Bul mobil menyu orni/ testing....


    Имкон шоу теле-ойыны Қарақалпақстанда
    Имкон шоу теле-ойыны Қарақалпақстанда

    Ёшлар телеканалының Имкон шоу телебағдарламасы бүгинги күнде көплеген тамашагөйлерине ийе. Дәслебинде эстрада ҳәм кино жулдызлары қатнасыўында өткерилген теле ойын бүгинги күнге келип жаслар қатнасыўында шөлкемлестирилмекте. Имкон шоу теле-ойыны бир неше айдан берли ўәлаятларда өткерилмекте. Мине енди бул телебағдарлама қарақалпақ жаслары қатнасыўында Нөкис қаласында өткериледи. 28-октябрь күни Нөкис қаласында теле-ойынға қатнасыўшылар ушын кастинг шөлкемлестирилди.

    Имкон шоу телебағдарламасының алып барыўшысы Аҳрол Иноятов ҳәмде Ёшлар телеканалының режиссёры ҳәм операторлары тәрепинен шөлкемлестирилген бул кастинге 200 ге шамалас қарақалпақ жаслары қатнасты. Кастинг қатнасыўшыларының дерлик ҳәммеси зийрек жаслар десек қәтелеспеймиз. Кастинге Ниҳол ҳәм Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары, Ташаббус таңлаўының жеңимпазлары, мәмлекетлик стипендиянтлар жеңимпазлары, түрли таңлаўлар жеңимпазлары, Азия ҳәм жәҳән чемпионлары, жас дөретиўшилер, бақсы ҳәм жыраўлар, қосықшы жаслар, қуўнақлар ҳәм зийреклер таңлаўы жеңимпазларын, жас фермерлер, исбилерменлер, дизайнерлер қатнасты.

    Қатнасыўшылар сахна төринде өзлерин кеўилли түрде таныстырды. Өзлерине арналған қосықлар оқылды, ҳәзиллер айтылды, монологлар актёрлық шеберлик пенен оқылды. Ниҳол мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Гүлназ Өтепова “Айдынлар” қосығын атқарып берген болса, жас жыраў Саламат Аяпов ғобыз бенен дәстаннан үзинди келтирди, бақсылар дуўтар шертип қосық айтты.

    Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы студенти Бегжанов Өсербай ҳәзил түринде “Раўшан” атлы қосығын оқып берди ҳәм муҳаббат темасындағы “Сулыў қыз” атлы китабының баспадан шыққанында атап өтти. Залда отырған жорасы туўралы мақтап айтып атырған ўақытта, Теле-ойын алып барыўшысы Аҳрол Иноятов тек өзиң ҳаққында айт деп күлимсиреди. Соң Өсербайдың жорасы Алламуратов Ғайрат сахнаға шықты. Ол кастинге қатнасыў нийетим жоқ еди жаңа ғана жорам мен ҳаққында айтқансын шығыўды мақул көрдим деди ҳәм ҳәзил аралас өзин таныстырды. Төмендеги Т. Жумамуратовтың қосық қатарлары менен сөзин жуўмақлады.

    Сен жәннетсең Ўатаным,
    Сен жәннетсең Ўатаным,
    Исенбеймен басқа жәннет бар десе,
    Топырағы пахта өскен даламның,
    Көкке өскен Токиодан артықдур,
    Бир қысым Нью-Йорк та жүргенше,
    Жүрейикта Шахаманда шалхып бир.

    Бир сөз бенен айтқанда ҳәтте кастинг процессиниң өзи телебағдарламадан қалыспайтуғын үлкен шоуға айланды.

    Кастинг соңында 16 қатнасыўшы Имкон шоу теле-ойынына қатнасыўға жоллама алды ҳәм Ёшлар телеканалы арқалы теле-ойын жақын арада эфирге бериледи.


    Калмуратов Б, Халықбаев Ж, Примбетов А.
    www.megaline.uz ушын арнаўлы.

    Madeniyat bo'limi | 29-oktyabr, 2014 jıl
    Bul bet 3423 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Perizat 29 oktyabr 2014 21:24

    Jaqsi
    mira 29 oktyabr 2014 22:07

    Кутемиз кызык болатын шыгар
    Muxammed 30 oktyabr 2014 22:36

    Qashan bolati'ni'n jazi'n' iltimas.
    bekan 4 noyabr 2014 14:14

    Usi ha'pte, ekshembide boliwi mu'mkin.
    Sabit 10 noyabr 2014 19:23

    jaqsi magan unadi jaqsi janaliq boldi raxmet,

    Бахыт

    Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...

    Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Shukurlar qilaylik qutlug’ kunlarga

    Qarangki biz shunda go’zal chamanda,
    Erka bulbuldek, yayrab-yashnamoqdamiz.
    Orzulari osmon shunday vatanda
    Tinch, osuda hayotda yashamoqdamiz.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1741 ret ko'rildi


  • Sag'ınıshtan aqqan ko'z jasım

    Sag'ınıshtan aqqan ko'z jasım
    Ne sebepli ashshı bolmasan',
    Jas janımdı qıynaysan' bunsha,
    Ayamaysan' tolıp ag'asan'.

      
    30-iyun, 2015 jıl. 1453 ret ko'rildi


  • Китаплар

    Кеўлимизге жайлар жаңа ойларды,
    Ашып берер ашылмаған сырларды,
    Өзиңде жәмлеген өткир қырларды,
    Билимниң булағы тек те китаплар.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2395 ret ko'rildi


  • O’zbegimnig qizlari

    Latofatli misli gulday o’zlari,
    Yulduz misol chaqnab turar ko’zlari.
    Boldan shirin har bir aytgan so’zlari,
    O’zbegimning suluvgina qizlari.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1790 ret ko'rildi


  • Таң

    Мине атты тағы бир таң әжайып,
    Жер жүзине нурлы шуғласын жайып,
    Өмирим бир күнге барар қысқарып,
    Сонда да күтемиз таңды асығып.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 1750 ret ko'rildi


  • Na’zer

    Qıyal jeteledi ayna aldına,
    Ha’m go’zzal ta’biyat na’zerim tarttı,
    Son’g’ı japıraqları qalıp taldın’da,
    Jelkeme turmıstın’ ju’klerin arttı.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 4238 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Muxabbatım

    Muxabbatım meniń men seni suyemin,
    Men onı bilemin sende meni suyesin,
    Qolıma alıp qalam tek sen jaylı ǵana jazam,
    Meniń maxabbatıma isen men seni baxıttı qılam.

      
    22-yanvar, 2017 jıl. 1567 ret ko'rildi


  • Сени соғиниб…

    Юрак сарҳадларининг энг олис нуқтасида,
    Армонлар макон қурган маҳзунликнинг пастида,
    Висол онлари кечган xотиралар қасдида,
    Соғиниб яшаяпман,сени жоним соғиниб…

      
    02-dekabr, 2015 jıl. 1800 ret ko'rildi


  • Sen baxıtlı bolıwın’ kerek.

    Du’nya astan-kesten bolsa da,
    Basın’a ne sawda salsa da,
    Arzıwların’ tu’ste qalsa da,
    Sen baxıtlı bolıwın’ kerek.

      
    19-avgust, 2016 jıl. 3007 ret ko'rildi


  • Cоғиндим

    Нега кўнғироқ қилмайсиз энди,
    Соғинганим билмайсиз энди,
    Устимдан ҳеч кулмайсиз энди,
    Жоним сизни ёмон соғиндим.

      
    22-aprel, 2013 jıl. 1535 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.