Bul mobil menyu orni/ testing....


    «Қуўанышжарма» әжайып тәбийий орталық
    «Қуўанышжарма» (халық арасында Муса Жалил деп те аталады) елаты тәбийий орталықта жайласқан. Себеби, үлкен магистраль жолдан жигирма километр қашықлықта жайласқаны бул орынның тәбият пенен инсан арасындағы өзгеше байланыстың орнатылыўына тийкар болады. Неге дегенде бир тәрепи Қуўанышжарма каналы маўжырап ағып тур, бир тәрепинде болса аўылға ысылдаған қум тирелип тур.

    Усы жерлерди отыз жылдан аслам ўақыт мәкан етип киятырған жасы үлкенлердиң айтыўына қарағанда бурынғы аўқам ўақытында пахтаға таза егислик жерлерди ашыў ушын бул жерлер массив сыпатында өзлестирилген. Болмаса ата-бабамыз бурыннан мәкан басқан Халқабадтың жаман аўылынан өткеннен соң яғный Қуўаныш жарма менен Куйбышев аралығында тоғайлық болған.

    Ҳақыйқаттанда бул жерлердиң тәбияты өзегеше Қуўанышжармадан өткеннен соң жолдың еки бойында тораңғыллық пенен қара таллардың аспанға бой созып турғанына көзиңиз түседи. Буны мен усы хожалыққа пахта жыйын-теримине келгенде көрген едим.

    Аўыл аймақ арасында биологиялық көп түрлиликти сақлайтуғын тәбийий көллерде бар. Лекин олардың барлығы да идеал жағдайда деп айтыўдан аўлақпыз. Себеби, гейбиреўлерине суў туспей турған болса, гейбиреўлериниң хожейинин излесеңиз ҳәтте Нөкистей үлкен қаладан табасыз. Суў түсип турған көллерде фермерлеримиз балық өршитиў менен де шуғылланып атыр. Көллерде усы әтирапты мәкан еткен қуслардың да азықланатуғын орнына айланғанын бир нешше мәртебе көлге жақынласқан ўақытта пырылдап ҳаўаға көтерилип кеткен үйрек пенен қарабайды көргенимизден кейин байқадым.

    Аўыл арасы ағып өтип турған жап-салма менен изейкешлердиң еки әтирапы бийик пишенлик пенен қапланған. Лекин пишенниң тамырын тереңге ҳәм жән-жаққа жайып өсиўи жергиликли фермерлердиң бас аўырыўына айланып атырғаны да бар ҳақыйқатлық. Пишенниң тамырын жабайы шөплерди қуртатуғын биологиялық дәрилердиң де тәсир етпей атырғанын фермерлер налынып айтқаны да бар.

    Әсиресе, аўылдың әтирапындағы, атыз басына жақын жерлердеги шоқ-шоқ тораңқыллық бул жерлердиң өтмиште тоғайлық болғанынан дәрек береди. Ҳәтте массивти ашқан дийқанларымыз тораңғылдың тамырынан жәбир көрген, себеби, тораңғыл тамырын әтирапқа жайып өсетуғын терек.

    Әтирап тереклик, тоғайлық болғаннан соң қусы да, аңы да адам менен гезлеспей қалмайды екен. Бир неше мәртебе қоянды ушыратқан болсам, қырғаўылды ҳәр күни азанда ушырататуғын болдық, жол бойында сейил етип жүрген қырғаўыл бизиң машинамызды көргеннен пырт етип бәлентке ушып, бираздан соң және жерге қонады.

    Лекин, кеўилде қорқыныш оятатуғын ҳалатларда көп болды. Атыз бойында жүргенимде бир нешше мәртебе мылтықтың даўысын да еситип қорқып та кеттик. Мылтықтың сести еситилген тәрепке барғанымда әл ҳаўаға ушқан қырғаўылдың пырылдап ушқанын серлеп қалдым, изинен зуў етип оқ ушты, бирақ тиймеди.

    - Қырғаўыл жүдә сезимтал, және ақыллы қус. Ерте азаннан бийдай атыздың әтирапын аралап жүреди, бирден түспейди. Неге дегенде шөплер арасына түскен шыққа малынып қалғанды унатпайды. Лекин қатты сезимтал, жерден тапқан дәнин бир шоқып бир нешше мәртебе әтирапына қарайды. Аңшыларда усыны билип азан менен яки кешқурын аңға шығады, - дейди аўылдағы қырғаўыл пидайысы Турсынбай аға.

    Туўры, азанда машинада киятырғанымызда бир неше мәртебе жолдың бойында уазик яки нива автомобиллерин ушыратқан едик.

