Биз Бексултан екеўимиз еки жылдан берли бир-биримизди унатып жүрдик. Көпшилик бизиң мухаббатымызға ҳәўес пенен қарайтуғын еди. Бир-биримиз ушын жаралған бир пүтин едик. Бирақ мениң қәтелигим көп нәрселерди өзгертип жиберди. Ойласам өз-өзимди айыплайман. Ўақыяның қалай басланғаны ҳаққында айтып берейин.
Мен сабақта жақсы баҳаларға оқыдым. Колледжди питкергеннен соң жоқары оқыў орнына тапсырыўды нийет еттим. Бирақ оқыўға тапсырып кире алмадым. Арадан бир жыл өтти. Және жаз айы келди әдеттегидей оқыўға тапсырыў ушын ҳүжжетлеримди таярладым. Бирақ, бирақ Бексултан оқыўға тапсырыўыма қарсылық билдирди. Ол маған “аўылда қал, қалада не қыласаң, бир жылдан соң турмыс қурамыз” деп ашыўлы түрде қарсылық билдирди.
Ал мен болсам оны көндириўдиң ҳәрекетинде едим. Сөйтип қыялыма бир ой келди. Бексултанды да оқыўға тапсырыўға көндирейин деп режелестирдим. Әдеттеги ушырасатуғын жеримизге келип сөз басладым. Оқыўға бирге тапсырайық, жақсы нийетқо, кирип кетсек бирге оқыймыз дедим. Ол мениң гәпимди жерде қалдырмады. Үйине оқыўға тапсыратуғынын айтты.
Кешки ўақыт. Әдеттегидей аўыл шетиндеги ески көпир қасында отырмыз. Екеўмиз ҳәм бир университетке оқыўға тапсыратуғын болып келисип алдық. Деген менен оның кеўли бир нәрсени сезгендей қайта-қайта маған – “сен оқыўға кирип кетсең мени умытып кететин шығарсаң” деп тәкирарлай берди. Оның неге бир гәпти қайталай бергенин түсинбеген едим.
Сөйтип азанда қалаға қарай жолға шықтық. Таңлаған жоқары оқыў-орнымызға ҳүжжетлеримизди тапсырдық.
Бүгинги күнимизди қыдырыў менен өткердик. Мен бахытлыман, себеби бул өмирде мени сүйетин, мени өзине интизар еткен жигитим қасымда, күндиз ойымнан, түнде түсимнен кетпейтин ашығым бар. Күлсем күлким, жыласам жасыма айналған ғамхоршым бар. Ол маған өмирлик сыйлық, мениң бахытым! Ол барда мениң жүрегимдеги мухаббат оты жанып, ол от сөнгенше ашық бола бергим келеди!!
Мен қаладағы ағайнимниң үйинде тест имтиханлары басланаман дегенше қалдым. Ал Бексултан болса аўылға кетти.
Бүгин тест-имтиханы күни таң азаннан жолға шығып, имтихан өткерилетуғын орынға бардық. Ол ҳәм келген екен. Екеўимиз ҳәм имтиҳанларды тапсырып шықтық. Енди тест нәтийжелерин күтиў ғана қалды.
Арадан күнлер өтти. Тест нәтийжелери шықты деген хабарды еситип, университет тәрепке атландық. Биринши Бексултан тест нәтийжелери дизимин төменнен жоқары қарай өзин излей баслады. Бирақ Бексултан бул тәрептен көринбейди. Ол дизимнен қолын жоқары тәрепке қарай бағдарлап сызықтың ишине өткенин ҳәм сезбей қалды. Қарасақ Бексултан оқыўға шәртнама тийкарында қабылланыпты. Қуўанышы шексиз. Ал енди мен ҳәм жоқарыдан төмен қарай тест нәтийжелерин көре басладым. Бул дизимде еле жоқпан төмен қарай дизимди қараған сайын кеўлим түсип кете берди. Оқыўға кире алмағанман. Әттең…
Кеўил-кейпиятым қатты түсип кетти. Бирақ қасымдағы Бексултаным мени жубатты. Ол өзиниң шәртнама тийкарында оқымайтуғынын айтты, ҳәм аўылға бирге қайттық.
Арадан бир ай өтти. Бексултанды ата-анасы жоқары оқыў орнында оқыўына көндирипти. Бүгин Бексултан екеўмиз узақ ўақыт сөйлесип отырдық. Себеби ертен ол оқыўға кетип қалады, ал мен…
Сөйтип, ол студент болды. Телефоннан тез-тез сөйлесип турамыз. Ҳәр шемби күни аўылға қайтыўға асығады. Алты күнниң ишинде бир-биримизди қатты сағынамыз. Мен оның дәптерлерин алып, дәптериниң артына өзимниң атымды жазып қойыппан. Ал айырым лекцияларын жазыпта беремен. Бүгин екшемби. Әдеттегидей оқыўына кетти. Қыймай және шембигеше хошластым.
Арадан және бир ҳәпте өтти. Бүгин шемби. Көзлерим жол тәрепте. Себеби Бексултан оқыўынан үйине қайтыўы керек. Жол тәрепте көп күттим. Бексултан бүгин аўылға қайтпады. Телефонына қайта-қайта қоңыраў қылып атырман. Өширилген.
(даўамы II-бөлимге өтиў)
Қарақалпақстаным
Қ-ушағыңда туўылып камалға келдим, А-на сүтин емип тәрбия көрдим, Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы, А-лла көз тиймесин бахтыма мениң....
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Жуўапсыз мухаббат
Мен сизди сүйемен сүйгеним рас Сиз мени ҳеш қашан сүймесеңизде Күте-күте көзлерим талыпты бираз, Бул дүняға қайта келмесеңизде....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....