ал, ҳәзирги ўақытта болса, бундай китаплар қарақалпақ балалар әдебиятында аз шығып атыр. Айырым ата-аналар да бизиң пикирлеримизди мақуллайды.

    Муҳаббат Мустапаева: -Мен перзентлериме китап сатып алып бериўди жүдә қәлеймен. Себеби, көп китап оқыған баланың ой-өрисинде раўажланыў болады. Әтираптағы ҳәдийселерге баҳа берип үйренеди, билим дәрежеси де жоқарылайды. Бирақ китап базарларында ҳәм арзан, ҳәм өз ана тилимизде шыққан китаплар аз. Көпшилиги басқа тиллерде. Балалардың тил үйренгени жақсы, әлбетте. Деген менен, олардың санасына тәсир етиў дәрежеси қандай болыўы ойландырады. Мен қызларымның өз ана тилинде таза сөйлеўине ҳәм терең пикирлеўин, бағдар бериўши китаплардың көп болыўын қәлер едим.

    Үйрениўимиз даўамында, бүгинги балалар әдебиятының машқалалары ҳәм жетискенликлери менен танысып шығып, бизиң пикиримизше, балалар әдебиятын жанландыратуғын жойбарлар, жаңа көзқарас керек деген жуўмакқа келдик. Соның менен бирге бүгинги күн баласы нени оқыйды? Неге қызығады? деген сораўларға жуўап излеп көриў керек. Сонда ғана баспадан шыкқан китаплар базар яки китап дүканы текшесинде қалып қоймай өз оқыўшысын табады.


    Муслима Мәмбетниязова
    Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик
    университети, журналистика қәнигелиги 2-курс студенти


    Megablog bo'limi | 13-aprel, 2015 jıl
    Bul bet 2212 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Ауылға

    Әкетай-ау төбеттер көп қабаған,
    Қайта-қайта жанымды жеп талаған.
    Шынымды айтсам аңсап жүрмін ауылды,
    Шаршап кеттім кайыры жоқ қаладан.

      
    03-mart, 2017 jıl. 1794 ret ko'rildi


  • Қуяшлы таңлар

    Ертеңги таңлардың атыўы бийкар,
    Бәрибир жеңеди оны нурсыз түн,
    Мениң кеўилиме соң берип азар,
    Алыстан қуяшым батады бүгин.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1739 ret ko'rildi


  • Bahor

    Hamma yoqda bahor nafasi,
    Bulbul bilan oshno tutundim,
    Siz bilmaysiz mengina asli,
    Shoira bo’lmoq uchun tug’ildim.

      
    18-dekabr, 2015 jıl. 2275 ret ko'rildi


  • Дард … (Суриялик гўдак ҳақида)

    Ерни суйиб ётган юзингдан сенинг,
    Қисматинг бағримни ёқди, болажон.
    Баxтни кўролмаган кўзингда сенинг,
    У малъун кимсалар йўқ бўлар қачон?

      
    27-noyabr, 2015 jıl. 1769 ret ko'rildi


  • Qutlıqlaw: Ziywarg’a

    Ju’zlerin’ jadırar ba’ha’r tan’ınday,
    Ba’ha’r samalınday jipek minezin’,
    On tog’ız ba’ha’rin’- jaslıq shag’ın’da,
    Baxıttın’ bag’ında ashılar gu’lin’.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 2380 ret ko'rildi


  • O’mir

    O’mir misli megzer asaw tolqıng’a,
    Shabısına shıdam bersen’ amansan’,
    Ju’zimdeyin sıg’asqan bir solqımg’a,
    Jalg’ızlıqta ju’rgen sayaq nadansan’.

      
    26-mart, 2014 jıl. 2369 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Ўтинч

    Ҳижрон карвонига қўшилганча жим,
    Бечора муҳаббат кетиб боряпти,
    Ортидан термулиб ёнмоқда ичим,
    Соғинчлар азадор бўлиб қоляпти.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 1952 ret ko'rildi


  • Кешир мени

    Кеширалсаң кешир мени сүйгеним,
    Тағдир сынар екен буны билмедим.
    Ерип душпанымның жалған сөзине,
    Тойымызға разылық бермедим.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2680 ret ko'rildi


  • Тағдир жолында

    Айралық паслының музлары ерип,
    Көрген түслеримиз оңынан келип,
    Мухаббат бағының гүллерин терип,
    Биз және ушрастық тәғдир жолында.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2207 ret ko'rildi


  • Жаллод кўзларинг

    Суратингга термулиб сир борлигини билдим мен,
    Сенгга боққан кўзлардан қаттиқ рашклар қилдим,
    Чидолмай юрагимдан ҳаловатни олдим мен,
    Изласа дейман мени сени жаллод кўзларинг,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 3121 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.