    - Аңшылардың көпшилиги өзимиздиң аўылдан емес, басқа жерлерден келеди, лекин жанына қуўыс-қолтықты жақсы билетуғын адамды алады, - дейди ақсақалымыз.

    Мине көрип отырғанымыздай ана тәбиятымызға гейбир адамлардың жаман қатнаста болыўы қуслар, ҳайўанатлар дүньясының жарлы түсиўине алып келиўи мүмкин. Егер қуслар, ҳайўанатлар саны кемейсе, тәбияттағы тең салмақлық бузылады, бул өз гезегинде инсанлардың ден саўлығына да кери тәсирин тийгизеди.


    «Қуўанышжарма» әжайып тәбийий орталық

    Отыз жыллық қаратал

    «Қуўанышжарма» әжайып тәбийий орталық

    Жап бойындағы әжайып тораңғыллық

    «Қуўанышжарма» әжайып тәбийий орталық

    Аўылға апаратуғын жол

    «Қуўанышжарма» әжайып тәбийий орталық

    Шоқ тораңқыллық



    Ҳүрмет Атажанов,
    Журналист,
    Сүўретлерде: Қуўанышжарманың әжайып тәбияты.

    Elimizde, Megablog bo'limi | 21-oktyabr, 2015 jıl
    Bul bet 1764 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +3


    Таң

    Мине атты тағы бир таң әжайып, Жер жүзине нурлы шуғласын жайып, Өмирим бир күнге барар қысқарып, Сонда да күтемиз таңды асығып....

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Quyashlı tan’ım

    Qızıq g’oy qarasam du’nyanın’ o’zi,
    Ha’r ku’ni tan’ atar ku’limlep quyash,
    Birewdin’ birewge tu’sedi isi,
    Qay waq ay ko’rinip, batqanda quyash.

      
    21-mart, 2013 jıl. 2005 ret ko'rildi


  • Таң

    Мине атты тағы бир таң әжайып,
    Жер жүзине нурлы шуғласын жайып,
    Өмирим бир күнге барар қысқарып,
    Сонда да күтемиз таңды асығып.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 1932 ret ko'rildi


  • Кўклам шукуҳи

    Кўкка етдим, мен бахтга етдим,
    Кўлам каби кўкармоқ учун.
    Қўлларингдан кўкларни тутдим,
    Кўнглим кўкка уланмоқ учун.

      
    30-mart, 2015 jıl. 1914 ret ko'rildi


  • Қарақалпақта

    Үстинде бар нағышлы киймешеги,
    Маржан тақыя жарасықлы пөпеги,
    Келиншеклер кийер жегде жипекли,
    Көк көйлекли қызлар қарақалпақта.

      
    11-may, 2013 jıl. 2551 ret ko'rildi


  • Ол перзент, ол ҳаял, ол анаң

    Көз ашып туңғыш рет көргениң анаң,
    Меҳир мухаббаттың нағыз тулғасы,
    Анаңның тербеткен бесиги Кабааң,
    Сен жүзик болсаң ол оның қасы.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 1727 ret ko'rildi


  • Qutlıqlaw: Gu’lmirag’a

    Ba’ha’rde ashılg’an na’zik gu’l bolıp,
    Bu’gin shıraylanıp do’nip turıpsan’,
    Ba’ha’r quyashında ju’zlerin’ ku’lip,
    Ba’ha’raydın’ shırayı bolıp turıpsan’.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 1812 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Хаёл

    Хаёллар чорлайди мени сен томон,
    Қўярму карашинг юракни омон,
    Бугун кўролмасам ҳолимдир ёмон,
    Чорлагин борайин ёнингга сенинг,

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2285 ret ko'rildi


  • Cоғиндим

    Нега кўнғироқ қилмайсиз энди,
    Соғинганим билмайсиз энди,
    Устимдан ҳеч кулмайсиз энди,
    Жоним сизни ёмон соғиндим.

      
    22-aprel, 2013 jıl. 1752 ret ko'rildi


  • Asıg’ıspan

    Asıg’ıspan barar ma’nzilim uzaq,
    Ele qansha shın’nan asıwım kerek,
    Alda ne qın’ırlıq, duslasar neler,
    Tag’dir a’zel bunnan bermekte da’rek.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 1851 ret ko'rildi


  • Meni aldab jonim ne foyda ko’rding?!

    Men seni jonimdan ham ortiq sevardim,
    Doim birga bo’lamiz deb orzu qilardim,
    Senga sodiq bo’lib doim yurardim,
    Senga o’zgalar kerak men shuni bildim!

      
    12-mart, 2013 jıl. 2725 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.